Сагынбай Ибрагимов


Kanal geosi va tili: ko‘rsatilmagan, ko‘rsatilmagan
Toifa: ko‘rsatilmagan


Литература

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Kanal geosi va tili
ko‘rsatilmagan, ko‘rsatilmagan
Toifa
ko‘rsatilmagan
Statistika
Postlar filtri




Бизиң Сағынның
2021-2022-жыллары баспадан жарық көрген китаплары.
Өз есабымыздан!
Бул дәстүрди
2023-жылы да даўам етиўге болатуғын еди.
Себеби, бизиң Сағынның түйип қойған 5 китаплық мийнети
тайын турыпты.
1. Проза,
2. Поэзия,
3. Рус тилинде эсселер.
4. ҳәм
5. Аўдармалар: Шығыс ҳәм Батыс әдебияты дүрданалары.

Бул ушын имканият ҳәм шәраятлар болды,
лекин
кәйфият болмады...












Москва - 80


ЛАБИРИНТ dan repost
ЖИВИ КАЖДЫЙ ДЕНЬ -
КАК БУДТО ВСЁ ОКЕЙ.
И ВСЁ ПРИДЕТ




Сагынбай Ибрагимов dan repost
Мақтымқулы

САЛАР ҚУСЫН АҢЛАМАС

Бәдҳасылға беглик жетсе бир күнде –
Алар аўын, салар қусын аңламас.
Ҳүкими жүрип турған мийримсиз беглер
Пуқараның көзде жасын аңламас.

Билгир баслар туўры жолға шын менен,
Ақыл жигит сөз басламас «мен» менен,
Нәмәрт олдур – кеңес әйлер  зән   менен
Ғош жигитлер зән кеңесин аңламас.

Мәрттен тилек етсең – айтар: «Қуп болар!»,
Бир иҳсаннан жетпис бәле қайтарлар,
Қатынек кеңеси үйде көп болар,
Душпан көрсе – қылар исин аңламас.

Ҳақ жолында ҳәр ким хайр-иҳсан қылар,
Қыйамет күни бир орнына он келер,
Нәмәрт душпан көрсе ғуссадан  өлер,
Ғош жигитлер төртин-бесин аңламас.

Мақтымқулы, бег жанында тил баслар,
Қылышы-ғайраты менен ел баслар,
Мәрттен туўған жығын көрсе жол баслар,
Нәмәрт улы теңи-тусын аңламас.

Қарақалпақшалаған                      Сағынбай ИБРАГИМОВ


Исмайыл Сейтмамут улы 1883 жылы Таллық бойында туўылған.
Қарақум-ийшан медресесинде 1900-04 жыллары оқыған.
Диний лаўазымларда болмаған - молла деген тек аты.
Өмир бойы дәслеп өз меншигинде, соңынан колхозда дийқаншылық пенен шуғылланған.
Лаўазымы - жоңышқа бригадасын басқарған.
Урыс жыллары рабочий батальонда
Челябинскте жумыс ислеп қайтқан.
1966 -жылы  83 жасында әлемнен өтти.
Әкеси - Сейтмамут-ахун Бухарадағы медреселердиң бирин питкерген, 
Жыззақ таўлары әтирапындағы қарақалпақ-балғалылардың аўылында бираз жыл молла турып, соң елге қайтқан.
  Сейтмамуттың иниси  Зәкир-ахун, 
ол Хийўада оқыған.
Мойнақтағы  Зәкиркөл, Тикөзек әтираплары бул адамлардың жайлаған жерлери болған.
Ақбалғалы урыўының адамлары.
Мағлыўмат  бериўши:                       Сағынбай ИБРАГИМОВ.


"Кеўил туйғылары",
Узақбай Пиржановтың "Мухаббат қосығы" топламларын,
Әнўар Әлимжановтың "Махамбеттиң жебеси" романын (қазақша) сатып алдым.
Балалықтағы билимге қуштарлық - бул шаңарақ, мектеп ҳәм орталықтан қуўатлаў таппаса, сөнип кетеди.
Ҳәзирги балаларымыз мектепте латын алфавитинде оқыйды - бул алфавитте оның ақыл-ойын раўажландыратуғын китаплар ҳәм Интернет сайтлары жоқ.
Ҳәзирги жағдайда бизиң ушын ең зәрүр нәрсе - ҳәр бир мектеп оқыўшысы бир шет тилин еркин меңгерип шығыўы керек.
Мениң өмирде биринши көрген шайырым
Шанияз Мәмбетмуратов еди.
Ол Жамалатдинниң үйинде
үш күн қонақ болды - ол киси балғалыға күйеў бала екен.
Жамалатдинниң әкеси бөлим баслығы еди.
Шанияз Мәмбетмуратов атақлы "Пал ҳәрреси яңлы изледим сени" қосығының авторы.
Музыкасын Абадан Сапарова жазған.
Биринши көрген жазыўшым - Сапарбай Арысланов - "Қоңырат" романының авторы.
Қоңсымыз Сапар деген ақбалғалы атамыздың баласы Ўайысбайдың үйленген тойына келди.
Кәсип таңлаўға келсек,
мен өзимдеги жазыўшылық қәбилетке сол
12-13 жасларымнан баслап исендим ҳәм ендиги мәселе - бул тараў бойынша жетик билим алыўым керек, деп өз алдыма мақсет етип қойдым.
Москвадағы
М. Горький атындағы
Әдебият институтын питкериўим арқалы бул мақсетиме еристим деп есаплайман.

2020


7.
----
Жазыўшы
Сағынбай ИБРАГИМОВқа

Гүлнара ДӘНИЯРОВАдан сораў:
Инсанның өмириндеги ҳәрқандай жақсы әмеллердиң уйтқысы оның балалығында салынады.
Ағайын-туўғанларыңыз сизиң балалығыңызда көп китап оқыйтуғын болғаныңызды айтып отырады.
Өзиңиздиң балалығыңыз ҳаққында айтып берсеңиз.
Сизиң
"Мениң Жамалатдин жорам" деген гүрриңиңиз маған қатты унады.
Балалығыңызда қандай кәсип ҳаққында ойлайтуғын едиңиз?
Мектепте оқыўшы ўақтыңызда көп қосықлар, гүрриңлер жазғансыз - шайыр, жазыўшы боламан деп арзыў еттиңиз бе?

Сағынбай Ибрагимов:

Балалығым туўралы жазып атырған повестим бар.
Ҳәзирше атын
"Қурқылтайдың уясы" деп қойыппан.
Жазып шамаластым.
Соңғы еки бабын толықтырып, пүтин ҳалында бир қайта қарап шығыўым керек.
Қуда қәлесе, карантиннен қутылып, аўылға қайтсақ, сол жумыс пенен шуғылланаман.
Гүзге шекем питкерсем керек.
"Мениң Жамалатдин жорам" сол повесттиң бир бабы.
Улыўма повесть усындай өз алдына гүрриңлерден қуралған.
Бизлер оқыўды
Майколхоз аўылындағы Фурқат атындағы баслаўыш мектептен басладық.
Биринши классқа баратуғын күним атам Исмайыл-молла аўылдың имамы Зияў-хожаның үйине ертип барып, пәтия алып берди.
Бул кисиниң улы
Уснатдин де мениң менен бирге биринши классқа барады екен.
Үшинши классқа келип, бизлер Уснатдин екеўмиз иркилмей ҳәм түсинип оқыйтуғын дәрежеге жеттик ҳәм әдебий китапларды оқып басладық.
Зияў-хожа ескише ҳәм жаңаша бирдей билимли инсан еди.
Сол ўақытлары баспадан шығып атырған китапларды Қоңырат, Хожели,
Нөкистиң дүканларынан сатып әкелетуғын еди.
Мен Уснатдиннен
"Алпамыс" дәстанын (Рәм шайыр жазып алған варианты болса керек), "Қурбанбек" дәстанын, Караматдин Султановтың "Ақдарийа" романын алып оқыдым.
Ҳәзир ойлап отырып, бул кисиниң ақылына қайыл қалатуғын жерим, ол сол ўақытта шығып атырған балаларға арналған китапларды да сатып әкелер еди - Шаўдырбай Сейитов,
Убайхан Садықов, Салый Садықовтың китаплары ядымда қалды.
Соңынан Уснатдин менен Ломоносов атындағы орта мектепте бирге оқыдық.
Алтыншы класымда Уснатдиннен араб алфавитин үйрендим - үйде атамнан қалған "Қәнизек қыссасы" деген китапша бар еди, соны ежелеп оқып, арабша хат таныдым.
Улыўма,
1966-жылы қайтыс болған атамнан жигирмалаған китап қалып еди.
Исмайыл атам Қарақум ийшан медресесинде оқыған.
Ол китапларды ағайнимиз Сабыт аға "ағамның көзи" деп кемпир апам
Назлымнан сорап алып кетти.
Мен ол ўақлары 10 жасымда едим.
Атамның Қуран китабын қызы Ҳәммегүл алды.
Мениң әкем Рейим ҳәм әжапам Ҳәммегүл атам менен кемпир апамның 16 баласынан қалған бир ул ҳәм бир қыз еди.

Уснатдин әкесинен араб хатын балалығынан баслап үйренген еди.
Уснатдин Зияўатдин улы ҳәзир дәрйаның сол жағының үлкен уламаларының бири.
Айтайын дегеним, мениң китап оқыўға қызығыўда қасымда
Уснатдин Зияўатдинов, Миратдин Нурыллаев, Тазахан Тәжимуратова, Қызларгүл Дәўлетова сыяқлы китап оқыйтуғын досларымның болғанының тәсири.
Бизлерден бир класс бурын оқыйтуғын Қызларгүл Нөкистен жездеси
Камал Мәмбетовтың үйинен (үй китапханасы деген экслибриси бар)
қазақ жазыўшысы Әзилхан Нуршайықовтың
"Махаббат, қызық мол жылдар" деген сол дәўирдиң бестселлери болған романын алып келгенинде, барлығымыз таласып оқыдық.
Биринши мәрте шәҳәрге - бул Хожели қаласы еди - алтыншы класымда бардым.
Сонда китап дүканынан Ибрайым Юсуповтың
"Заман ағымы",
Дәўлен Айтмуратовтың "Ағар дәрйа" топламларын сатып алдым.
Сегизинши класста Қоңырат қаласына Әскерий көриктен өтиўге (приписное свидетельство алыўға) барғанымда Улмамбет Хожаназаровтың


Сагынбай Ибрагимов dan repost
Зийба МЫРЗА
Өзбек шайырасы

Өмиримди өткинши самалға бердим,
Соңғы тыйынымды гәдаға бердим,
Бул делбе руўҳымды Қудаға бердим...

Самал алып барды, гәдаға берди,
Гәда жылап барды, Қудаға берди,
Қуда мени саған қәтеге берди,

Сен мени кимлерге бердиң, Әзийзим?

Қарақалпақшалаған Сағынбай ИБРАГИМОВ


Паркент
2022-жыл
Июнь.


Феврал, 2018-жыл.


Сағынбай Ибрагимов

ТУР ТАЎЫ ҮСТИНДЕ МУЎСА ПАЙҒАМБАР

Шөлде Тур таўының жанбаўырында
қой-қозысын жайып жүрген Муўсаға –
саза жетип келди Аршы ағладан,
Қуда оны қуллығына шақырды.

Аң-таң болып турды шопан әўеле –
жанып турды бир түп жыңғыл алдында,
узақ жанды – бирақ жанып болмады.
От ишинен оған Қуда сөйледи.

Кәраматлар берди Қуда Муўсаға,
қол бериўи ушын үммети оған –
қақ айырып берди Қызылтеңизди,
шыпырлатып шашты бөденелерди.

Қара тастан ақ булақлар ағызды...
Барлығын бул улыс көрди – барлығы
Қуданың бул елге иҳсаны еди,
булжымаўы ушын туўры жолынан.

Тур таўына түсип бултқа оранып,
шақырды Муўсаны таўдың басына –
булт ишинен турып оған сөйледи,
айтты қалай ел қылыўды бул елди.

Он ўәсият берди әўел Муўсаның
қәлбине илаҳый нур менен жазып,
және еки тақта тастың жүзине
ойып берди өшпес ҳәриплер менен.

Қан төкпең, дедилер, зинадан қашың,
зорлықтан тыйылың, баспаң әззини,
боза ишип ақыл-естен айрылмаң,
ҳәр нәрсени көриң туўры көз бенен...

Муўса елге жеткерди бул хабарды –
Қудадан қорқың ҳәм сөзин тутының,
сонда еки дүнйаң абад болады,
жетисесиз Ҳақтың раҳметине.

Муўса және кетти таўдың басына,
қырқ күн руўза тутты, Ҳаққа жалбарды. 
Күни-түни бир ҳәжетин сорады –
бир дем көрмек болды Ҳақтың дийдарын.

Тәңир айтты: «Муўса, босқа урынба,
қара, деди, мына алдыңда таўға,
мен нәзер салсам – ол орнында турса,
демек, онда көре аласаң мени.

Бир уўыс күл болды таў сол демде,
бир тамшы суў болып топыраққа сиңди.
Көз алдында көринген бул сүўреттен
Муўса таў басында ҳуўшынан кетти.

Тәңир айтты: «Муўса, пайғамбарлықты,
ўәсиятларым аян китапты бердим –
китапты елге жай, ибадатта бол, –
бақыйды көрмек жоқ пәний көз бенен.

Әй, Муўса, аламан еле көп мәрте
сеннен жүз бурады – үмитиңди жойтпа.
Үмитсиз бенделерим – әсий бенделер,
дозақ оты тайын гүнакарларға».

Муўса таўдан түссе – ел жойтып оны,
өлдиге шығарып, ҳаялларының
алтын сырғаларын отта еритип –
бузаў соғып соған сыйынар еди.

Жоқлаўын асырып жолбасшысының,
усы алтын бузаў бизди Мысырдан
алып шыққан қуда, десип, умытқан
тастың жүзиндеги мәңги сөзлерди.

Муўса елин бузық көрип жылады –
неге шығып Ҳақтың берген жолынан
және сыйынасыз өли нәрсеге –
неткен парасатсыз жанлар едиңлер...

Қуданың көрсеткен туўрылық жолын
ашып бере алмас мың алтын бузаў –
неге батыл еттиңиз өзлериңизге
Қуда дәргайында бақый өмирди?!

Сизлерге сөз зая қылыў әбес, деп,
ғәзеп пенен сындырып тас жазыўды,
бузаўды қыйратып күл-талқан етип,
Муўса және Ҳақтың алдына кетти.

Муўса көксин ашып таўдың үстинде –
сорлы елине Ҳақтан иҳсан сорады:
«Өмири қуллықта өткен бенделер,
билмес едим, бунша ғапыл боларын».

Муўса айтты, маған азар берип тур
әжиз бенделердиң тоңмойынлығы –
сениң барлығыңа исенсин олар,
маған ҳүжжетли бир белги бер, деди.

Тәңир айтты: «Анаў турған жыңғылға
мен нәзер саламан – лаўлап жанады,
бирақ ҳеш-ҳеш жанып болмайды қашан
нәзеримди оннан алмағанымша...

Усы оттың шоқтай қызыл гүллерин
көзи-жәўҳарыңа жайғастырып ал –
сонда мениң нурым қәлбиңе енеди,
жүзиңде қалады оның шуғласы...

Бенде өсип турған гүлдиң жапырағын
жулады ҳәм жол шаңына таслайды –
сен оны абайлап шаңнан көтерип,
маңлайыңа сүртип сақлай билгейсең».

Тәңир және айтты: «Тақат ете бил,
тек сабырлы қулым жетер муратқа.
Бул өмир сынақдур – Тәңир алдында
адағына жетер сынақлар жолы».

Муўса Қуда менен тиллесип келип,
қырқ күн жаўлық жаўып жүрди жүзине –
Айтты: «Сыптай соқыр болып қаласыз,
көрсеңиз Ҳақ нуры енген жүзимди.

Соны билиң, қашан Ҳақтың сөзлери
енбес екен өмир жойбарыңызға,
сиңбес екен қәлб ҳәм сүйегиңизге –
Тәңирдиң жолынан жырақ боласыз.

Ўәсиятын тутың – Ҳақты табасыз,
барасыз ол ўәде еткен ўатанға.
Соған дейин қырқ жыл усы саҳрада 
қаласыз, кәпирлер өлип болғанша».

Мениң де өмирим өтип киятыр,
ҳәр дем әтирапымнан от излеў менен –
жас жыңғылдың түби қызыл жалында
мудам түслериме енип шығады.

Аңсат жол – сыйыныў алтын бузаўға,
бул жолда соралмас сеннен ҳеш нәрсе –
ким қай жерде ҳәм не ушын өртенди,
ким барып лампамай қуйды үстине.

Бул саҳраның еркин самалын жутқан,
саўа әўлад қамшы қорқынышынан –
барады Жеруйық, алтын топыраққа,
Қуда ўәде еткен пайғамбарына.





20 ta oxirgi post ko‘rsatilgan.

212

obunachilar
Kanal statistikasi