#Заманагөй қайын енелер ҳәм келинлерге
#Билип қойған жақсы
Қызылша шыққан баланың үстине кириў қадаған. Сол үйдиң иргесине пахта илдирип қояды, белги ретинде.
Бала қуса берсе,шешеси биреўдиң алып киятырған суўын төгип, ашыўландырса қояды.
Балаға айдың сәўлеси түссе шоршығыш келеди.
Бир жерге барып сол жерден мәнисиң болмай келсең яки туўыў үйинен, емлеўханадан келсең, үйге от атлатып кириў керек.
Нәрестелердиң кийимин қараңғы түспей, ай шықпай турып үйге киргизиў зәрүр. Сонда бала шоршымай уйықлайды.
Қандай адам болсада шийки гөштиң қасында уйықлап қалыўына болмайды. Гөштиң ийиси урып адам жинли сүрейленип кетиўи мүмкин.
Таза жайға киргенде яки көптен берли адам отырмаған жайға көшип келгенде, жайдың ишин от пенен аласлап, әдираспан түтетип шығыў керек.
Босанған ҳаялды жалғыз таслап кетпеў тийис.
Нәрестениң аўзынан суў аға берсе, бир үйдиң жалғыз қызына қайшы менен нәрестениң көз алдында "Меннен қаш,меннен қаш"деп бир затты қыйып атырғандай ҳәрекет ислеттирсе қоядымыш.
Ырым барлық халықларда да бар. Әсиресе қарақалпақ халқы жүдә ырымшыл келеди. Буның ҳеш бир зәлели жаман жери жоқ.
Журналист А. Әбдиевтың жыйнап, таярлаған "Қарақалпақ ырымлары" китабынан алынды.
Нөкис қаласы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: https://t.me/nukuspress