Аллаяр Дарменов dan repost
Күншиллерге
Билемен мен де журт қусап жортыўды,
Тек жорғамның жүўенлери тартыўлы,
Бул шонтық жазалмайды деп жартыўлы,
Кемпир өсек етесиз сизлер мени.
Атақ алсам шатақ салған иштарлар,
«Оң болсын»ның астында да астар бар,
Сүрниксем семиз қошқарын пуштарлар,
Кир кеўил, көралмайсыз сизлер мени.
Қол силтедим өз жөнине кетер деп,
Сырттан сайып, ғажый бердиң бетер тек,
Қылығы қатыннан жаман, аты еркек,
Патлы олжа көресиз сизлер мени.
Түр тәрези, ойлар өзинше ҳәрким,
Ҳәмме батыр, билмейди нағыз мәрт ким,
Жырламайды деп бул халықтың дәртин,
Жалаға жемтик етесиз сизлер мени.
Қуўандың кетеғойса көзиң тийип,
Көз өтпесе ақыры сөзиң тийип,
Халқым ушын өлгенше басым ийик,
Елден ерек ойлайсыз сизлер мени.
Қосық күнде саўылар саўын емес,
Ел дәртинен бөлек даў даўым емес,
Аўзы жыртық өсекши жаўым емес,
Жаў санап жүре бериң сизлер мени.
Аллаяр Дарменов,
02.09.2022.
@Allayar_Darmenov
Билемен мен де журт қусап жортыўды,
Тек жорғамның жүўенлери тартыўлы,
Бул шонтық жазалмайды деп жартыўлы,
Кемпир өсек етесиз сизлер мени.
Атақ алсам шатақ салған иштарлар,
«Оң болсын»ның астында да астар бар,
Сүрниксем семиз қошқарын пуштарлар,
Кир кеўил, көралмайсыз сизлер мени.
Қол силтедим өз жөнине кетер деп,
Сырттан сайып, ғажый бердиң бетер тек,
Қылығы қатыннан жаман, аты еркек,
Патлы олжа көресиз сизлер мени.
Түр тәрези, ойлар өзинше ҳәрким,
Ҳәмме батыр, билмейди нағыз мәрт ким,
Жырламайды деп бул халықтың дәртин,
Жалаға жемтик етесиз сизлер мени.
Қуўандың кетеғойса көзиң тийип,
Көз өтпесе ақыры сөзиң тийип,
Халқым ушын өлгенше басым ийик,
Елден ерек ойлайсыз сизлер мени.
Қосық күнде саўылар саўын емес,
Ел дәртинен бөлек даў даўым емес,
Аўзы жыртық өсекши жаўым емес,
Жаў санап жүре бериң сизлер мени.
Аллаяр Дарменов,
02.09.2022.
@Allayar_Darmenov