“18-апрель «Өзбекстан Республикасы Коммунал хызмет көрсетиў хызметкерлери» күнине арналған байрам кешеси “Қарақалпақ суў тәмийнаты” АЖ имаратында болып өтти.
Кешеде Жәмийет директоры Каллибек Жолдасбаевич шығып сөйлеп, хызметкерлерди байрам менен қызғын қутлықлады ҳәмде байрам мүнәсибети менен, ишимлик суў жеткерип бериў ҳәм де ақаба суўларды шығарып жибериў хызметлерин көрсетиўде көп жыллардан бери пидайылық пенен мийнет етип киятырған хызметкерлерди “Ўзсувтаъминот” АЖниӊ “Үй-жай коммунал хызмет көрсетиў белсендиси” көкирек нышаны, “Ҳүрмет жарлық”лары, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊесиниӊ “Ҳүрмет жарлық”лары ҳәмде “Қарақалпақ суў тәмийнаты” АЖниӊ “Ҳүрмет жарлық”лары менен сыйлықлады.
Кешеге директор орынбасарлары ҳәм жәмийет хызметкерлери қатнасты.
“Qaraqalpaq suw támiynatı” AJ
Telegram Facebook Instagram WebSite