#драббл
Бугинги куниң жақсы өтиуи ушын не қылайын?
Улкен қызым Женна жақында маған сондай деди: "Балалығымда ажырасып кетиуиңизден қорқатуғын едим. Бирақ 12 жасымда ажырасқаныңыз жақсы шығар, -деп ойлап қалдым. Себеби хәрдайым урыса берер едиңиз!". Кулип және дауам етти: "Соған қарамай келисип жасап кеткениңизге жудә қууанаман".
Узақ жыллар дауамында хаялым Керри менен жәнжел астында жасадық. Артқа қарап ойлайман: Өзи қалайынша турмыс қурыуға қарар қылған екенбиз-әй?! Минезлеримиз улыума басқаша еди.
Биргеликте қанша көп жасасақ сонша көп жәнжеллесе бердик. Байлық хәм абырай өмиримизди аңсатластырмады. Керисинше, машқалалар көбейди. Екеумиз соншелли көп жәнжеллесер едик, тыныш-татыу өмир не екенлиги ядымыздан шығып кеткен еди. Некемиз бузылыу алдында еди хәм ажырасыуды бир неше мәрте ойласқан едик.
Мен сапарда едим. Бул ирет те Керри менен телефонда урысып қалдық. Ол телефонды жауды. Мен ашыуда едим, кушсизлик, жалғызлықты сезинер едим. Ақыры жылап жибердим...
Умитсизлик қараңғысынан жылтырап нур көринди : -Сен оны өзгерте алмайсаң, Рик, сен тек ғана өзиңди өзгертиуиң мумкин.
Ертеңине азанда уйимниң астанасында хаялым мени сууық кутип алды. Хаялымнан сорадым :
-Бугинги куниң жақсы өтиуи ушын не қылайын?
Керри маған ашыу менен қарады:
-Айтқанымды қылажақсыз ба? Онда барың асхананы жууып шығың!
Хаялым мени ашыудан партлап кетеди деп ойладыма дедим, мен болса "яқшы" дедим. Барып асхананы тазаладым.
Ертеңине де тап сол сорауды бердим:
-Бугинги куниң жақсы өтиуи ушын не қылайын?
-Кладовканы тазала!
Шуқыр дем алдым. Сол куни жумысым жудә көп еди. Хаялым бул буйрықты ашыуым шығыуы ушын айтқанын тусинер едим. Бирақ мен және "яқшы" дедим-де, иске киристим. Керри не деуди билмей қалды.
Жаңа таңды қарсы алдық. Мен және:
-Бугинги куниң жақсы өтиуи ушын не қылайын?
-Хеш нәрсе! -деди ол. -Сиз хешнәрсе қыла алмайсыз, тек усы сөзлерди айтпаң, илтимас.
Мен болсам буны тоқтатпауымды айттым. Екинши хәптениң ортадарында кәрамат жуз берди. Сол сорауды береди екенмен, Керридиң көзлерине жас толды, ол жылай баслады:
-Сол сорауды бермең. Айып сизде емес, менде. Мен менен жасау ауыр екенлигин билемен. Неге еле қасымда екенлигиңизге тусине алмайман.
Оның көзлерине қарадым:
-Себеби сени жақсы көремен, -дедим мен, куниң жақсы өтиуи ушын не қылайын?
-Буны мен сизден сорауым керек.
-Керек бирақ хәзир емес. Хәзир мен өзгериуди қәлеймен. Мен ушын қәншелли әхимйетли екениңди билиуиңди қәлеймен.
Хаялым басын көксиме қойды :
-Өзимди ақмақлардай тутқаным ушын кешириң.
-Сени жақсы көремен, -дедим.
-Мен де сизди жақсы көремен, -деди ол.
"Бугинги куниң жақсы өтиуи ушын не қылайын?" деген сорауды турмыс қурғанлардың барлығы бир-бирине бериуи керек.
Ричард Пол Эванс
🌼
@sezdirilmegen_sezimler