❤️ӨжЕт қоСықлаРы❤️


Kanal geosi va tili: ko‘rsatilmagan, ko‘rsatilmagan
Toifa: ko‘rsatilmagan


Мухаббатты жырлай берип жақ талмай,
Сеуги десе жаза бердим тоқталмай...
Бахадыр Өжет✍

Связанные каналы

Kanal geosi va tili
ko‘rsatilmagan, ko‘rsatilmagan
Toifa
ko‘rsatilmagan
Statistika
Postlar filtri


"АЛЫС-АЛЫСЛАРҒА КЕТКИМ КЕЛЕДИ"

Таң емес бул жағдай, ҳәммеге мәлим,
Сонда да азлап сөз етким келеди.
Сорасаң сен меннен бүгинги ҳалым,
Алыс-алысларға кетким келеди...

Кең аспан, Ай жақты, Жулдызлар жанып,
"Қасыма кел!" дейип шақырып турар.
Мың қәлеп турса да баралмас анық,
Қанатсыз кеўилим аҳ урып турар...

Жақынлар жанымда, жалғызбан бирақ,
Қандай-дур өзгеше сезим жетиспес,
Сағыныш жүрекке салғызған қурақ,
Ызалы жылайды, хешким еситпес...

Әне солай мениң өтпекте күним,
Әрманлы муҳаббат.., бири кем дүня.
Ишимде боран тур, шықпайды үним,
О Тәңир қулыңа бир төзим сыйла...

Сыртқы көз байқамас иштеги муңды,
Жүзим күле берер, (әзелден сондай)
Айтайын қәлесең, негизги шынды,
"Жан дүням музлаған, жибимес тоңдай..."

Мен қашан өмирде шынайы күлдим?!
(Шығып-та кетипти ҳәтте есимнен.)
Усы күнге шекем, (мен соны билдим),
Шынлықты излеппен көрген түсимнен...

Яқ, яқ!... Налыныўға ҳақым жоқ мениң,
Сонда да кеўилде қәстелик бардай.
Бул "қәсте" еле де тапқан жоқ емин,
Ушсам аспан, жүрсем жолларым тардай...

Кең аспан, жақты нур таратқан Айым,
Мен саған хәзир-ақ жетким келеди,
Дүняның ислерин ойлаған сайын,
Алыс-алысларға кетким келеди...

Баҳадыр Байназаров.
Өжет✍


...ТҮН БОЛДЫ.


Өсек сөзлер қара дауыл боратып,
Исенимниң үстинлерин қулатып,
Жанға жақын досларымды жылатып,
Душпанымды күлдиретин күн болды...

Хеш кимсеге бундай сауда салмағай,
Санамызда шүбхә-гүман қалмағай,
Не ислер бар, себеплерин аңламай,
Түпсиз қыял сүрдиретин күн болды...

Қашқан сайын насақлардан паналап,
Жаудырады үстиңизден жаман ат,
Өзлигиңди өз тәниңе қамап ап,
Кеуил түбин бүлдиретин күн болды...

Бир сөз айтпай, көзине де қарамай,
Төмен қарап ақыбетин шамалай,
Пышақсыз-ақ жауызларша аямай,
Бауырымды тилдиретин күн болды...

Бийлеп алды бүгин мени ой сондай,
"Сезимлерге берилмей-ақ қойсамба-әй?!"
Жүрегимниң әмирине бойсынбай,
Ақыл хүким жүргизетин күн болды...

Мейли кейиң, лазым тапсаң сөгиниң,
Есигин бир аштым жүрек төриниң,
Түйиледи, буннан кейин өмирим,
Таңы атпас мәңгилик бир түн болды...


Бахадыр Байназаров.
Өжет✍


АНА ТИЛИМ МӘҢГИ ЖАСА....

(Егер Ана тилим ертең өледи десе,
Мен бүгин өлиуге хәмийше тайынман!
Расул Гамзатов)

Бойымдағы намыс-арым өзиңсең,
(Айтылмаған аху-зарым өзиңсең)
Неше әсир жоғалмастан келдиң ғой,
Қууананаман! Өмир-бахый төзинсең.

(Тилин шайнап сөйлегенге уялып)
Соңғы күнлер сенде болды қыялым,
"Қалмаспа?" деп "Басқа түске боялып",
Дақ түспесин! Айдан тынық жүзимсең!

Орыс тилин зордан жырақ қылғанда,
Басқалары келип қәуип салғанба?!
Қалың тилин сақлайтуғын қалғанба?
Сәл жуқарып баратырсаң, сезинсем!

Сениң менен Қарақалпақ боламан,
Болғанда да тили өткир, зор адам.
Биреу келсе тарыйхыңды сораған,
"Балам" деме, тәрийплеуден безинсем!

Ана тилим мәңги жаса, жасай бер!
Өжет балаң сени "Тууған жас Ай" дер.
Жасауыңа керек болса бас әйлер,
Әрманым жоқ, бақытыңа гез келсең!

Бахадыр Байназаров.
Өжет✍


АШЫҚПАН СОНДАЙ....

Хатларымды бир шолып өт жоллаған...
Мəзи емес, қымбат еди ол маған.
Сен исенбе, мен айтаман сонда да,
Бир көриндиң, жолларыңда сайылман...

Сол, сол екен, күним солай өтпекте,
Ал сағыныш жүрегимди сөтпекте,
Бир нəпеслик дийдарыңа жетпекке
Мың жанымнан кешиуге де тайынман...

Көз жасыңа арзымаспан мен бəлким,
Өз қəлбине қулақ салып жүр хəрким,
Бунша ашшы, бунша шийрин бул дəртим,
Сен Зухрасаң, мен ашығың Тайырман....

Мен билемен, умытпадың расын да,
Сол сəтиңди... қалған куниң қасымда,
Жүзлериңе түсип турған шашыңды,
Əсте ғана бармақ пенен қайырған...

Қəлем услап, сеннен илхам алғанда,
Тəрийпиңе айтылмай сөз қалғанба,
Сеннен өзге сүйгеним жоқ жалғанда,
Бүгинлиги мен ышқыңда шайырман...

Баҳадыр Байназаров.
Өжет✍




🕊🕊🕊🕊🕊🕊🕊🕊🕊🕊🕊🕊🕊🕊🕊🕊🕊🕊🕊🕊🕊🕊🕊🕊🕊
Сен тәрепке ушқан қуслар сәҳәрде,
Жол-жөнекей айналама кеп кетти.
"Сөзиң болса айтғыл Өжет тезирек,
Сүйиклиңе жеткерейик!" деп кетти...

Сәлем айттым, "Исенсин сап ышқыма,
Әкетпесин гүманлардың жетеги,
Көрмек болса жүзимде бир қуўаныш,
Тек, жыламай күлип жүрсе жетеди"
❤️❤️❤️❤️❤️❤️❤️❤️❤️❤️❤️
☘🌹🌹🌹🌺🌹🌹🌹☘


"ҚЫЗҒАНЫШ..."

Барлық жүреклерде... үлкенде, жаста,
Сүйсе де сорайды, "Сүйгениң распа?"
Айланса да сөзге ойылған тасқа,
Бәри бир үстемлик етер қызғаныш...

Сүйгенлигиң анық билип турса да,
Мухаббаттың бағы тәреп бурса да,
Жүрегиң бир оны дейип урса да,
Бәри бир сөйлетер сени қызғаныш...

Ең бийик шыңында турса да ышқы,
Гейде жаралайды дүняңды ишки.
Айтып келмес екен болсаң да күшли,
Бәри бир сорақлар сени қызғаныш...

Исенимнен бир сәтке сен айрылсаң,
Гүман қурығынан шықпас сайылсаң,
Бир өмир өтеуге сөзсиз қайылсаң,
Бәри бир ишиңде қалар қызғаныш...

Күнде-күнде баспаса да жүзиңе,
Ишлей жүрер қылығыңа төзине,
Айтып салар сөз келгенде өзиңе,
Бәри бир сақланбас иште қызғаныш...

Исенеди қайта тағы сүйгеннен,
Бир сениң ышқыңда жанып күйгеннен,
Кете алмас қанша түйиншик түйгенмен,
Бәри бир қыймайды сени қызғаныш...

Баҳадыр Байназаров.
Өжет✍
22.05.2021


❤️❤️❤️❤️❤️❤️❤️❤️😍😍😍😍😍😍😘😘😘😘😘😘😘❤️❤️❤️❤️❤️❤️❤️
Сәлем жаным! Сүйдим айдай жүзиңнен...
Таңда ашқан түндей қара көзиңнен.
Сәлем жаным, оян енди уйқыңнан,
Бахыт толы күнлер күтер дизилген....❤️❤️❤️❤️❤️❤️🌹🌹🌹🌺🌺🌺🌹🌹🌺🌺🌺🌺🌸🌸🌸🌺🌺🌺🌹🌹🌹🌹


"КӨЗЛЕРИҢ..."

Ҳәп заматта қалдым неге өзгерип?!
Қыялыма қыйлы-қыйлы сөз келип.
Буныңдайын ҳалға алдын түспеппен,
Ойландырды мени қара көзлериң...

Еки көзиң еки түрли нур шашып,
Бирин кулки, ал биреўин муң басып
Турғандайма өмириңнен сыр ашып?!
Жан бойыма салды жара көзлериң...

Тыным таппай уқпағанша сырыңды,
Тынысымды умытаман бурынғы.
"Тәрийпле" деп йош-илҳамым жулынды,
Өзгелерден болды дара көзлериң...

Бир көзиңде сәўлеленген өткен күн,
Түни бойы тынбай көз жас төккен күн,
Жүрегиңди жүйесиз-ақ сөткен күн,
Қуўаныштан ашқан ара көзлериң...

Я болмаса ашыўлысаң өмирге,
Я биреулер жара салған көңилге,
Исенимди мәжбүр болып көмиўге,
Қәлби-дүняң болған пара көзлериң...

Ал биринде, келешектен үмит бар,
"Болғайман" деп "мол бахытқа гирибдар"
Сезимиңди тоңдырмасын суўықлар,
Тек жыллы нур шашсын қара көзлериң...

Баҳадыр Байназаров.
Өжет✍ 21.05.2021


"О ДҮНЯ-ӘЙ!"

Жетпеген бар әрманына, жеткен ким?!
Жетип болмас шыңды әрман еткен ким?!
О дүня-әй, келеримде өмирге,
Барлығына ерисемен деп келдим...

Ерисемен, маңлайдан тер төккен күн,
Кележек бар, қызық емес өткен күн,
О дүня-әй, дақыл бермес жериңе,
"Үмит" атлы дәнин қалың сепкен ким?!...

***

Көп тийгенлик жақынлардың зейнине,
Периштелер қонбас болды ийниме,
О дүня-әй, қуўаман деп кейниңнен,
Душпан ҳеш гәп, досқа күлки боп келдим...

Ҳәзирги күн айтар болсам жай ҳалым,
Тапқанымнан асып түсти жойтқаным,
"О дүня!" деп салған гезде ойҳаным,
Атағымды бар әлемге жеткердим...

Сапар шектим биймезгил ҳәм биймәнзил,
Желкемде жүк, таулардан да болған зил,
О дүня-әй саған берер жоқ қарзым,
Бирақ сеннен аласы бар көплердиң...

Керек маған көптен кетиу жырақлап,
Бир орында қалғым келмес турақлап,
Дүня сеннен оза алмасам бир атлап,
Бержағында қалажақпан өткелдиң...

Жетпеген бар әрманына, жеткен ким?!
Жетип болмас шыңды әрман еткен ким?!...
О дүня-әй, дақылын бер кешикпей,
Жерлериңе үмит дәнин сепкенниң...

Баҳадыр Байназаров.
Өжет✍
13.05.2021


🤗🤗🤗👍👍👏👏 Рахмееетттт сау болың ажаға


Папам менен Мамамның екинши перзенти Байназарова Гүлзаданың Туўылған Күнине Қутлықлаў☺️😚😚😚

Токсан бестин майында, тап усындай күнинде,
Иңгәләди нәресте, төбеде күн күлимлеп,
Бир қыз келди дүняға баурымызды толтырып,
Неше жасқа толса да, бизге бөпе бүгин де...

Жылап келип дүняға, бизге күлки әкелдиң,
Сол күлкини узартып, жүз жасаўың шәрт енди.
Мениң менен сиңлиңе, жаннан жақын дос болсаң,
Бахытысаң Анамның, ғамхоршысы Әкемниң...

Қара көзли батыр қыз, қарындасым өзимниң,
Гирт жуқтыра алмастай, қарашығы көзимниң.
Қыйналсаң да өмирге ашық болып жүребер,
Бахтың күлсин, сынбасын ден саулық ҳәм төзимиң...

Мың гезсемде сизлердей табалмайман, жәҳәнди,
Қос қарындас қосылып, сая туттың ағаңды,
Зийреклигиң арқасы, билим қуўып талықпай,
Бүгинлиги әнедей бир Муғәллим атаңдың...

Меҳрибаным ҳешқашан түңилме ҳәм муңайма,
Ҳәтте жаман күниң де толы болсын шырайға.
Талмас қанат ушқанда, жүргениңде айдын жол!
Қабылла деп тилегим жүз бураман Қудайға...

Аллам ҳәр бир таңыңды, жадыратып атырғай,
Үлгили бол халыққа Гүлайым қыз батырдай.
Кеше ғана бир ойнап, үйге кирмей жүрип-ек,
Өтип атыр бир демде, өмир деген Япырмай!...

🌹🌹🌹🌺🌺🌺🌸🌺🌺🌷🌷🌷💐💐🌸🌸🌺🌸🌸🌸🌺🌺🌸🌹🌹🌹🌷🌷🌷💐💐🌷🌷


Хүрмет пенен ажағаң Бахадыр Байназаров.
10.05.2021


Күтемен бир хабар... Хабарсыз еле,
Күтемен еле де, жетеди шамам.
Ақылда гәп жоқ-ау, түсинер бәрин,
Тек ғана жүрегим етеди алаң...

Өмир ғой, ҳәр нәрсе болыуы мүмкин,
Бийғам болалмайман, боларман тилким,
Айыпқа буйырма байғус жүректи,
Олдағы тоқтайды күтиўден бир күн...

Бахадыр Өжет✍




#Төлепберген Қайыпбергенов 92 жаста

" ТӨЛЕКГЕ ХАТ..."

Қарақалпақ ел болғалы не көрмеген,
Айырымлар ел қатары тең көрмеген.
Бул тәғдирдиң көрседағы көп толқынын,
Шөгип кетпей, терисинше тек өрлеген.

Мен де сол Қарекеңниң перзентимен,
Шор басқан топырағын зер деп билген.
Қанша батыр өмирге "Ел" деп келип,
Қаншасы сен сыяқлы "Ел!" деп өлген.

Болмайды бир Капитан демесиме,
"Қарақшы" салған дақ бар денесинде.
Қара сөздин қақ айырып айдынын,
Жүзип өттиң прозаның кемесинде.

Өмирден айтар болсам дерегимди,
Ырасы билмей турман не деримди.
Сен барда қандай болса сондай дүня,
Ертелеу алып қояр керегиңди.

Айтарлықтай өзгерис жоқ қоғамда,
Гүллер ашар, солып атыр солғаны,
Басқалардан бир айрықша жеримиз,
Бахытсызлар* толып кетти болғаны...

Қарақалпақ ел болғалы не көрмеген,
Айырымлар ел қатары тең көрмеген.
Еле де сол қәлпимизде турыппыз,
Эй Төлек, өзгерис жоқ сен көрмеген.

Билмем гәпим не ойларға салғанын,
Түсиниксиз, бирақ жоқты жалғаным,
Туўылған күн қутлы болсын қулласы,
Барғаннан соң айтарман дә қалғанын...


Бахадыр Байназаров.
Өжет✍ 07.05.2021


Жамалыңның табалмаса қыясын
"Сүйдим" деўге Бахадырың уялсын.
Ең кишкене бир теңеўди айтайын,
Қайырлы таң нур таратқан "ҚУЯШЫМ!"❤️❤️❤️❤️




ОҚЫ, ОҚЫ, ЖӘНЕ ОҚЫ!
(В.И.Ленин)

Оқыр едим китаптан бас котермей,
болғанымда сол Ленинлик заманда
Тууылып ап мустақыллық дәуирде
Оқыуға қол тиймегени жаман да.

Ол гезлери тегин болған деседи
Баслысы сен билим алсаң болғаны
Ал хәзир ше?!... Билим тасып турса да,
Ақша жетпей пайманаңның толғаны.

Дурыс бирак ғәрезсизлик пайдасы,
Берди бизге динимизди қайтарып
Бералғанжоқ деген менен ырасы,
Сол тоқшылық күниңизди қайтарып.

Көп жасларың, келмейди де мектепке
Жақсы оған бир сом ақша тапқаны,
Китап емес қолда түслик ауқаты,
Кетип барар "байдың" малын баққалы.

Ериккеннен жүр дейсеңбе соларды,
"Быламықты май келтирер" дегендей.
Алыу керек зәрүр оқыу қуралын,
Кийим керек мектепке де кийгендей.

Жетпейди ғой ата-ана тапқаны,
Тамақ шайдан ауыспайды айлығы.
Болмағанда тилеп алған баласын
Қоймаспеди төрт түлигин сай қылып.

Айта берсем сөзимниң жоқ ақыры,
Тири мысал мен солардың биреуи,
Билим алып оқыйтуғын уақтымда,
Болған едим шаңарақтың тиреуи.

Сен сау турсаң айналайын хүкимет,
Халал өлип, уры байып кетеди,
Дипломың-әм, жумысың да өзиңе,
Өмиримнен оқығаным жетеди.

Бахадыр Байназаров.
Өжет✍


"ХАТ"

"Жаз қәлемим, ишимдегин ақтарып".
-дейип сени ақ қағазға салып-ем,
Ол себепли илҳам мени тапты анық,
Ол себепли сени қолға алып-ем...

Көрсет енди, өнериңди көрейик,
Шеберлик қыл, сағынышты сүўретле,
Кел екеўимиз сыйхырлы сөз терейик,
Жетип барсын Онда турған жүрекке...

****

Сәлем хат!

Сәлем жаным! Және жазып атырман,
Сағынышым хат жоллауға түрткилеп.
Түн де болды, күним зорға батырған,
Мен ашықта, "Көрсем.." деген бир тилек...

Сенсиз өткен хәр күнимниң жуўмағын,
Сенсиз түнниң қаралығы жалғайды.
Хеш болмаса сүўретиң жоқ қолдағы,
Зар ентиккен жүрегимди алдайтын...

Қәйдем жаным... Сен не дейсең билмедим,
Булай айра жүргенимиз жақсыма?!
Исен сенсиз қуўанбадым, күлмедим,
Бахытымды ҳижран кетти басқылап...

Бул не жалын, суў қуйсаң да өшпестей,
Қыйнап атыр иш-етимди күйдирип,
Қандай қызсаң кеше алмастай, кешпестей?!
Қайда жүрсең сүйдириўин сүйдирип?...

Ҳә дегеннен жолларымыз тутаспай,
Сен сағындың, мен сағындым арада.
Көрмегенше жазылмасы ырастай,
Айра жүрип дилге салған жара да...

Мейли жаным! Хатларымды тақлап қой,
Хатларың тур сен жоллаған мендеги.
Ҳәр қатарын жүрегиңде сақлап қой,
Дийдар жетип, көрискенше ендиги...

Баҳадыр Байназаров.
Өжет✍



20 ta oxirgi post ko‘rsatilgan.

193

obunachilar
Kanal statistikasi