СЫРЛАСЫЎ.
(Өзбекстан республикасы қаҳарманы, шайыр Ибрайым Юсуповқа.)
Бизлер қосықты, сөзлерди көмдик,
Қосықты сүйген көзлерди көмдик.
Еле айтылмаған жүрек төринде,
Муқәддес сөзлер! сизлерди көмдик.
Қосықлар еңиреп енди жылап тур,
Ана тил изиңнен бозлап қарап тур.
Шайырым қайтадан туўылармысаң
Халқың қосық күсеп сени сорап тур.
Айтқан сөзиңизди самаллар айтып,
Жайҳунды жағалап келеди қайтып.
Сиз барда Поэзия тынық көл еди,
Енди биразлар жүр оны ылайтып.
Сөзлер алтын менен барабар еди,
Сөзлер кеўиллерге таралар еди.
Әпиўайы ғана бөлмеңиз иши,
Өлмес қосықлар жаралар еди.
Ҳәзир дәптерлери жаўылмай турып,
Еле оқырманы таўылмай турып.
Қабири ҳәпзамат тайын болмақта,
Қосықлар шайырдан туўылмай турып.
Қосықлар жырбаңлап уялмас енди,
Былшырақ сөзлерди тыялмас енди.
Қосық жазып жүрген бираз "шайырлар",
Сиз барда "шайырман" дей алмас еди.
Дизем жара болғай сизге жүгинсем,
Ҳәр бир сөзиңизге терең үңилсем.
Шайыр деп айтпағай мени ҳеш қашан,
Жазған қосығымнан өзим түңилсем.
Ашық есик поэзия майданы,
Қосық излер өзин көрер айнаны.
Қосықпан дер бунда гилгий төрт қатар,
Әдебяттың шығып атыр ўайраны.
Сизиң рухыңыз сиңген есиклер,
Қосықты шайқаған уллы бесиклер.
Түслерине кирип шоршып кетгей-дә,
Кеўил шырақлары мәңги өшиклер.
Қосық сүйерлерди қалғытып атыр,
Ортаға шийки сөз зыңғытып атыр.
Бәримиз кеширим сораймыз сизден,
Поэзия тап ҳәзир шаңғытып атыр...
2022-жыл. 20-октябрь.
Абат Крамов.
Каналымыз:
@Kramov_Abatbay_poeziya