МИЛЛИЙ ҮРП-ӘДЕТЛЕРИМИЗДЕ МҮРИЎБЕТ ҲƏМ ЖƏРДЕМ ТҮСИНИГИНИӉ СӘЎЛЕЛЕНИЎИ
Үрп-әдет ең дәслеп сөз яки символ сыпатында оны қабыл етип атырған этнос санасында қәлиплеседи. Соң олардың түсинигине сәйкес сөзлер арқалы билдирилип, халық арасында қәлиплеседи.
Неше әсирлерден бери мусылман халқы менталитетине тән үрп-әдетлерден бири – мүтәж адамларға жәрдем қолын созып оларға мүриўбет көрсетиў, қыйналғанда жәрдем бериў. Мүриўбет ҳәм жәрдем дегенимиз не? Мүриўбетлик дегенде инсанлардыӊ қыйын-қыстаў күнлерде бир-бирине жәрдем қолын созыўы, бир-бирин қоллап-қуўатлаўы түсиниледи. Мүриўбетлик айырым адамларға – қәлендер, гедей, майып, күн-көрис аҳўалы басқаларға салыстырғанда бираз төмен инсанларға кеўлинен шығарып берген финанслық жәрдем – пул, мал, нан, басқа да азықлық өнимлер ҳәм кийим-кеншеклер есапланады.
Мүриўбетлик ҳәм жәрдем қолын созыў бизиӊ мусылман халықларыныӊ үрп-әдетлеринде жүдә ертеден бери бар болып, бул меҳир-ақыбет, қол-көмек ҳәм биймиллет жәрдем халық руўхына әзел – әзелден сиӊип кеткен еӊ ағла қәсийетлерден бири десек қәтелеспеймиз. ϴзбекстан қаҳарманы белгили прозаик Т.Қайыпбергеновтыӊ «Қарақалпақ дәстаны» трилогиясыныӊ «Бахытсызлар» романында ХVIII әсир қарақалпақлар турмысы сәўлелендириледи. Сол ўақытта халықты басқарған Айдос бий «Мүриўбет» күнин белгилейди. Усы күнде елдеги адамлардыӊ бәри бир-бирине мүриўбет көрсетиўи, яғный жәрдемге мүтәж инсанларға қолдан келгенинше көмек берип аўырын жеӊил етиўи, өзинен, бала-шағасынан аўысса финанслық жәрдем бериўи керек. Айдос бий мүриўбетликти дәслеп өзи баслап жетим-жесирлерге, майып ҳәм мүтәжлерге бир баспақтан жетелетеди. Олар қыйын аҳўалда қалса биз қалай тыныш уйқлап, қалай кеўлимиз қәтержам отырамыз, олар бизиӊ мүриўбетимизди күтпейди, бирақ биз өзимиз түсинип соны ислеўимиз керек, сонда олар да ўақты келип турмысы жақсыланса басқаларға мүриўбет көрсете алады. Бул еӊ ағла инсаныйлық пазыйлет деп есаплайды. Демек, бир-биреўге қыйналғанда жәрдем қолын созыў, мүриўбет көрсетиў әзелден халқымыздыӊ қанына сиӊген ағла пазыйлетлерден бири.
Ҳәзир пүткил дүнья жүзи халықлары сынаўлы күнлерди бастан өткерип атыр. Биз бундай қыйыншылықларды бир – биримизге қол берип, бир-биримизди қоллап-қуўатлап жеӊиўимиз керек. Республикамыз президенти Ш.Мирзиёев 20-апрельде өткерилген видеоселектор мәжилисинде усындай сынаўлы күнлерде халқымыздыӊ жәрдем ҳәм мүриўбетке мүтәж қатламын қоллап-қуўатлаў мақсетинде «Мүриўбет ҳәм жәрдем» улыўма халықлық ҳәрекетин жолға қойыў ҳаққындағы басламасын жәмийетшилик көтериӊки руўхта қабыл еткенине миннетдар болды. Бул мәселе бойынша жасы үлкен нуранийлер, алымлар, мәденият ҳәм көркем өнер хызметкерлери, ҳүрметли уламалар, бизнесте бирге ислесиўшилер, жаслар тәрепинен ғалаба хабар қураллары, социаллық тармақларда билдирилген пикирлер, қалыс мүнәсибетлер усындай жақсы пазыйлет халқымыз жүрегинде, қәлбинде бар екенлигин тастыйықлап тур деген еди. Бир-биреўге мүриўбет ҳәм жәрдем бериў халқымыз қәлбинде әзелден бар екенлигин бүгинги усы умтылыслар және бир мәрте тастыйықлады деп, усы басламаны шын кеўилден қоллап-қуўатлап саўаплы иске мүнәсип үлес қосып атырған барлық ўатанласларымызға, мүриўбетли исбилерменлерге муқаддес китапларымызда айтылған «Жақсылықтыӊ инамы – тек ғана жақсылықдур» деген гәпин және бир мәрте еслетип өтти.