Forward from: НЕ ЖАҢАЛЫҚ?
Ҳүрметли ўатанласлар!
Халқымыз гүллән мусылман үммети менен биргеликте үлкен қуўаныш пенен күтип алып атырған мүбәрек рамазан айы кирип келиўи мүнәсибети менен сизлерди, гөззал журтымыздағы бәрше мөмин-мусылманларды Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты жәмәәти атынан, Республикамыздың бәрше имам-хатиблери атынан, сондай-ақ ислам билим журтымыз устаз ҳәм талабалары атынан шын қәлбимнен қутлықлап, ең жақсы тилеклеримди билдиремен.
Мине усындай пайызлы ҳәм уллы күнлерде бәршемиз дәслеп Аллаҳ таалаға шүкирлер айтыўымыз тәбиий.
Ҳүрметли ўатанласлар!
Бәршеңизди мүбәрек рамазан айы кирип келиўи мүнәсибети менен және бир мәрте шын жүректен қутлықлайман!
"Дилиң - Аллаҳта, қолың - мийнетте болсын!" деген жоқары исеним менен жасап атырған халқымыз ҳәр дайым аман болсын!
Жанажан ўатанымыз, шаңарақларымыздан тынышлық, аўызбиршилик, қут-береке ҳеш қашан кетпесин!
Ийгиликли мақсетимиз ҳәм ислеримизде Аллаҳ Өзи ҳәмийше яр болсын!
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Баҳауддинов Шамсуддин
➡️ @ne_janaliq — соңғы жаңалықлар!