XALÍQ USHÍN ⚖️


Гео и язык канала: Узбекистан, Русский
Категория: Право


Соңғы нызамлар, қарарлар, ҳуқық тараўына байланыслы жаңалықлар
Сораў ҳәм реклама бойынша: @Mr_Velikolepniy
Канал 2020-жыл 10-апрелде жумыс баслады.

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Гео и язык канала
Узбекистан, Русский
Категория
Право
Статистика
Фильтр публикаций


⚡️Сизлер ушын кредитлер ҳәм банклер ҳаққындағы пайдалы мағлыўматлар топламы!

☝️Мағлыўматты толық оқыў ушын сол текст үстине басың!

▫️Кредит калькуляторы;
▫️33 млн сумлық жеңиллетилген кредитти нақ пулда алыўға руқсат бериўши Президент қарары қабыл етилди
▫️Тәлим кредитин алыў тәртиби
▫️Банклардағы вакансиялар (бос жумыс орынлары) бойынша каналлары;
▫️Банклардың Телеграмдағы рәсмий каналлары;
▫️Банктан кредит алған пуқара сырт елге шыға алама?;
▫️Жумыс орнын жаратқан исбилерменге кредит төменирек проценттен бериледи
▫️Кредитти аннуитет усылда төлеген пайдалыма яки дифференциал?;
▫️Турақ жайды «ремонт»лаў ушын қайсы банклер кредит ажыратып атыр?
▫️Кредитке алынған жайды 3 жылдың ишинде сатқан пуқарадан төлемеген салықлары толық өндирип алынады
▫️Кредит тарийхы қанша ўақытта тазаланады?;
▫️Процентсиз айына 50 млн сумнан артық пулды картадан картаға өткериўге болады
▫️Банклардың телефон телефон номерлери;
▫️"Мәҳәлле жетилиги"ниң усынысына тийкар 120 млн сумға шекем ипотека кредити бериледи
▫️Телеграмдаги фойдали ботлар;
▫️Кредитке алынған жайды кредити толық төленбей турып сатыўға болама?
▫️«Больничный лист»ти онлайн алыў тәртиби;
▫️Картадан кредит ҳәм басқа төлемлер ушын ийесиниң разылығысыз пул шешип алыныўы қатаң қадаған етилди
▫️Мәмлекетлик хызметлерден онлайн пайдаланыў ушын пайдалы силтемелер.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
👉
@Xaliq_ushin👈🏻


⚡️Сизде 500 000 сум пул менен «Telegram Premium» утып алыў имканияты бар

Саўғалы конкурсымызға қатнасыў ушын тек 2 түймени басыў жеткиликли.
-------------------------------------
1️⃣ «КОНКУРСҚА ҚАТНАСЫЎ» түймесин басасыз.
2️⃣ Шыққан айнадан "Добавить" (Add ямаса Qo'shish) түймесин бассаңыз болды, таңлаўымыздың қатнасыўшысы болып есапланасыз! (ВИДЕО)
-------------------------------------
🎉 Нәўбеттеги жеңимпазымыз 20-апрель күни саат 20:00 де «TAŃLAW» каналында рандом арқалы анықланады. Шәртлерди бириншилерден болып орынлағанлардың сыйлық утып алыў имканы көп болады.

👉 КОНКУРСҚА
ҚАТНАСЫЎ


⚡️1-майдан халық ушын белгиленген тарифлер бойынша электр энергиясы ҳәм тәбийий газге пул төлеўдиң тәртиби

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
👉
@Xaliq_ushin👈🏻


⚡️Мектепке хабар берместен сырт елге шығып кеткен оқыўшы мектептен «отчисление» болыўы мүмкин

📝Өзбекстан Республикасы мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министриниң буйрығы жойбарына бола, ата-аналар оқыў жылы даўамында перзенти менен бирге қайсы сырт елге шығыўы себебин ҳәм сырт елде болыў мүддети көрсеткен ҳалда мектеп директоры атына арза менен мүрәжат етеди.

🔰Мектеп директоры ҳәр жылы 25-майға шекем оқыў жылы даўамында мектепти хабардар етпестен сырт елге шығып 3 айдан артық ўақыт үзликсиз сабақларға қатнаспаған оқыўшылар ҳаққындағы мағлыўматларды Балалар бойынша район (қала) комиссиясына киргизеди.

❗️Бул оқыўшылар балалар бойынша район (қала) комиссиясы разылығы менен оқыўшылар қатарынан шығарылады.

📨 Бул буйрық еле қабыл етилмеди, оған усыныс бериў ушын силтеме: https://regulation.gov.uz/oz/d/97393


☝️Ҳүжжет қабыл етилсе каналымызда толық мағлыўмат бериледи.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
👉
@Xaliq_ushin👈🏻


❗️Паспорт яки ID-картаны "залог"қа алған шахсқа 5 млн сумға шекем жәрийма салынады

☝️Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 223-3-статьясына көре, паспортты ямаса ID-картаны нызамға қайшы түрде алып қойыў яки паспорт ямаса ID-картаны гиреўге (залог) алыў лаўазымлы шахсларға БЕМның 10 есесинен (3,4 млн сум) 15 есесине (5,1 млн сум) шекем жәрийма салыўға себеп болады.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
👉
@Xaliq_ushin👈🏻


▪️▪️▪️▪️

❓Баланың қорқынышлары қалай пайда болады?

🖥 Сораўдың жуўабын ҳәм бала тәрбиясы сырлары ҳаққында билиў ушын төмендеги түймени басып кириң! 👇

👉 БАЛА ТӘРБИЯСЫ СЫРЛАРЫ


Жер салығын кимлер төлемейди?

Салық кодексине муўапық, жер cалығынан төмендегилер азат етиледи:

1️⃣ «Өзбекстан Қаҳарманы», Совет Аўқамы Қаҳарманы, Мийнет Қаҳарманы атақларына ийе болған, үш дәрежедеги Шухрат ордени менен сыйлықланған пуқаралар (салық жеңиллиги атақлардың гүўалығы, дәптершеси ямаса қорғаныў бөлиминиң мағлыўматнамасы тийкарында бериледи).;

2️⃣ урыс майыплары ҳәм қатнасыўшылары, сондай-ақ оларға теңлестирилген шахслар (салық жеңиллиги урыс қатнасыўшысының (майыбының) гүўалығы ямаса қорғаныў бөлиминиң яки басқа ўәкилликли уымның мағлыўматнамасы тийкарында бериледи);

3️⃣ I ҳәм II топар майыплығы болған шахслар (бул жеңиллик пенсия гүўалығы ямаса медициналық-мийнет эксепрт комиссиясының (ВТЭК) мағлыўматнамасы тийкарында бериледи);

4️⃣ жалғыз пенсионерлер. Жалғыз ямаса ер жетпеген балалары менен яки майыплығы болған баласы менен бирге өз алдына үйде жасаўшы пенсионерлер жалғыз пенсионер есапланады (бул жеңиллик пенсия гүўалығы ямаса Пенсия қорының район (қала) бөлиминиң мағлыўматнамасы ҳәм пуқаралар жыйынының мағлыўматнамасы тийкарында бериледи);

5️⃣ бағыўшысынан айырылған көп балалы шаңарақлар, яғный ата-анадан биреўи ямаса екеўи де қайтыс болған 4 ҳәм оннан артық балалары бар шанарақлар (бул жеңиллик Пенсия қорының район (қала) бөлиминиң мағлыўматнамасы тийкарында бериледи);

6️⃣ Чернобыль АЭСдағы авария ақыбетлерин сапластырыўда қатнасқаны ушын жеңилликлер алатуғын пуқаралар, сондай-ақ ўақытша жиберилген ямаса хызмет сапарына жиберилген (бул жеңиллик ВТЭК мағлыўматнамасы, майыплығы ҳаққындағы гүўалық, Чернобыль АЭСдағы авария ақыбетлерин сапластырыўда қатнасқаны ҳаққындағы гүўалық, сондай-ақ ўәкилликли уйымлар тәрепинен берилген басқа ҳүжжетлер тийкарында бериледи);

7️⃣ энергия ресурсларынан толық үзилген ҳалда қуяш панеллеринен пайдаланып атырған турақ жай ийелери қуяш панеллери орнатылған күннен баслап 3 жыл мүддетке (бул жеңиллик энергия жеткерип бериўши кәрхананың мағлыўматнамасы тийкарында бериледи).

🏡 Бул жеңилликлер жеке тәртиптеги турақ жай қурыў, дийқан хожалығын алып барыў ушын берилген жер участкаларына қолланылады. Бул шеклеў жоқарыдағы 5-бәнтте көрсетилгенлерге тәсир етпейди.

❗️ Бул салық жеңиллиги пуқараның сайлаўына қарап тек ғана бир жер участкасына қолланылады. Бул шеклеў энергия ресурсларынан толық үзилип қуяш панеллеринен пайдаланып атырған турақ жайлардың жер участкасына тәсир етпейди.

🧾 Пуқаралар салық жеңиллигинен пайдаланыўы ушын жеңилликке болған ҳуқықты тастыйықлаўшы ҳүжжетти жер участкасы жайласқан жердеги салық уйымына тапсырыўы лазым.

⌛️ Салық бойынша жеңиллик белгиленген жағдайда бул салық жеңилликке болған ҳуқық пайда болған айдан баслап төленбейди.

🗓 Салық жылына тең муғдарда екиге бөлип 15-апрелге ҳәм 15-октябрге шекем төлениўи керек.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
👉
@Xaliq_ushin👈🏻


Колледж ҳәм техникумлардың оқыўшылары сырт еллердеги кәрхараларға жумысқа орналастырылады

📄 Министрлер Кабинетиниң “Жасларды кәсипке (қәнигеликке) ҳәм шет тиллерине оқытыў системасын жетилистириў ис-илажлары хаққында”ғы 213-санлы қарары 17.04.2024-жылы қабыл етилди.

🏢 Қарар менен Сыртқы мийнет миграциясы структурасында Пуқараларды шет тиллерине оқытыў хәм сырт еллерде ислеўге мақсетли таярлаў орайы ашылады.

❗️Оның тийкарғы уазыйпасы колледж ҳәм техникумларда оқып атырған жасларды сырт елде ислеўге таярлаўды шөлкемлестириўден ибарат.

🔰Қарақалпақстанда сырт елде ислеўге таярлаўшы оқыў орынлары ретинде төмендеги техникумлар белгиленген:

✔️Нөкис Абу Али Ибн Сина атындағы Жәмийет саламатлығы техникумы;

✔️Нөкис транспорт техникумы.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
👉
@Xaliq_ushin👈🏻


❓Баслық кимлерди жумысқа алыўы шәрт?

✅ Мийнет кодексиниң 119-статьясына бола, төмендеги жағдайлар нызамға қайшы түрде жумысқа қабылламаў деп есапланады:

🔸мийнет ҳәм жумыс ислеўде кемситиўди қадаған етиў ҳаққындағы талапларды бузыў;

🔸жумыс бериўши өзи жумысқа кириўди усыныс еткен пуқараны жумысқа қабылламаўы;

🔸нызамға муўапық жумысқа алыныўы шәрт болған пуқараларды жумысқа алыўдан бас тартыў (жумыс орынларының белгиленген ең кем саны шеңберинде жумысқа жиберилген шахсларды, айрықша тийкарлар бойынша жумыстан босатылған шахсларды ҳ.т.б.);

🔸ҳәмиледарлығы болғанлығы ямаса балалары бар екенлиги себепли жумысқа қабылламаў;

🔸өзиниң ямаса жақын туўысқанларының судланғанлығы себепли жумысқа қабылламаў;

🔸нызамшылықта белгиленген басқа жағдайларда.

❗️Жумысқа қабыллаўдан бас тартылған жағдайда жумыс бериўши пуқараның талабына муўапық 3 күнниң ишинде оған жумысқа қабылламаўдың себеплерин көрсеткен ҳалда хат бериўи керек.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
👉
@Xaliq_ushin👈🏻


⚡️1-майдан баслап пуқараның пластигинде қалған 525 000 сум пулын қарыздарлықты өндириў ушын шешип алыў қадаған етилди

Президенттиң 03.01.2024-жылдағы ПП–1-санлы Пәрманы менен 2024-жыл 1-майдан баслап пуқаралардан қарыздарлығы ушын өндириў қаратылыўы мүмкин болмаған ең кем кепилленген дәрамат муғдары мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 50% (ҳәзирги күнде 525 000 сум) етип белгиленди.

❗️Пәрманға көре, егер пуқараның банк есап бетинде яки банк пластик картасынде 525000 ҳәм оннан аз пул қалған болса, оннан орынлаў ҳүжжетлери бойынша қарыздарлықты өндириў қадаған етилди.

☝️Яғный, қарызы бар пуқараның пластик картасында ямаса банктағы есап бетинде 1 млн сум пулы болса, Мәжбүрий орынлаў бюросы сол пулдың тек 475 мың сумын қарызы ушын өндирип алыўы мүмкин, қалған 525 мың сумды шешип алыўға ҳақылы емес.

🗓 Бул қағыйда 2024-жыл 1-майдан баслап күшке киреди.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
👉
@Xaliq_ushin👈🏻

15k 1 196 110

⚡️Дәслепки жеңимпазымыз 500 МЫҢ СУМ ПУЛ ҳәм де «Telegram Premium» сыйлығын утып алды

📣  Сиз де Қарақалпақстанның ең үлкен телеграм каналлары бирге
(👍❓🤝👍💪) өткерип атырған таңлаўға қатнасып, 500 000 сум пул ҳәм «Telegram Premium» сыйлығын утып алыўыңыз мүмкин.

🖥 БУЛ УШЫН ТЕК 2 ТҮЙМЕНИ БАСЫЎ ЖЕТКИЛИКЛИ!
-------------------------------------
1️⃣ «КОНКУРСҚА ҚАТНАСЫЎ» түймесин басасыз;

2️⃣ Шыққан айнадан тек ғана "Добавить" (Add, Qo'shish) түймесин басасыз!
-------------------------------------
УСЫ 2 ШӘРТТИ ДУРЫС ОРЫНЛАҒАНЛАР ТАҢЛАЎЫМЫЗДЫҢ ҚАТНАСЫЎШЫСЫНА АЙЛАНАДЫ!

🎁Таңлаўымыз жәми 6 турдан ибарат болады ҳәм 6 турда 6 инсан жеңимпаз болады;
🎉 2-тур жеңимпазы 19-апрель күни саат 20:00 де «TAŃLAW» каналында рандом арқалы анықланады.

❗️Шәртлерди бириншилерден болып орынлағанлардың сыйлық утып алыў имканы көбирек болады! ҲӘММЕГЕ ӘЎМЕТ!

👉 КОНКУРСҚА
ҚАТНАСЫЎ


🚫 «Мәкан жетилиги» усынысы менен жер алған жаслар дәптерлерден шығарылмайды

💬 Каналымыз ағзаларынан жақында қабыл етилген Президент қарары бойынша жасларға жер берилгенде сол жас дәптерден шығарлыўы яки шығарылмаўы бойынша сораўлар келип түспекте.

Президенттиң 05.04.2024-жылдағы ПҚ–153-санлы қарарына тийкар, дийқан хожалығын шөлкемлестириў ушын жоқарыдағы «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери»ндеги жасларға «Мәкан жетилиги»ниң усынысы менен жеңиллетилген шәртлерде жер участкалары ижараға берилиўи белгиленген.

❗️Усы Қарардың 1-бәнтине бола, жер участкаларын электрон онлайн аукцион арқалы ижараға алған жаслар «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери»нен шығарылмайды ҳәм олар ушын нызамшылықта белгиленген барлық жеңилликлер сақлап қалынады.

☝️Демек, усы тәртипте жер алған жаслар дәптерлерден шығарылмайды ҳәм дәптерге кирген жаслар ушын берилетуғын барлық жеңилликлерден пайдаланыўда даўам етебереди.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
👉
@Xaliq_ushin👈🏻


Свет ҳәм газ ушын компенсация кимлерге бериледи?

💵 Ҳүкиметтиң 16.04.2024-жылдағы 204-санлы қарарына тийкар, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаяты ушын октябрь-февраль айларында кем тәмийинленген ҳәм айырым жәрдемге мүтәж шаңарақларға электр энергиясы ҳәм тәбийий газ ушын бир қатар компенсациялар төлениўи белгиленген.

❗️Бул компенсациялар төменде көрсетилген шаңарақларға төленеди:

✔️Социаллық қорғаў бирден-бир реестрине киргизилген кем тәмийинленген шаңарақлар.

✔️Бирден-бир реестрине киргизилмеген, бирақ «Мәкан жетилиги» жуўмағы тийкарында қосымша анықланатуғын жәрдемге мүтәж шаңарақлар.

❗️ Бунда қосымша анықланатуғын жәрдемге мүтәж шаңарақлардың саны тийисли мәкандағы Бирден-бир реестрге киргизилген шаңарақлар санының 15%нен артық болмаўы керек.

👆Қосымша жәрдемге мүтәж шаңарақларды анықлаў тәртиби жоқарыдағы фотода көрсетилген.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
👉
@Xaliq_ushin👈🏻


⚡️1-майдан балалар напақасын ҳәм материаллық жәрдемди алыў айырым шаңарақлар ушын аңсатласыўы күтилмекте

💰Ҳүкиметтиң 16.04.2024-жылдағы 204-санлы қарары менен Статистика агентлигине 2024-жыл 1-майға шекем жанылғы-энергетика ресурслары баҳалары қымбатлаўын есапқа алған ҳалда минимал тутыныў қәрежетлери қунын қайта қарап шығыў ҳәм жәриялаў ўазыйпасы тапсырылған.

❗️Яғный, 1-майға шекем минимал тутыныў қәрежетлери қуны (ҳәзир 621000 сум) көбейеди.

💡Кем тәмийинленген шаңараққа балалар напақасын ямаса материаллық жәрдемди тайынлаўда талаплардан бири бул – усы шаңарақтың ҳәр бир ағзасына туўры келетуғын орташа дәрамат минимал тутыныў қәрежетлери қунынан (ҳәзир 621000 сум) артық болмаўы керек.

☝️Демек, минимал тутыныў қәрежетлери муғдары көбейсе, алдын дәраматы 621 мың сумнан артып кеткенлиги себепли напақа (материаллық жәрдем) ала алмай жүрген айырым шаңаракларға напақа яки материаллық жәрдем алыў имканы пайда болады.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сора
ў бериў

Каналға ағза болың
👉@Xali
q_ushin👈🏻


❗️Педагоглар судқа арза жазғанда бажы төлеўден азат етилди

✅ 01.02.2024-жылы қабыл етилген «Педагогтың статусы ҳаққында»ғы Нызам менен «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамға киргизидген қосымшаларға тийкар, педагог хызметкерлер:

✔️Пуқаралық ислери бойынша судларда – педагогикалық искерлигин әмелге асырыў барысында өзиниң абройы ҳәм ар-намысын қорғаў менен байланыслы ислер бойынша;

✔️Ҳәкимшилик судларда – педагогикалық искерлигин әмелге асырыў барысында олардың ҳуқықларын бузған мәмлекетлик органлардың қарарлары, олардың лаўазымлы шахсларының ҳәрекетлери (ҳәрекетсизлиги) үстинен шағым етиў менен байланыслы ислер бойынша мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етиледи.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
👉
@Xaliq_ushin👈🏻


⚡️Тәбийий климат шараяты аўыр районларда ислеўшилерге 30% ке шекем үстеме ҳәм 3 жумыс күнине шекем қосымша мийнет дем алысы бериледи

🔰Министрлер Кабинетиниң 06.09.2019-жылдағы 743-санлы қарарына тийкар, тәбийий климат ҳәм турмыслық шараятлары аўыр ҳәм қолайсыз болған жерлерде ислегени ушын хызметкерлерге төмендеги муғдарларда ис ҳақысына қосымша район коэффициенти (үстеме) қолланылады ҳәм қосымша мийнет дем алыслары бериледи:

🔸Мойнақ (соның ишинде, Мойнақ қаласы) ҳәм Қоңырат районлары (Қоңырат қаласынан басқа) ислеўши хызметкерлерге – айлығына 30% лик үстеме ҳәм 3 жумыс күнлик қосымша мийнет дем алысы;

🔸Қараөзек, Кегейли, Қанлыкөл, Нөкис, Тахтакөпир, Шымбай, Шоманай районлары, Қоңырат қаласында ислеўши хызметкерлерге – айлығына 20% лик үстеме ҳәм 2 жумыс күнлик қосымша мийнет дем алысы;

🔸Тақыятас ҳәм Хожели районларында ислеўши хызметкерлерге – айлығына 15% лик үстеме ҳәм 1 жумыс күнлик қосымша мийнет дем алысы;

🔸Беруний, Төрткүл, Елликқала районлары (олардың орайларынан басқа), Нөкис қаласында ислеўши хызметкерлерге – айлығына 10% лик үстеме ҳәм 1 жумыс күнлик қосымша мийнет дем алысы.

❗️Бунда:

👉 үстеме мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының (МҲТЕКМ) 1,4 есесинен (1 млн 470 мың сум) көп болмаған айлық суммасынан келип шығып есапланады.

Яғный, егер хызметкердиң айлығы МҲТЕКМның 1,4 есесинен көп болса, оның айлығына үстеме МҲТЕКМның 1,4 есесинен келип шығып белгиленеди, ал егер, аз болса, хызметкердиң айлығының муғдарынан келип шығып есапланады.

👉 Хызметкерлерге берилетуғын қосымша мийнет дем алысларын қосқанда улыўма мийнет дем алысы мүддети 48 жумыс күнинен артық болмаўы керек.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
👉
@Xaliq_ushin👈🏻


⚡️Еки түймени басың ҳәм 💵500 МЫҢ СУМ ПУЛ менен 💎 «Telegram Premium» УТЫП АЛЫҢ!

📣 Қарақалпақстанның ең үлкен телеграм каналлары (👍❓🤝👍💪) биргеликте таңлаўға старт берди. Сиз таңлаўда қатнасып, 500 000 сум пул сыйлығын ҳәм «Telegram Premium» утып алыўыңыз мүмкин.

🖥 БУЛ УШЫН ТЕК 2 ТҮЙМЕНИ БАСЫЎ ЖЕТКИЛИКЛИ!
-------------------------------------
1️⃣ «КОНКУРСҚА ҚАТНАСЫЎ» түймесин басасыз;

2️⃣ Шыққан айнадан тек ғана "Добавить" (Add, Qo'shish) түймесин басасыз!
-------------------------------------
УСЫ 2 ШӘРТТИ ДУРЫС ОРЫНЛАҒАНЛАР ТАҢЛАЎЫМЫЗДЫҢ ҚАТНАСЫЎШЫСЫНА АЙЛАНАДЫ!

🎁Таңлаўымызда жәми 6 инсан жеңимпаз болады;
🎉 Дәслепки жеңимпаз 18-апрель күни саат 20:00 де «TAŃLAW» каналында анықланады.

❗️Шәртлерди бириншилерден болып орынлағанларда пул сыйлығын ҳәм де «Telegram Premium» ды утып алыў имканы көбирек болады!

Тезирек шәртлерди орынлаўға кирисиң! ҲӘММЕГЕ ӘЎМЕТ!

👉 КОНКУРСҚА
ҚАТНАСЫЎ


⚡️Қарақалпақстанда терек еккенлер ушын жер салығынан жеңиллик енгизиледи

Президенттиң 09.02.2024-жылы ПҚ-66-санлы қарары менен тастыйықланған “Жол карта”ның 39-бәнтинде Қарақалпақстан Республикасында пуқаралар ҳәм кәрханаларға тийисли жер майданларына егилген тереклер ушын жер салығынан жеңилликти енгизиў белгиленген.

❗️Бунда салық жеңиллиги сол егилген тереклер 3 жыл даўамында өсип толық раўажланса берилиўи нәзерде тутылмақта.

📑 Салық жеңиллигин қолланыўдың толық тәртиби жойбары Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлиги тәрепинен ислеп шығылып, Министрлер Кабинетине киргизиледи.

☝️Бул жеңиллик еле енгизилмеди. Ол бойынша қарар қабыл етилсе, каналымызда жәриялаймыз.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
👉
@Xaliq_ushin👈🏻


❗️Пуқарадан оның шаңарақ ағзалары ҳаққындағы мағлыўматлар сораў қадаған етилген

🔰 Президенттиң қарары менен пуқаралардан ҳәм исбилерменлерден 2023-жылдың 1-декабринен баслап соралыўы қадаған етилген 47 дана мағлыўматлар дизими тастыйықланған.

🚫 Оған муўапық, пуқараның шаңарағы қурамы ҳаққындағы мағлыўматты мәмлекетлик мәкеме ҳәм шөлкемлер пуқараның өзинен талап етиўи қадаған етиледи.

☝️Бундай мағлыўматты мәкеме ҳәм шөлкемлер Әдиллик министрлигинен тийисли электрон система арқалы өзлери алады.

🔻Сондай-ақ, пуқарадан төмендеги мағлыўматларды да сораў мүмкин емес:

✔️сырт елге баратырған пуқараның паспорт мағлыўматлары;

✔️пуқараның мүлкине қойылған қадаған ҳаққындағы мағлыўмат;

✔️автомашина ийелериниң «страховкасы» (пуқаралық жуўапкершилигиниң қамсызландырыў шәртнамасы);

✔️студенттиң контракт пулын төлегенлиги ҳаққындағы мағлыўмат;

✔️мийнетке жарамсызлық бети («больничный лист») ҳаққындағы ҳәм басқа мағлыўматлар.

Соралыўы қадаған етилген мағлыўматлардың толық дизим мына жерде: https://lex.uz/docs/6472548#6474173.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
👉
@Xaliq_ushin👈🏻


📣 ▪️▪️▪️▪️

✔️Тәрбиясы жақсы ҳәм өзине исеними жоқары лидер баланы тәрбиялаўдың сырларын билесиз бе? Олар жүдә әпиўайы!

🖥 Ол сырлар ҳаққында билиў ушын төмендеги түймени басып кириң! 👇

👉 БАЛА ТӘРБИЯСЫ СЫРЛАРЫ

Показано 20 последних публикаций.