АЎЫЛ ХОЖАЛЫҒЫ ТЕХНИКАЛАРЫ БОЙЫНША КӨРГИЗБЕЛИ СЕМИНАР ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЛДИ
Усы жылдың 29-январь күни «Ўзагролизинг» акционерлик жәмийетиниң Қарақалпақстан Республикасындағы диллерлик орайында көргизбели семинар шөлкемлестирилди. Онда район ҳәкимлери орынбасарлары, фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси районлық басшылары, агрокластер кәрханалары ҳәм МТП басшылары, аўыл хожалығы техникаларын ислеп шығарыўшы кәрханалар ўәкиллери, фермер хожалығы басшылары қатнасты.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының Аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары С.Хожаметов, «Ўзагролизинг» акционерлик жәмийети Басқарыўы баслығы Б.Каримовлар шығып сөйлеп, жыйналғанларға аўыл хожалығы техникалары ҳәм оларды лизинг шәртлери менен алыў бағдарында кең түрде түсиник берди.
Семинарда барлық түрдеги заманагөй аўыл хожалығы техникалары ҳәм агрегатларының көргизбеси, сатып алыў бойынша лизинг шәртлери, субсидия бериў тәртиби ҳәм басқа да аўыл хожалығы техникаларына арналған презентациялар жыйналғанларға усынылды.
- Аўыл хожалығы техникалары тараўда нәтийжели жумыс алып барыўдың кепиллиги есапланады. – дейди Қарақалпақстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси баслығы Қ.Нурымбетов. –Бүгингидей сынаўлы дәўирде халықтың азық-аўқат қәўипсизлиги ҳәм сапалы аўыл хожалығы өнимлери менен тәмийнлениўи бағдарында алдымызда үлкен ўазыйпалар турыпты. Бул ўазыйпаларды атқарыўда егислик майданларда мийнет етиўшилер ушын техникалар оғада зәрүр болып есапланады. Айтып өтиў орынлы, быйылғы жылда Қарақалпақстан Республикасына белгиленген реже тийкарында «Ўзагролизинг» акционерлик жәмийети тәрепинен 138 миллиард сумлық 457 аўыл хожалығы техникалары жеткерип берилиўи нәзерде тутылған болып, булар қатарында жер майданлары менен ислесиўши ҳәр қыйлы тракторлар ҳәм өнимди тәрбиялап өсириўде пайдаланылатуғын қосымша үскенелер орын алған.
Илаж даўамында фермер хожалықлары ҳәм тараў ўәкиллери диллерлик орайы менен аўыл хожалығы техникаларын сатып алыў бойынша шәртнамаларын дүзди.
Қарақалпақстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм
қыйтақ жер ийелери кеңеси баспасөз хызмети
👉👉👉 https://t.me/qr_fermerlerkenesi