Бес баслама олимпиядасы ҳәм Ibrat Academy бойынша мәҳәлле жасларына үгит-нәсияталаў жумыслары алып барылды Тақыятас районы аймағындағы 2-санлы улыўма билим бериў мектеби оқыўшыларына "Халықлар дослығы", "Нурлы Келешек" жаслар жетекшилери тәрепинен жақында басланыўы күтилип атырған Бес баслама олимпиядасының 2-мәўсими ҳаққында толық мағлыўмат берилип, қай тәризде дизимне өтиў, қатнасыў ҳаққында толық түсиниклер берилди.
Сондай-ақ, бүгинги күнде көплеген жасларға тил үйрениўде өз жәрдемин тийгизип атырған, сапалы ҳәм бийпул билим берип атырған
Ibrat Academy ҳаққында да айтып өтилди. Соннан соң мектеп оқыўшыларына дәстүрден қалай пайдаланыў кереклиги бойынша видео материал қойып берилди. Бул болса оқыўшы жасларды
Ibrat Academy ға үлкен қызығыўшылық пайда етти.
Telegram 👇
https://t.me/pressTaqiyatasFacebook |
Instagram |
Youtube