Шайыр Тенелбай Сарсенбаев


Гео и язык канала: не указан, не указан
Категория: не указана


Шайыр косыклары

Связанные каналы

Гео и язык канала
не указан, не указан
Категория
не указана
Статистика
Фильтр публикаций


Төлепберген Мәтмуратов ҳәм әкем.


Репост из: ˢᵐⁱˡᵉʸ🎅


ШАЙЫР ТЕҢЕЛБАЙ СӘРСЕНБАЕВ


ШЫҢЛАНЫЎ

Арысланға-әй,-деген жумыры жүректей,
Бир жерден "дүт" берер ўақтың-әм келди.
Тастүнекти бузар таңғы тилектей,
Гүўлеп кетпейсең бе йошларым енди?!...

Гүўлеп кетпейсең бе уллы халқыңның,
Жүрсе аяқ жетпес кең даласында!
Сен дийип шыңларға қанша талпындым,
Еки қабат жайымның айналасында.

Жулдыз зийреклигин жәмлеп бойыма,
Гәпин айтқым келип усы шаңлақтың-
Жоқ жерден дүбелей кирип бойыма,
Ашығым,мен сени қанша толғаттым?!

Бәлким,заманамның искенжесинен,
Еки ийним аз-кем түсинки шығар!
Мен сеннен безбеймен,безбе сен меннен,
Қаршадай басымнан бас қосқан нигар!

Кел,оннан да қуйын киби уйтқысып,
Қосық пенен көлбетейик яр-досты,
Адамзаттың көкирегиниң уйтқысы,
-Шайыр қайдан тапқан,-десин,бул йошты...


ҚОЗҒАЎ

1
Ашыл,батыл болған булақлар бүгин,
Муза қустай сергит саңраў қулақты.
Бес жыл-бес әсирдиң арқалап жүгин,
Ақыры заманымыз баратыр қатты.

Сақыйлық саз саўда,бақыллық батыл,
Кеўиллер ағылса қәне гүўендей.
Ҳәрким өз ҳалынша тырбанып атыр,
Әрманы атаның жоғын түўеллеў.

Бәри емес,әлбетте, бар барларында,
Айды арқан бойлы жерге әкелген.
Мына кең дүньяның қыйлы қалына,
Ашық бола тура болмадым мерген.

Алп техника! Тум-тусым темир,
Жасаў керекке бар,жасалма жүрек.
Алға ағып барар шаўқымлы өмир,
Қалайы кеўилге вольфром тилеп.

2
О, мениң дәўраным ўапалы ўақтым,
Сен қәдир тутпаған нәрсе барма сирә?
Ҳәрким өзи сортлап өзиниң бахтын,
Қырқтың тусларында қарап алмаса-

Адам алды-артына, аспан төменге,
Шыннан шубалмай ма,шәўкет келеби.
Сөйтип ҳәўес болып барлық дегенге,
Қанша "жоқ адам"лар жолда келеди...


КИСИНИҢ ҚӘДИРИ

Мен оны жақыннан таныйман себеп,
Ақыры кеўли менен кеўлим алысты.
"Себеп пенен минсе арбаға себет",
Маған түсиндирди усы мәнисти.

-Пәленкес қалай деп,айтпайман ҳәргиз,
Олда ҳеш кисини саймайды сырттан.
Бирақ,ол сорлының жазығы жалғыз,
Сырын қыпса сақлап қалалмас журттан.

Оған "ала" емес, дөгерек дашы,
"Ала" тек ол ушын "ала глобус".
Жүрмейди кеўлинде гийнени тасып,
Кеули киси ушын қолайламас қыс.

Ақыры,ол қәтеңди айтады бетке,
Шыныңды мақтайды шыққанша шыңға.
Соңсоң ол бийшара жағама көпке?
"Ымға түсинбеген түсинбес дымға"!...

"Ҳамал таўы" ушын алға өңменлеп,
Тум-тусын тыйпыллап жоқ еткен бәрин.
Ол ушын күлкили адам еди,тек,
Жаслай жойтып атқан намысын,арын.

Онда дос кем еди,оннан бир... тағы,

Ақыры, тик адамға ҳәмме абайлы?!

Тайып кеткенинше күлкиден жағы,
Көплер дәўран сүрди тек, "түйе тайды".

Ол болса ўақтында өзин босатып,
Сыртқа атып турды, дебдиў,жәбирин
Қолынан келмеслер,сыртынан сатып,
Пәрдей жулар еди,қымбат қәдирин.

Буған да аты азып,тоны тозбады,
Ол тек дурыслыққа қәдем таслады.
Бир күн қызып кетип шынлықтың жоны,
Оны жулғанларды жула баслады...


* *
*
Өре баспаған ис,бәри бизики,
Бизики қалақтан қалған былғалақ.
Анаў таға қакқан жүрмел сизики,
Бизики көк тайғақ,сылдыр сырғанақ!

Жол екеў,
Минекей усы ашадан,
Таңнан кешке шекем қорқып қашаман.
Шайтанға азғыртпа я алла-дейип,
Өзлик соқпағыма қушақ ашаман.

Яғә...ол тәсилиң кетпейди бизге,
"Алтаў ала болса"-деген жерлерден...
Гил көлеңке керек,керек дым сизге,
Ол қәсийет шықпайды нағыз ерлерден!...


# #
#
Япырмай-ай,
Гуў-саў етип самалдай.
Өтермен бе,алар шыңым алалмай?
Жыйынларда залға сыймай кетемен,
Долы дәрттей тар кебизге қамалған?!...
Болмаса мен барып қалдым биразға,
Бир исим жоқ еле дурыс жөн алған?!
Болмайман ба?Сақпанға сап шыңғытың!
Болар болсам қорықпайсызба обалдан?!...


ЖАСА, АЛТЫН ӘСИР!

Зергерге зер керек,гәптиң қысқасы,
Кең елге ер керек ата нусқасы!
Ақыллар алдына өңмен тасласып,
Күнде мың жаңалық таўып баратыр!

Мына сулыў жәҳән кийген зербарақ!
Алдына бир қарап,артқа бир қарап.
Төрт жасар ғунандай бузбай жорғалап,
Дәўир ала қуйын шаўып баратыр!

Ўақыт қыйын-қыстаў,жаңалық сансыз,
Адамлар бийтақат,алда алаңсыз,
"Әрман" атаўлыны қуўып әрмансыз,
Жерден жулдыз бетке аўып баратыр.

Жаса алтын әсир,ушқынған заман!
Улың болғаныма жүзмың ырзаман.
Йошларым теримдей сорғалап тамам,
Сәл не...ге қармақтай қаўып баратыр?!...

Бүгин шайыр улың булақтай қайнап,
Мәртебең көгине қадайжақ байрақ!
Ўақыттан,ўақыттың парқын абайлап,
Алдыңда "мишшаў"лап заўық баратыр!

Жаса алтын әсир,әдиўли заман?!...
Аяқ қосқаныма жүзмың ырзаман!
Иркилип қалдыма ҳо,жыл,бир заман...
Ал,ҳәзир қармақтай қаўып баратыр!


2

Қыйтақтай көзлериң атыздай болып,
Азыпсаң , тозыпсаң туянам толық,
Бунша жуўҳалықтың жәннетин шолып,
Атаңды өтирик өлтирип пе еди?

Насбайын атысып ертеңи паштың,
Қара териң шығып қабын қолластың,
Түлкиниң табанын қырған бир достың,
Қылығың алдыңа келтирип пе еди?

Еки ийнин жалмаған болмай ма қарап?
Ақырет алдында бул сырлы сорақ...
Түйесиңир киби жан-жақты орап,
Буўлықтырғанлығың өтирик пе еди?

Адам бир алданар бәрҳә еккиси-әм,
Тасқа ура берсең заққы шөккиш-әм.
Абройын сақлайды аброй төккиш-әм,
Теңелбай бийдәрек көпирип пе еди?!...


ЖАРЫЛЫЎ

Қаным "Қарақалпақ" дегениң ушын,
Қысымға алғанман кеўлимниң "қысын",
Удайы усынып қырманның пушын,
Ойнап киятырсаң биз бенен аға!

Бахыллық жолыңды бетиңе басып,
Нетейин қышымас жериңди қасып,
Арысландай ақырып,пилдей жуўасып,
Бирге киятырмыз сиз бенен аға?!...

Тәселле етсемде парасатыма,
Күнде төрт ели тат жамап татыма,
Сенин ел арасы гезген атыңа,
Адам бар ма, иззет гизнеген аға?!...

"Мишшаўлап" маймылдың көзин қыздырған,
Тийкары қурғырың "тауықтай жулған"",
"Бес қонақтай" саратанда гүзди урған,
Ойнайсаң ойнамас из бенен аға!

Сөзлериң көп жуўыспаған аўыздай,
Бесиктеги кемпир қурсақ қаўыздай,
Суўыда тартыла келген ҳаўыздай,
Сырлас болып турсаң дүз бенен аға?!...


ШАҚЫРЫҚ

Басла мени,алға алтын әрманым!
Сеннен басқа ерер ерим қалмады,
Өзлеринше "жулдыз" болған жигитлер,
Я өзлерин,яки мени алдады.

Маған ере алмады, ердиң ерлери,
Я ермеди,я итибар бермеди.
Мәпке көшкен мыйқыдай жигитлер,
Қайда кетти көкиректеги шерлериң?...

Қайда кетти,балалықтың бирлиги,
Ҳәм қус киби ушқанымыз дүрлигип.
Ара-тура алмаймыз ба бас қосып,
Сум дүньяны қуўа бермей сүрнигип.

Жеткермейди жуўҳа дүнья қурығыр,
Билмеймиз биз жолдың усы бурыўын.
Сизлер менен мақсет жолым бир болып,
Бөлек болды қатардығы турыўым.

Бөлек болды,даўысым да, дәртим де,
"Бөлекпен"-деп,ҳалласлайды ҳәрким де,
Бул дүньяның ең қызықлы таманы,
Өзге қәлем услатқаны ҳәркимге.

Сонлықтан да ерик берип әрманға,
Барымызша шабысайық арманға.
Бизлердики жоқ жеринен қус аўлаў,
Келмейтуғын қара күш я пәрманға.

Ўакыт зуўлар,бөлингенди бөри жеп,
Бул өмирдиң есик пенен төри көп.
Қайғысызды қара суўға семиртип,
Суў тартқыштай жуқармай ма шери көп?

Бүлбил қусты бийҳуўыш етип бир тыма,
Ылайықлап Әжинияздың журтына,
Сайрап-сайрап бермеймиз бе жигитлер?
Сыймайтуғын етип елдиң турқына!


АДАМ БАР

Қара келиншектиң қолынан,
Аппақ дузын ишкен адам бар.
Бул дуньяның дүзиў жолына,
Жалаң аяқ түскен адам бар...

Қараўытқан нәрсеге қарап,
Өз-өзине таслаған сорақ,
"Гүңгиртликти дүньядан талақ
Етсең-дә,"-деп жүрген адам бар.

Қараңғыны берип урыға,
Айландырған айдың қулына,
,Түлкилерди зар қып жолына,
Сағал шағындырған адам бар...

Ақ кеңседе қара ис шешип,
Берген халыққа рухый несип,
Бойы айға тийгенше өсип,
Күнлей күлимлеген адам бар.

"Ақ көкирекке қара ат тағып,
Шыдайды екен адамзат нағып",
Деп,шыр-пыр боп жанларын жағып,
Ҳақты қорғап қалған адам бар.

Қаралықты қасқырдай талап,
Ақ жолларды аюдай жалап,
Бағдарыңа болажақ шырақ,
Жақты көрикли адам бар.

Сол адамға сүйенсем ҳәр дем,
Ғарға болып ғақылдар ғәррем.
Жолы менен жүрежақпан мен,
Сол адамның жаным адамлар!


ҚУЛШЫНЫЎ

Телпегим түскенше бәлентке бағып,
Нәзерим талғанша шолыдым кеңис,
Дүньяның тезлиги жулдыздай ағып,
Мениң керегимнен қалмады кемис.

Питти мурадым ҳәм,жай болды кеўлим,
Жүрдим бар адамдай жайнап әлемде.
Дийдинен шықпасам үмитдар елдиң,
Нетемен "жортаға" сайрап әлемде?

Дүньяға не бердим? маған не дәрек?
Бир ис еталдым ба уялмастайын?
Кележақ әўладлар көргенде елеп,
Төбе-төбе етип,ҳәркимниң пайын.

Не гәп айталаман?Қумбулман бүгин,
Лаплаған беденим лапылда тағы!
Өзиңе тийисли жәҳәнниң жүгин-
Сал қәне арқаңа,сал қәне қағып!

2

Қара қуйын болып қамалап келип,
Мени қуў далаға мегзеткениң бе?
Жақсы нийетиме жамылып келип,
Мени бир балаға мегзеткениң де-

Урдым тасты-тасқа түсинейин деп,
Төзимниң тийкарын тексерген болып.
Көрдим бултты жерге түсирейин деп,
Қолымнан келмеди,келмейжақ толық?!

Естим дүбелейдей,жаслық ҳәсерде,
Қонып шыққым келди,жулдызба жулдыз.
Кирмей қулағыма ҳешбир тәселле,
Көкирек алып ушып урынды турды.

Жулып алғым келип әлип бийикти,
Таўларды жайынан қозғағым келди.
Менде ой көп еди,маған сүйикли,
Өзимди бир шыңға сазлағым келди.

Сөйтип өкирең қағып қулыншақ болдым,
Ҳасылды ҳарытып кетейин дейип.
Ақыр аяғында урыншақ болдым,
Ҳәммеден өтейин-өтейин дейип!...

Қайда жүк бар десе шаптым самалдай,
Қызы жумсағандай мысалы ҳүрдиң.
Болып қалмаў ушын жасалма қалдай,
Кебземниң ишинде қанша жуўырдым...

Менлик бол қоллаўшым,өт мен тәрепке,
Тырнақтай сырым жоқ,сеннен жасырын.
Мени қуйын киби қаңғыт,ҳәлекле,
Мени мен етип кет сөйтип ақыры!


ЖАЛБАРЫНЫЎ

Бир арыў инам ет маған тәбият,
Жетижүзмың пери ҳүриңнен зият,
Өзиң талғысыған түриңнен зият,
Инам ет,гүл ара жүрген ҳүр қызын?!

Жузи жүзим болсын,ләблери пахта,
Белин қысым десем,жайғассын лапқа,
Отқа салған сайын,салайын хатқа,
Қызлардың ишинде болсын қырмызым!

Қасы таза айдай болсын қыяқлы,
Касадай көзлери қаралы-ақлы,
Сылт етпес ҳалына салып сынапты,
Жымыңнан айырсын көктиң жулдызын.

Не жоқ кең төсиңде көп менин тәмем?
Қардай таза болсын биз күткен сәнем,
Келсин өзин билген адамлық пенен,
Кеулим сарайында болсын күндизим?!...


ДҮНЬЯ

Биреўди күлдирип танғанша естен,
Биреўди жылатып қалғанша көштен,
Бир тода булт па едиң,аспанда көшкен.
Бүгин сырларыңды бир-бир шаш дүнья?!

Қашшан тегис болмай түскениң хатқа,
"Хан"ларды әўладқа еттирип датқа,
Көнип жақсы-жаман бир уллы атқа,
Мыңқ етпей баратқан түби мәс дүнья!

Аққа қара берип моллам дөгерек,
Ҳаққа ғәррем таптың,атқа бөгенек.
Қулласы,өзиңе алдың не керек,
Кери тәрепиңди,жаны қас дүнья!

Тәбият тамылжып дөнди қырмызы,
Сөкли жантақларға өрип "хан кызы",
Оннан сайын сен өзиңди жанғызып,
Әл-қызылға дөндиң,сыры паш дүнья!...

Ишиң ғыжлап,не-не дәўранларыңа...
Шүкир етип баратырсаң барына...
Талабанды пилдей тартып арыға,
Табаныңда не барына қаш дүнья?!

Исенишиң-жал қуйрығы барлары,
Меториттий ушқан намыс-арлары.
Биз қолдағың,сиз ҳәм бизиң қолдағы,
Барың болса енди гүплеп тас дүнья?!...


ЖАҚЫН РУЎХ ЖОРА КИБИ
ИЗЛЕССИН!
Тоқта енди, тоқта ақыл-парасат,
Сен отыздан өтип кеттиң ақыры.
Енди изгилер излегендей нама тап,
Енди сөйле сайлап сөздиң мақулын.
Буныңды журт қабыллай ма,басқа ма?
Дүзиў нийет дизиў жолдай қалыс ғой.
Мениң мына көкирегим, баспанам,
Маған жақын биреўлерге алыс ғой.
Биреў мени алыс көрер аспаннан,
Руҳымнан, пикиримнен, исимнен.
Биреў мени дастық етип дастанған,
Әлбетте, ол аўдар-төңкер түсинген.
Сөйтип, мени ишип алған қатырып,
Жанын үзип ет-бетинен таслайды.
Ал биреўлер шыққан күнди батырып,
Бағдарыңды тас қамалға баслайды.
Деген менен терис пикирлер алысқан,
Жақсылыққа баш береди бәри бир.
Шыны тулпар шаршай ма екен шабыстан,
Ким айтыпты? Ақ кеўилге; ары тур.
Буныңды журт қабыллай ма, басқа ма?
Деген менен, өтеў керек парызды.
Шынлығыңды айтпай кетсең масқараң,
Я сен оннан, я ол сеннен қарыздар.
Жақын руўх жора киби излессин!
Сен оннан да қағазға төк барыңды.
Сөйтип мына дүзиў дүнья дүзлессин,
Иске түсип ис пландай жарынғы.


ҚЫРҒАЎЫЛ ШАҚЫРДЫ ...

Қырғаўыл шақырды...
Сестиңнен;
Сестин-
Қәне еди, бере алсаң өз ерки менен.
Сол бир реңлерди жасылма, көк пе?
Лаплама сыяқлы қонған көк шөпке.
Қағазға салсаң-дә өз көрки менен!
Қырғаўыл шақырды,
Қораз қырғаўыл!
Паҳ!
Самал үрлеген оттай жарықлық!
Сулыўлықтың бәри саған алқынып-
Өзлерин алдыңда санады "пақыр",
Көкиректен шықса керек, көп нәрсе ақыр!
Қырғаўыл шақырды,
Әлемниң өзи-
Өзи ашық болды, өз лапызына.
Қырын қараңқырап "ханның қызы"на,
Ҳаўаз шыққан таман түринди қулақ.
Делбедей дирилдеп,қыздай қалтырап,
Қырғаўыл шақырды,
Сестиңнен!
Сестин-
Қәне еди, бере алсаң өз ерки менен!
Сол бир реңлери жасылма, көк пе?
Лаплама сыяқлы қонған көк шөпке,
Қағазға салсаң-дә өз көрки менен!
Қырғаўыл шақырды...


* *
*

Ҳәрким өзинше сөз тоқып,шайырлық сазғабында,
Бүгинги заманға да Күнхожа қалғанын көрдим.
Бир шайырдың Әжинияз болыўды әрман етип,
Аяғы жеткен жергеше дүньяны шолғанын кордим.

Бердақша жүрген жеринде қара шор халық сыйлап,
Бир шайырдың бүгинги Бердақ болғанын кордим.
Шайырлық қыйын базардур,Ҳапыз бар, Пушкин бар,
Аббаздай айтпағанша сөзлердиң жалғанын көрдим!


Қар ҳәм бар емес пе, аспан астында?

Жәҳәна жүйриги арғымақ болса,
Геўгимниң жүйриги жарғанат болса,
Қас батырдың жолы жарқабақ болса,
Сол нар бар емес пе, аспан астында?

Гүллер дөнип кетер өзин ашқанда,
Жемис тил үйирер маза шашқанда,
Адам өзи жерде кеўли аспанда,
Пәмге зар емес пе, аспан астында?...

Бир-биреўге берип меҳир қол ушын,
Инсанның қәсейти қорыў морысын,
Адам адам болып жасар сол ушын,
Ар ҳәм бар емес пе, аспан астында?

Атаның тоқлығы изги тырнағы,
Ул-кызға тәртибин тилеп тырнаның,
Өле-өлгенше қара жерди тырбанып,
Жасаў бар емес пе, аспан астында?

Бүгинги булағай асты доқ урған,
"Билгиш"лер түсинисип кеткей-дә жылдам.
Адам мириўбетке ийилип турған,
Сипсетары емес пе, аспан астында?

Кешени қаплаған санақсыз жулдыз,
Күнге ийбе етип көринбес күндиз,
Қуяштың астында күлип жүрсек биз,
Қалға қал еме пе, аспан астында?

Қапылтқанға қапылады дүнья да,
Жигит болсаң ақырзаман жыйнама.
Беш күниңди хош күним деп сыйла-дә,
Бәри бар емес пе, аспан астында?!...

Показано 20 последних публикаций.

6

подписчиков
Статистика канала