Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы dan repost
МАҒЛЫЎМАТ
Хабарыңыз бар, соңғы күнлерде социаллық тармақларда ҳəм ғалаба хабар қуралларында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси баслығы Муса Ерниязов пенен байланыслы жалған ҳəм тийкарсыз хабарлар тарқалыўы, усы жалған хабарды тарқатқан деректи анықлаў мақсетинде прокуратура уйымлары тəрепинен əмелге асырылған үйрениў жумыслары кең додаланбақта.
Дурыс, елдиң нəзеринде болған ҳəр қандай шахс пенен байланыслы мағлыўматлар кең жəмийетшилик арасында қысқа ўақытлар ишинде түрли талқылаўларға себеп болыўы сыр емес. Әсиресе, бундай хабар сол шахстың ѳмири яки ден-саўлығы менен байланыслы болса, бул жағдай кѳбирек пикирлер кесилисиўине алып келеди. Ѳз нəўбетинде, бул оның шаңарақ ағзалары, мийнет жəмəəти, сондай-ақ, жақынлары ушын түрли унамсыз ақыбетлерди келтирип шығарыўы мүмкин. Себеби, ҳəмме де кимлер ушын қəдирли ҳəм əзиз есапланады.
Сонлықтан да, усындай жалған ҳəм тастыйықланбаған хабарлар ким тəрепинен тарқатылғанлығын анықлаў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги хызметкерлери тәрепинен “Makan.uz” cайты редакторы Л.Каллыханова, «kruz.uz» сайты редакторы И.Юсупов, «kar24.uz» сайты редакторы Қ.Бегниязовалар менен профилактикалық сəўбет ѳткерилген. Профилактикалық сəўбет даўамында прокуратура ҳәм ишки ислер хызметкерлери тəрепинен журналистлерге ҳеш қандай басым ѳткерилмеген.
Ҳәзирги ўақытта М.Ерниязов шахсына тийисли жалған мағлыўматлар тарқатылыўы жағдайы бойынша Қарақалпақстан Республикасы Ишки Ислер министрлиги тəрепинен сорастырыў алып барылмақта.