ҚР Фермерлер кеңеси


Channel's geo and language: not specified, not specified
Category: not specified


Қарақалпақстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесиниң рәсмий каналы

Related channels  |  Similar channels

Channel's geo and language
not specified, not specified
Category
not specified
Statistics
Posts filter


Forward from: Karakalpakstan.uz
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Нөкис қаласы ҳәм барлық район ҳәкимликлериниң рәсмий телеграм каналларына ағза болың ҳәм аймақлардағы ең соңғы жаңалықларды бақлап барың!

Министрлер Кеңеси 👉🏻 t.me/QResMinistrlerKenesi
Нөкис қаласы 👉🏻 https://t.me/nukuspress
Əмиўдәрья районы 👉🏻 t.me/amudarya
Беруний районы 👉🏻 t.me/beruniy_news
Қараөзек районы 👉🏻 t.me/QaraozekHakimligi
Кегейли районы 👉🏻 t.me/kegeylirkuzofficial
Қоңырат районы 👉🏻 t.me/qongiratrkuz
Қанлыкөл районы 👉🏻 t.me/kanlikulnews
Мойнақ районы 👉🏻 t.me/MuynakPress
Нөкис районы 👉🏻 t.me/Aqmangituz
Тахтакөпир районы 👉🏻 t.me/taxtakopir_xakimiyati
Төрткул районы 👉🏻 t.me/turtkulhokim_uz
Хожели районы 👉🏻 t.me/xodjeyli_rk
Тақыятас районы 👉🏻 t.me/taqiyatasrk
Шымбай районы 👉🏻 t.me/shimbayrk
Шоманай районы 👉🏻 t.me/shomanay_rayon
Елликқала районы 👉🏻 t.me/ellikqala1977
Бозатаў районы 👉🏻 t.me/bozataw_uz

Каналға ағза болыў: @QResMinistrlerKenesi




АЎЫЛ ХОЖАЛЫҒЫ ТЕХНИКАЛАРЫ БОЙЫНША КӨРГИЗБЕЛИ СЕМИНАР ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЛДИ

Усы жылдың 29-январь күни «Ўзагролизинг» акционерлик жәмийетиниң Қарақалпақстан Республикасындағы диллерлик орайында көргизбели семинар шөлкемлестирилди. Онда район ҳәкимлери орынбасарлары, фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси районлық басшылары, агрокластер кәрханалары ҳәм МТП басшылары, аўыл хожалығы техникаларын ислеп шығарыўшы кәрханалар ўәкиллери, фермер хожалығы басшылары қатнасты.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының Аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары С.Хожаметов, «Ўзагролизинг» акционерлик жәмийети Басқарыўы баслығы Б.Каримовлар шығып сөйлеп, жыйналғанларға аўыл хожалығы техникалары ҳәм оларды лизинг шәртлери менен алыў бағдарында кең түрде түсиник берди.

Семинарда барлық түрдеги заманагөй аўыл хожалығы техникалары ҳәм агрегатларының көргизбеси, сатып алыў бойынша лизинг шәртлери, субсидия бериў тәртиби ҳәм басқа да аўыл хожалығы техникаларына арналған презентациялар жыйналғанларға усынылды.

- Аўыл хожалығы техникалары тараўда нәтийжели жумыс алып барыўдың кепиллиги есапланады. – дейди Қарақалпақстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси баслығы Қ.Нурымбетов. –Бүгингидей сынаўлы дәўирде халықтың азық-аўқат қәўипсизлиги ҳәм сапалы аўыл хожалығы өнимлери менен тәмийнлениўи бағдарында алдымызда үлкен ўазыйпалар турыпты. Бул ўазыйпаларды атқарыўда егислик майданларда мийнет етиўшилер ушын техникалар оғада зәрүр болып есапланады. Айтып өтиў орынлы, быйылғы жылда Қарақалпақстан Республикасына белгиленген реже тийкарында «Ўзагролизинг» акционерлик жәмийети тәрепинен 138 миллиард сумлық 457 аўыл хожалығы техникалары жеткерип берилиўи нәзерде тутылған болып, булар қатарында жер майданлары менен ислесиўши ҳәр қыйлы тракторлар ҳәм өнимди тәрбиялап өсириўде пайдаланылатуғын қосымша үскенелер орын алған.

Илаж даўамында фермер хожалықлары ҳәм тараў ўәкиллери диллерлик орайы менен аўыл хожалығы техникаларын сатып алыў бойынша шәртнамаларын дүзди.

Қарақалпақстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм
қыйтақ жер ийелери кеңеси баспасөз хызмети

👉👉👉 https://t.me/qr_fermerlerkenesi




📊 2020-жылда Қарақалпақстанда қанша картошка жетистирилген?

🏢 Мәмлекетлик статистика комитети мағлыўмат бериўинше, 2021-жылдың 1-январь жағдайына бола республикамызда 3,1 млн тонна картошка жетистирилген.Өткен жылға салыстырмалы өсиў көрсеткиши 101,7 процентке тең. Бул ҳаққында kun.uz дың Қарақалпақстандағы хабаршысы хабар берди.

Аймақлар кесиминде жетистирилген картошка көлеми төмендегише: ⤵️

🔸Қарақалпақстан Р. – 85,7 мың тонна
🔸Андижан – 376,5 мың тонна
🔸Бухара – 222,7 мың тонна
🔸Жиззах – 82,3 мың тонна
🔸Қашқадәрья – 176,7 мың тонна
🔸Наўайы – 80,4 мың тонна
🔸Наманган – 289,0 мың тонна
🔸Самарқанд – 626,3 мың тонна
🔸Сурхондәрья – 331,5 мың тонна
🔸Сирдәрья – 61,3 мың тонна
🔸Ташкент – 367,1 мың тонна
🔸Ферғана – 318,1 мың тонна
🔸Хорезм – 126,2 мың тонна

👉👉👉 https://t.me/qr_fermerlerkenesi


Жаңа жойбарлар ушын миллиардлар ажыратылады

Өзбекстан Республикасы Президентиниң быйылғы жылдың 27-январында қабыл етилген «Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелерин қаржылық қоллап-қуўатлаў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы қарары фермер, дийқан хожалыклары ҳәм қыйтақ жер ийелери жумыс алып барыўының нәтийжелилигин еле де арттырыўға қаратылған. Бул ҳүжжетте Өзбекстан фермер, дийқан хожалыклары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси алдындағы Фермер, дийқан хожалыклары ҳәм қыйтақ жер ийелерин қоллап-қуўатлаў фондының 413 миллиард сум муғдарындағы қаржылары коммерциялық банклер арқалы кредитке бағдарланыў атап өтилген.

– «Микрокредитбанк», «Агробанк» ҳәм АТ “Халқ банки” менен биргеликте алдын ажыратылған кредит қаржыларының сөндирилген бөлеги есабынан жаңа жойбарлар ушын кредит қаржылары ажыратылады, - дейди Фермер, дийқан хожалыклары ҳәм қыйтақ жер ийелерин қоллап-қуўатлаў фонды атқарыўшы директоры орынбасары. –Сондай-ак, мамлекет бюджетиниң қоллап-қуўатлаўға тартылатуғын халық аралық қаржы институтлары ҳәм шет ел ҳүкиметлик қаржы шөлкемлериниң қарыз қаржылары есабынан 200 миллиард сум ажыратылады.

Усыған бола, быйылғы жылдын режеси ислеп шығылып атыр. Соннан, 32 район халқына кеминде 12 жөнелисте 58 миллиард сум ажыратылады. Нәл таярлаў теплицасын қурыў, агротехника ҳәм қуралларын сатып алыў, музлатқышлы қоймахана шөлкемлестириў, кептириў, ҳәм сайлап алыў үскенелерин орнатыў усылар қатарына киреди.

Бунда 450 мың хожалық қамтып алынып, 16 гектарда нәлшилик теплицасы, 6 400 тонна өним сақлаў қоймаханасы, 48 000 тонна қыйтақ жерде жетистирилген өнимди қайта ислеў қуўатлары жаратылады.

«Темир дәптер»ге киргизилген 8 мыңнан артық шаңарақларға, ҳаял-қызлар ҳәм жасларға ықшам теплица қурыў, қусшылық, қоян ҳәм пал ҳәрре жеткерип бериў, халықтың қыйтақ жерлеринде тоқсонбости егинлер, чеснок ҳәм баў-бақша егинлерин егиў ҳәм де артезиан қудықларын қазыўға 76 миллиард сум бериледи. Бунда 24 мың хожалыққа тўқсонбости егинлер, чеснок хәм баў-бақша егинлерин егиў, 2-3 мәрте өним алыў имканиятын жаратылады.

Және бир гәп, 16 миллиард сум Қытай тәжирийбеси тийкарында аўыл хожалығы кооперативлериниң мың гектардан аслам жерлерин пайдаланыўға киргизиў арқалы 350 гектар интенсив бағ ҳәм жүзимзар, 650 гектардан артық майданға баў-бақша, собықлы, палыз ҳәм баска егинлерди егиўге жумсалады. Нәтийжеде 19,5 мың адамның бәндлиги тәминленип, шаңарақларда орташа 20-25 миллион сумнан дәрамат алып, қыйтақ жерде жетистирилген 30 миллион доллар муғдарындағы өнимлерди экспорт етиўге ерисиледи.

Сондай-ақ, 50 миллиард сум қаржы шаңарақларға лимоншылық теплицаларын шөлкемлестириўге ажыратылыўы нәзерде тутылмакта. Бунда, 3 500 шаңарақта 70 гектар жер майданында теплицалар қурылып, 77 000 дана лимон нәллери егиледи.

Фонд «Микрокредитбанк», «Агробанк» ҳәм де Халқ банклери арқалы дәслеп ажыратылған кредит қаржыларының сөндирилген бөлеги есабынан 165 миллиард сумды жаңа жойбарларды қаржыландырыў ушын ажыратады.

Фонд бағларды шөлкемлестириўде де актив қатнасады. Мысал ушын, Әндижан ўәлаятында 120 гектар, Қашқадәрья ўәлаятында 50 гектар, Наўайы ўәлаятында 35 гектар, Самарқанд ўәлаятында 50 гектар, Ферғана ўәлаятында 50 гектар, Хорезмм ўәлаятында 100 гектар жер майданында интенсив бағ ҳәм жүзимзарлар шөлкемлестириледи. Олар «Темир дәптер»ге киргизилген шаңарақларға кредит ҳәм лизинг тийкарында бериледи.

Қыйтақ жер хожалықлардында жетистирилген өнимлер сатылыўын шөлкемлестириў мақсетинде халық көп мәҳәллелерде 5-30 тонналық музлатқышлы қоймаханаға ийе 1 200 дала дүканлары қурылады ҳәм де оның тийкарында агротехникалық илажларды әмелге асырыўшы мини қыйтақ жер хызметлери шөлкемлестириледи.

Бул сыяқлы ўазыйпалар ҳәм режелердиң әмелге асырылыўы себепли бүгинги сынаўлы дәўирде азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийнлеў, халықтың аўыл хожалығы өнимлерине болған талабын қанаатландырыўға ерисиледи.

Сайёра Шоева, ӨзА

👉👉👉 https://t.me/qr_fermerlerkenesi


Жасларға жер ажыратылады

Өзбекстан Республикасы Президенти басшылығында усы жылдың 27-январь күни жаслар бәндлигин тәминлеў бойынша видеоселектр жыйналысы болып өтти. Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси баслығы А.Хаитов өзиниң телеграм каналында бул ҳаққында хабар берди. Оның хабарлаўынша президентимиз усы бағдарда бир қанша тапсырмалар берди.

📉Жаслардың бәндлигин тәмийнлеў ушын олар мийнет базары талабына бола кәсип-өнерге үйретиледи, дийқаншылық ушын өнимдар жерлерден 1 гектарға дейин ажыратылады.

📉Исбилерменлигин басламақшы болған жаслардың мини-технология ҳәм үскенелер сатып алыўы ушын субсидия ажыратыў, кредит алыўға қамсызландырыў төлеми бойынша көмеклесиў ҳаққында тапсырмалар берилди.

📉Бандликти тәминлеўде ең үлкен резервлерден бири дийқаншылық ислеў ушын жер ажыратыў.

📉Ендигиден былаў ҳәр 10 гектар егислик жерден 1 гектарын жасларға дийқаншылық ислеў ушын ажыратыў тәртиби енгизиледи.

📉Сондай-ақ, қудықлар қазып, резерв жерлерди жасларға пайдаланыў ушын бериў, қыйтақ жерде лимоншылық, қусшылық, қояншылық, пал ҳәррешилик ислеўи ушын кредитлер ажыратылады.

📉Жаслардың бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў, қәбилетин жүзеге шығарыў ушын зәрүрли мүмкиншиликлер жаратылады.

📉Жаслар бәндлигин тәминлеўде белсендилик көрсеткен исбилерменлер, фермерлер, шөлкемлер хошаметленип барылады.

👉👉👉 https://t.me/qr_fermerlerkenesi


Forward from: Qaraqalpaqstan | Kun.uz
Қорақалпоғистонда қанча қўй ва эчки бор?

🐑 ▪️Давлат статистика қўмитаси маълумотларига кўра, 1 январ ҳолатига республикада 22,5 млн бош қўй ва эчки боқилмоқда. Шундан 1,2 млн боши Қорақалпоғистон Республикаси ҳиссасига тўғри келади.

🐓 ▪️Шунингдек, 1 январ ҳолатига республикада боқилаётган 90,1 млн бош парранданинг 4,8 млн боши Қорақалпоғистонда.

🐄 ▪️1 январ ҳолатига Қорақалпоғистонда боқилаётган сигирлар сони эса 332,6 минг бошни ташкил этган.

👉 Қорақалпоғистон хабарлари


Бүгинги күнде халқымызға сапалы баў-бақша ҳәм мийўе-палыз өнимлерин жеткерип бериў бойынша унамлы жумыслар әмелге асырылмақта. Усындай ийгиликли ислердиң бири бул мәҳәллелерде, фермер ҳәм дийқанларымыздың атыз майданлары әтирапларында жеңил конструкциялы дала дүкәнлары ҳәм киши сыйымлы музлатқыш қоймаханаларын қурыў болып есапланады.

Бүгинги күнде республикамыз аймағында жәмии 145 усындай жеңил конструкциялы дала дүканлары ҳәм музлатқышлы қоймаханалар қурылыўы режелестирилген болып, улыўма баҳасы 4 млрд 140 млн сум қаржы ажыратылыўы нәзерде тутылған. Соннан 2 млрд 700 млн сум қаржы жумсалып, 92 дала дүканы қурылысы жуўмақланды.

Қарақалпақстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси жергиликли фермер ҳәм дийқан хожалықлары ҳәм басқа да жеңил конструкциялы дала дүканлары ҳәм музлатқышлы қоймаханаларды қурыў басламасы менен шыққан исбилерменлерге бундай ийгиликли ислерди әмелге асырыўшыларды қоллап қуўатлайды.

👉👉👉 https://t.me/qr_fermerlerkenesi


Forward from: QARAQALPAQSTAN KADASTR
Төмендеги жағдайларда кадастр паспортын рәсмийлестириў бийпул әмелге асырылады:

👉https://makan.uz/kk/article/16091

TelegramFacebookInstagramYoutube


Forward from: Фермер, деҳқон ва томорқачи
Video is unavailable for watching
Show in Telegram
дарахтдек ўсган Помидор 🍅

“Sevimli” телеканалида эфирга узатилаётган “Xayrli oqshom” кўрсатувининг навбатдаги сонида булунғурлик тадбиркор Шерали Холдоров ўз тажрибалари билан ўртоқлашди.

https://t.me/Bulungur_press


Қыйтақ жер менен шуғылланыў раўажланыўы тәмийнленеди

Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтак жер ийелери кеңесинде де Президентимиздиң Олий Мажлиске ҳәм халқымызға жоллаған Мүрәжатнамасына арналған видеоанжуман өткерилди.

Илажда аграр системада орынланыўы шәрт болған алдағы ўазыйпалар анық белгилеп алынды.

- Орынларда артезиан қудықларды қурыўдың мәнзилли бағдарламасына бола, аймақларда қудықлар иске түсирилди, - дейди Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтак жер ийелери кеңеси баслығы орынбасары Абдушокир Раҳимов. – Сондай-ақ, 133 мың гектар яки өткен жылға салыстырмалы 2 есе көп майданда суўды үнемлейтуғын технологиялар орнатылды. Быйылғы жылда қудықлар ҳәм суў үнемлейтуғын технологиялар санын еле де арттырыў нәзерде тутылған.

- Ел басшымыз Мүрәжатнамасын алыс аймақларда жасаўшы әпиўайы халықтан баслап, жуўапкер лаўазымда мийнет етип атырған басшы хызметкерлерге дейин дыққат пенен тыңлады, - дейди аўыл хожалығы илимлериниң кандидаты Ҳусан Ғиёсов. – Әсиресе, Мүрәжатнаманың күтилмеген пикирлерге бай болғаны, соннан, камбағаллықты қысқартыў ҳәм аўыл халқы дәраматларын көбейтиўде ең тез нәтийже беретуғын фактор – аўыл хожалығында өнимлилик ҳәм нәтийжелиликти кескин арттырыўға каратылғаны есапланады.

Мәмлекетимиз басшысы 2021-жылда барлық аймақларда аўыл хожалығында билим ҳәм инновациялар орайларын жаратыў ҳаққында көрсетпе берди. Бул орайлардаа 100ден артық агрохызметлер көрсетиў, соннан, жерлердиң сапасын жақсылаў, кеселликлерге қарсы гүресиў, туқымларды таңлаў ҳәм басқа хызметлер «бир айна» өлшеми тийкарында әмелге арылады.

Усы жылдан аўыл хожалығын модернизациялаў, санлыластырыў, жердиң өнимдарлығын арттырыў, заманагөй технологияларды енгизиўге биринши мәрте 600 миллион доллардан артық кредит ҳәм грант қаржылары тартылды – дейди Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтак жер ийелери кеңеси ўәкили Вафо Латипов.– Бул да быйылғы жылда фермерлик ҳәм қыйтақ жер менен шуғылланыўшыларымыз еле де көбирек мийнет етип, мол өним жетистириў ушын жаратылатуғын жеңилликлерден бири есапланады.

«Бир мәҳәлле – бир өним өлшеми» тийкарында быйылғы жылда бир қатар районларда ҳәм де барлық аймақлардағы 1639 мәҳәлле ҳәм пуқаралар жыйынлары үйлерин белгили түрдеги өнимлер жетистириўге қәнигелестириў, еки ҳәм үш мәрте өним алыў жолға қойылады.

С.Шоева, ӨзА
Аўдарма
👉👉👉 https://t.me/qr_fermerlerkenesi


Бүгинги күнде фермер хожалықлары менен бир қатарда 342335 дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери жер майданларында мийнет етпекте. Жер майданларынан нәтийжели пайдаланыўда фермер хожалықлары менен бир қатарда қыйтақ жер ийелери ҳәм дийқан хожалықлары да өним жетистириўди, бир жылдың ишинде бир неше мәрте өним алыўды жолға қоймақта.

👉👉👉 https://t.me/qr_fermerlerkenesi


Билесизбе?

2020-жыл ушын Қарақалпақстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси тәрепинен 50 аўыл хожалығы пидайысы көкирек нышаны тапсырылған.

Яғный, «Алдынғы фермер» көкирек нышаны менен 22, «Мийнеткеш дийқан» көкирек нышаны менен 10 , «Үлгили қыйтақ жер ийеси» көкирек нышаны менен 18 аўыл хожалық пидайысы сыйлықланған.

👉👉👉 https://t.me/qr_fermerlerkenesi


Ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан Республикасы аймағында 5116 фермер хожалығы, соннан пахташылық ҳәм ғәллешилик жөнелиси бойынша 2444, баў-бақша ҳәм палыз өнимлерин жетистириў жөнелиси бойынша 520, ғәллешилик ҳәм баў-бақша өнимлерин жетистириў жөнелиси бойынша 504, бағшылық ҳәм жүзимгершилик жөнелиси бойынша 281, шәрўашылық жөнелиси бойынша 869, ҳәм басқа жөнелислер бойынша 498 фермер хожалықлары әмелде өз жумысын алып барып атыр.

👉👉👉 https://t.me/qr_fermerlerkenesi


Енди Өзбекстанда мүлк ийелеринен жерди нызамсыз алып қойған лаўазымлы шахслар 8 жылға шекем қамаққа алынады

Шавкат Мирзиёев тәрепинен «Жер участкаларын нызамсыз түрде алып қойғаны ушын жуўапкершилик күшейттирилгени мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасыныӊ айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамға қол қойылды.

Нызам менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы ҳәм Жынаят кодекслерине қосымшалар киргизилмекте. Атап айтканда, ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске киргизилген қосымшаларға бола, жерди нызамсыз түрде алып қойған лаўазымлы шахсларға БЕМниӊ 100 есесинен 150 есесине шекем (22,3 млн сўмнан 33,4 млн сўмға шекем) жәрийма салыныўына себеп болады.

Жерди нызамсыз түрде алып қойыў, мүлк ийесине жүдә көп муғдарда зыян келтирилген жағдайда ямаса көпшилик ушын қәўипли болған усылда исленген болса, тийисли ҳуқықтан айырып 5 жылдан 8 жылға шекем азатлықтан айырыў жазасы менен жазаланады.

Егер усы ҳуқықбузарлық мүлк ийесине жеткерилген зыянныӊ орны алдыннан ҳәм толық қапланбаған жағдайда имәратлардыӊ бузып тасланыўына алып келсе, лаўазымлы шахсларға БЕМниӊ 150 есесинен 200 есесине шекем (33,4 млн 44,6 млн сўмға шекем) муғдарда жәрийма салыныўы мүмкин.

Аўдарма

👉👉👉 https://t.me/qr_fermerlerkenesi


Айтып өтиў орынлы, өткен жыллар даўамында аўыл хожалығы тараўларында әмелге асырылған реформалар нәтийжесинде аўыл хожалығы өнимлериниң 99 процентинен артығы фермер ҳәм дийқан хожалықлары ҳәмде қыйтақ жер майданларында жетистирилиўине ерисилди.

Бул бағдардағы жумыслардың нәтийжелилигин буннан былай да жетилистириў мақсетинде «Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери жумыс алып барыўын жетилистириў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары қабыл етилген.

👉👉👉 https://t.me/qr_fermerlerkenesi


2017-жылы 9-октябрьде «Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў, аўыл хожалығы егислик майданларынан нәтийжели пайдаланыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў ис-илажлары ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Президенти пәрманы қабыл етилген еди.

Оған тийкарланып,бул бағдардағы баслы жөнелислер белгилеп берилген ҳәм Өзбекстан фермерлер кеңеси конференциясы қарарына муўапық Өзбекстан фермерлер кеңеси Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси сыпатында, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм районлар фермерлер кеңеслери тийисли тәртипте Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм районлар фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеслери сыпатында қайта дүзилгенлиги айтып өтилген.

👉👉👉 https://t.me/qr_fermerlerkenesi


Қарақалпақстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси телеграм каналына хош келипсиз!

Бул канал арқалы Кеңес тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар, жаңалықлар ҳәмде тийисли тәртиптеги нызам ҳәм нызам асты ҳужжетлери бойынша хабарларды көрип барасыз.

19 last posts shown.

72

subscribers
Channel statistics