Мүриўбетлик ҳәм жәрдем бериў инсаныйлық, меҳир-ақыбет жемиси есапланады. Мүриўбетлилик пенен аўыр аҳўалдағы инсанларға жәрдем бериледи. Оны алыўшы усы жәрдем тийкарында өз аҳўалын бираз болса да оӊлап алады. Мүриўбет етиўши болса ийманы, меҳир-ақыбет туйғысы еле де беккемленип, жаратыўшы, тәбият ҳәм инсанлар алдында өз ўазыйпасын орынлаған есапланады. Ҳәзирги қыйын дәўирде финанслық жақтан қыйналған айырым шаӊарақларға қәўендер мекеме ҳәм шөлкемлер, мүриўбетли инсанлар ҳәм исбилерменлер тәрепинен азық-аўқат өнимлери, медициналық нықап ҳәм дәри-дәрмақлардан жәрдем берилмекте. Олар қанша муғдарда берсе де, кеўлинен шығарып бергенлиги ушын өз инсаныйлық парызын өтеген есапланады. Бундай инсанларға қанша миннетдаршылық билдирсек те аз. ϴйткени усындай саўаплы ислер ҳәммениӊ де қолынан келе бермейди. Қыйын аҳўалдағы пухаралар олардыӊ инсаныйлық жәрдемин туўры түсинип дурыс қабыл етиўлери керек деп есаплаймыз. ϴйткени биз ғалаба хабар қуралларында гейбир жәрдемге мүтәж шаӊарақларға финанслық жәрдем көрсетилсе, «не ушын аз, бизди мазақ қылғаны ма» деп наразы болып, кеўли толмай социаллық тармақларға тарқатқаныныӊ, телевидениеге жоллағаныныӊ гүўасы болып атырмыз. Ақыры мүриўбет кеўилден шығарып бериледи, бәлким мүриўбетли инсанныӊ қурбы сол жерге шекем жеткен шығар. Елде бундай мүриўбетлилер тек биреў емес, сан мыӊ. Социаллық жәрдем де бир мәрте берип қойылмайды. Пандемия дәўири өтип кетемен дегенше сиз жәрдемге мүтәж инсанлар мәмлекет ғамхорлығындасыз. Буны дурыс түсинип олардыӊ ҳаққына дуўалар оқыӊ, «маған бергени мынаў» деп олар берген азықлық өнимлерди тәрезиге тартыўдан уялыӊ. Итибар берип қарасаӊыз дүнья жүзиндеги қайсы бир мәмлекетте усындай қайырхомлық ислери исленип атыр?. Еӊ әўеле халықтыӊ басын бирлестирип олардыӊ қәўетерге түсип ҳаўлықпаға берилиўине жол қоймаған журтбасшымызға, қалаберсе мүриўбетли, ғамхор адамлар арасында жасап атырғанымызға миннетдар болыўымыз керек. Кеселликке шалынғанлар да мәмлекет тәрепинен бийпул емленип атырғанынан хабарыӊыз бар. Олар ушын да мәмлекет тәрепинен қаржы ажыратылған. Бул бюджетте де мүриўбетли инсанлардыӊ үлеси бар екенлиги сыр емес. Солай екен, олар берген жәрдем тек азық-аўқат өнимлери ушын емес дәри-дәрмаққа да жумсалмақта. Хабарыӊыз болса айырым шет ел мәмлекетлеринде кеселлик пенен аўырғанлар өз есабынан даўаланып атыр, егер ден саўлығын қамсызландырып қойған болса азы-кем шегирмелер менен емлеп атыр. Ал бизиӊ мәмлекетимизде болса даўалаў пүткиллей бийпул. Бул әлбетте журтбасшымыз ғамхорлығы, меҳир-ақыбетли инсанлар көмеги менен иске асырылып атыр. Биз бундай ғамхорлықты дурыс түсинип, қолды қолға берип бүгинги қыйын күнлер артта қалыўын Жаратқаннан тилеп, Рамазан айында исленип атырған қайырлы, саўаплы ислер есеси менен қайтыўына тилеклеспиз. Халқымыздыӊ ертеден бери киятырған усындай бийбаҳа үрп-әдетлери бүгинги күнде әҳмийетли машқалаға айланып атырған инсанның руўхый жетиклиги, мәденияты, миллий санасы сыяқлы машқалаларды шешиўде, келешек қурыўшылары болған жас әўладты руўхый кәмил инсан етип тәрбиялаўда үлкен әҳмийетке ийе.
«Жақсыныӊ иси жәннетти», «Мийримлилик жүректен», «Сабыр – адам шериги» сыяқлы даналық сөзлер бийкарға айтылмаған. Биз ойлаймыз, бүгинги пандемия дәўиринде халыққа хызмет етип атырған бәрше жақсылардыӊ иси жәннетке теӊдур, олар шын жүректен халықтыӊ алдағы пәраўан турмысы, келешеги ушын хызмет етпекте. Бундай мәртлик ислерге тек ғана мийримли жүрек ийелери қәдир. Биз жақынларымыздыӊ, өзимиздиӊ қәўипсизлигимиз ушын ўақтынша үйде қалыўымыз шәрт. Бул өткинши күнлер артта қалып карантин тамам болатуғын ўақыт жақын қалғанына исенемиз. Усы қыйын дәўир тезирек өтип кетиўин бәршемиз сабыр етип күтемиз.
Сөзимниӊ жуўмағын журтбасшымыздыӊ төмендеги қатарлары менен жуўмақламақшыман: «Мүриўбет ҳәм жәрдем улыўма халықлық ҳәрекети мәмлекетимиз ҳәм халқымыз бирлигин, оныӊ тәкирарланбас қүдиретин көрсетип, жаӊа тарийх бетлеринен орын алады деп исенемен».
Кунназарова Шолпан