#поэзия
Пайдадан не пайда?
Елеслерден шаршайды көзлер.
Гүреслерден шаршайды сөзлер.
Алыслардан биз сыбырласақ,
Қулақларды аңсайды сөзлер.. .
Дәлийллеўден шаршайды тиллер,
Тастыйқлаўдан жалығар үнлер.
(Биреў жулып, биреў ийискесе,
Безер сулыў болыўдан гүллер)!
Уғылыўдан қашып уғымлар,
Уя болып қалар қурымлар.
Еки жарты "Биз пүтинбиз" деп,
Пүтинленбей кетер ярымлар.
Жүрек - насос, өзин билмейди..,
Дәртлер қалған сезинилмей де!!!
"Пайда" "Зыян" тилде еки сөз,
Сезим күтип көзин илмейди.
Өзиң қайда, өзегиң қайда!?
Топырақ - өлең төсегиң қайда?!
Жазмышты жазардай терлейсең,
Ийман қайда, исеним қайда?
Услап алып дизгинниң бәрин,
Түн уйқыңды аз қылғанларың..,
Жол соңында жаныңнан таппа,
Гил шайтанның азғырғанларын!!!
Кеўлиңдеги дақлар.., нағыслар..,
Мәңги ме бул жарыс, қағыслар..,?
Ығып турыў керек ҳәр гезде,
Бир әзелий уллы ағыс бар.
Әмел болмас қәлем жазылмай.
Дәрт жазылмас бир ем жазылмай.
Кеўил деген компасқа қара,
Ислеп турған болса бузылмай.
Бирақ,
Пайдасы жоқ саған айтқанның,
Себеби,
Сен тек ғана пайда гөзлейсең...
Исмайылов Абдирашид
Жазылған сәне: 1.I.2024
@Poeziya_Abdirashit