#қара_сөз
Фокуслардың сырлары ҳаққында
(III бөлим)
Фокус деген сөздиң этимологиясына қарайық, иглиз тилинен "дыққат" дегенди аңлатады.
Адамның көзи қолға қарағанда тез. Сонлықтан да қол қанша шаққан болса да көзден өте алмайды. Демек қол шаққанлығы менен көзди алдай алмайды. Онда қалай алдайды?
Алдынғы постларда логика, анализ ҳәм дыққатты раўажландырың деген едим ҳәм бир сораў мысалында логика ҳәм анализдиң орнын көрип өттик. Енди дыққатқа тоқталсақ.
Әйне фокусларға келгенде дыққатты раўажландырыў дегенде қай жерге дыққат қаратыўды билиў түсиниледи (басқа көпшилик тараўларда да солай). Себеби көзиңиз қай жерге дыққат қаратыўды билмегени ушын өзинен шаққан болмаған қолдан алданады.
Фокусник дыққатыңыз бенен ойнайды, оны қәлеген тәрепине жөнелтеди. Оң қолында ҳеш нәрсе жоқ екенлигин көрсетип атырғанда шеп қолында (қай жергедур жасырылған) картаны пайда қылады. Кейинги сапар сиз оның еки қолын да дыққат пенен гүзетип турғаныңызда ол әллеқашан картаны аўзына тислеп турған болады.
Қысқасы өзиңиз басқарыўды үйренбесеңиз, дыққатыңызды фокусник басқарады, ал бул болса алданғаныңызды билдиреди.
Жақсылап ойлап көриң, ҳәзир дыққатыңыз қаратылыўы керек жерде ме яки кимлердур жөнелткен жерде ме?
@Poeziya_Abdirashit