ШЫН ГӘП
Тууғаныңа шын гәп жақпаса,
Хаялыңды еслемей-ақ қой,
Расгөй ердиң хәр күни аза,
Ялғаншының өмиринше той.
Сен ярыңа тоқып жибер бәйт,
Гөззалсаң де, айт сен сәрбиназ!
Шын гәпиңди мәжлислерде айт,
Тууры сөзди газийтлерге жаз!
Асың қамлай әкелсе ярың,
"Шийрин екен" деп мақтап жегил,
Рахмет айт, сарпласа барың,
Шағып алса, "Жанымсаң " дегил.
Толып кетсе өкинишке бауыр,
Айланғай ах, налаларыңа,
Хаялыңды "жаным" деп шақыр,
Ол анадур балаларыңа.
Ол жаныңда өмирлик хамдам,
Қурттай ғана айыбы бардур,
Айыбы сол. Ялған болса хам,
Жалғыз шийрин сөзиңе зардур.
Шынын айтсам гуна ялған гәп,
Лийкин гуна толы дуняда,
Ялған-ақ айт хаялды мақтап,
Шын сөз жоқдур оннан зыяда.
Еркин Вахидов
Кеңесбай Каримов аудармасы
@sezdirilmegen_sezimler