⚘...SAKHRA GULI...⚘ dan repost
# Мен сени излеймен қыялларымнан...
Ақшам жулдыз жымыңласып жатқанда,
Түн көрпесин серпип, таңлар атқанда,
Қызыл көйлек кийип қуяш батқанда,
Мен сени излеймен қыялларымнан!
Айдын көлден ақ шағала ушқанда,
Бийик қайыңларды нәзер қушқанда,
Кең дунья тар болып нәпес қысқанда,
Мен сени излеймен қыялларымнан!
Саған уқсас излеп гездим жер бетин,
Таппадым, умыттым бир де келбетиң,
Еле сол жалғызлық, жүрек сол жетим,
Мен сени излеймен қыялларымнан!
Өшкен көзлеримнен үмитли ушқын,
Жүрекке көмилген таза, сап ышқым,
Жыртық сүуретиңе жан берип қуштым,
Мен сени излеймен қыялларымнан!
Даусың қулағымда қалған емески,
Бахытлы сол күнлер енди дым ески,
Тәғдир тутас жолды еки ге кести,
Енди тек излеймен қыялларымнан!
Гулзар Қурбанбаева ✍
Сахра гүли ⚘ 22.07.2022.
Ақшам жулдыз жымыңласып жатқанда,
Түн көрпесин серпип, таңлар атқанда,
Қызыл көйлек кийип қуяш батқанда,
Мен сени излеймен қыялларымнан!
Айдын көлден ақ шағала ушқанда,
Бийик қайыңларды нәзер қушқанда,
Кең дунья тар болып нәпес қысқанда,
Мен сени излеймен қыялларымнан!
Саған уқсас излеп гездим жер бетин,
Таппадым, умыттым бир де келбетиң,
Еле сол жалғызлық, жүрек сол жетим,
Мен сени излеймен қыялларымнан!
Өшкен көзлеримнен үмитли ушқын,
Жүрекке көмилген таза, сап ышқым,
Жыртық сүуретиңе жан берип қуштым,
Мен сени излеймен қыялларымнан!
Даусың қулағымда қалған емески,
Бахытлы сол күнлер енди дым ески,
Тәғдир тутас жолды еки ге кести,
Енди тек излеймен қыялларымнан!
Гулзар Қурбанбаева ✍
Сахра гүли ⚘ 22.07.2022.