Forward from: Косыкларым, бар байлыгым
Өсекши досқа
(бир жақын достымның илтимасы менен жазылды)
Достым, аўа достай болдық бурында
"Түпәләм!" Деп қояр едим ырымға
Бирақ маған қылған исиңди көрип
Сеннен бираз қорқып қалдым шынында
Қол келипти саған аңсыз қалғаным
Өсекшилик сүйер екен талғамың
Көралмаслығыңа қапа емеспен
Аўыр батты аяғымнан шалғаның
Қыйналса тек тынбас жағың қыйналды
Лап демепсең ҳеш аўзыңа сыйғанды
Олар сеннен кеткенине көп болған
Танымайсаң инсап пенен ийманды
Шықса биреў, әтирапқа бақыр деп
"Кимге мийрим керек болса шақыр!" деп
Сол мийримди тарқатса да тегинге
Сен ойлайсаң пулға сатып атыр деп
Ойлап-ойлап келдим соңғы шараға
Суўықшылық түсти бүгин араға
Ем излеймен кеўлимдеги, сол сениң
Тикен тилиң тырнап салған жараға
Күлгим келер көзгөреки алдасаң
"Ҳүжданым таза" деп ақыл алмасаң
Таза болмай не қылады ҳүжданың?!
Туўылғалы сирә пайдаланбасаң
Айып излемейик ҳасла заманнан
Бир сораўды өткерип көр санаңнан
Күни келип усылайынша қартайсаң
Ким ақыл сорайды сендей наданнан?!
Адамгершиликтиң жетип паяны
Көп ақсапты ақылыңның аяғы
Қәдирданлық булағынан нәр алған
Сол достымды сағынаман баяғы
Жүрер жолың усы болса, жақсы бар!
Достың сени бир ўақытқа тапсырар
Бул өмирде шын жүректен қоллаўшы
Бахтымызға аман болсын жақсылар!
Жангелдиев Ниетулла (ойшыл)
18.10.2011ж
@oyshil_qosiqlari
(бир жақын достымның илтимасы менен жазылды)
Достым, аўа достай болдық бурында
"Түпәләм!" Деп қояр едим ырымға
Бирақ маған қылған исиңди көрип
Сеннен бираз қорқып қалдым шынында
Қол келипти саған аңсыз қалғаным
Өсекшилик сүйер екен талғамың
Көралмаслығыңа қапа емеспен
Аўыр батты аяғымнан шалғаның
Қыйналса тек тынбас жағың қыйналды
Лап демепсең ҳеш аўзыңа сыйғанды
Олар сеннен кеткенине көп болған
Танымайсаң инсап пенен ийманды
Шықса биреў, әтирапқа бақыр деп
"Кимге мийрим керек болса шақыр!" деп
Сол мийримди тарқатса да тегинге
Сен ойлайсаң пулға сатып атыр деп
Ойлап-ойлап келдим соңғы шараға
Суўықшылық түсти бүгин араға
Ем излеймен кеўлимдеги, сол сениң
Тикен тилиң тырнап салған жараға
Күлгим келер көзгөреки алдасаң
"Ҳүжданым таза" деп ақыл алмасаң
Таза болмай не қылады ҳүжданың?!
Туўылғалы сирә пайдаланбасаң
Айып излемейик ҳасла заманнан
Бир сораўды өткерип көр санаңнан
Күни келип усылайынша қартайсаң
Ким ақыл сорайды сендей наданнан?!
Адамгершиликтиң жетип паяны
Көп ақсапты ақылыңның аяғы
Қәдирданлық булағынан нәр алған
Сол достымды сағынаман баяғы
Жүрер жолың усы болса, жақсы бар!
Достың сени бир ўақытқа тапсырар
Бул өмирде шын жүректен қоллаўшы
Бахтымызға аман болсын жақсылар!
Жангелдиев Ниетулла (ойшыл)
18.10.2011ж
@oyshil_qosiqlari