Метиска dan repost
Бул жерде көп болып кетти ўайраның,
Антын бузған салып кетти сайранын
Ҳәзиллермен жарыттық қатарларды
Шыпакерлер қутлы болсын байрамың!
Күни кеше телеграммнан хабарларды
Президент өзгерткен қарарларды
Балалармен ҳаялларға бериңлер деп
Витаминлер бийпул дейип таярлады.
COVID деген бәле жоқ боп кеткей,
Ауырмаған адамларым көп боп кеткей
Аянбай гүресип жур олар мәртше
Аллаҳым оларға шыдам бергей.
Аман болып кулип журиң ауырмаң,
Болып жүриң бир-бириңе баўырман
Илтимасым шыпакерлер өзиңизге
Пулы бар пулы жоқ деп айырмаң🙏🙏