Исмайыл Сейтмамут улы 1883 жылы Таллық бойында туўылған.
Қарақум-ийшан медресесинде 1900-04 жыллары оқыған.
Диний лаўазымларда болмаған - молла деген тек аты.
Өмир бойы дәслеп өз меншигинде, соңынан колхозда дийқаншылық пенен шуғылланған.
Лаўазымы - жоңышқа бригадасын басқарған.
Урыс жыллары рабочий батальонда
Челябинскте жумыс ислеп қайтқан.
1966 -жылы 83 жасында әлемнен өтти.
Әкеси - Сейтмамут-ахун Бухарадағы медреселердиң бирин питкерген,
Жыззақ таўлары әтирапындағы қарақалпақ-балғалылардың аўылында бираз жыл молла турып, соң елге қайтқан.
Сейтмамуттың иниси Зәкир-ахун,
ол Хийўада оқыған.
Мойнақтағы Зәкиркөл, Тикөзек әтираплары бул адамлардың жайлаған жерлери болған.
Ақбалғалы урыўының адамлары.
Мағлыўмат бериўши: Сағынбай ИБРАГИМОВ.