#поэзия
Үлкейип кетипсең, достым
Көшелерди бирге шаңғытқан сәттен,
Баслап айтсам басымыздан не өткен..!?
Ал бүгинлиги сөк санап отырсаң,
Ехх достым, үлкейип кетипсең әттең!!!
Талай бир ыдыстан суў ишип едик,
Биз бирге пал, бирге уў ишип едик..,
Бүгин неге жүрсең көк тийин қуўып?
Кеше көкте әрман қуўысып едик!
Ашшы өмирден көп ашшы татыпсаң..,
Пәк кеўлиңди шаң әлемге сатыпсаң..,
Дүнья деген ийиримли балшықтан,
Тарталмай атырман, белден батыпсаң..!!
Билгиш, өз пайдасын билгенлер менен,
Күлсе де ойланып күлгенлер менен..,
(Бизлер қумымызды ойнай берейик),
Қатнаса бер енди үлкенлер менен!!!
Исмайылов Абдирашид
Жазылған сәне: 5.I.2024
@Poeziya_Abdirashit
Үлкейип кетипсең, достым
Көшелерди бирге шаңғытқан сәттен,
Баслап айтсам басымыздан не өткен..!?
Ал бүгинлиги сөк санап отырсаң,
Ехх достым, үлкейип кетипсең әттең!!!
Талай бир ыдыстан суў ишип едик,
Биз бирге пал, бирге уў ишип едик..,
Бүгин неге жүрсең көк тийин қуўып?
Кеше көкте әрман қуўысып едик!
Ашшы өмирден көп ашшы татыпсаң..,
Пәк кеўлиңди шаң әлемге сатыпсаң..,
Дүнья деген ийиримли балшықтан,
Тарталмай атырман, белден батыпсаң..!!
Билгиш, өз пайдасын билгенлер менен,
Күлсе де ойланып күлгенлер менен..,
(Бизлер қумымызды ойнай берейик),
Қатнаса бер енди үлкенлер менен!!!
Исмайылов Абдирашид
Жазылған сәне: 5.I.2024
@Poeziya_Abdirashit