Алым Сейтекли


Channel's geo and language: not specified, not specified
Category: not specified


Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген көркем-өнер ғайраткери Әлимбай Сейтековтың дөретиўшилиги усы каналда

Related channels

Channel's geo and language
not specified, not specified
Category
not specified
Statistics
Posts filter


Қайырлы таң, Қарақалпақстаным!

Ана жер оянып, түнги тыныстан,
Қулан ийек таңлар атты шығыстан.
Өзиң аман болсаң әлем гүлистан,
Қуяшлы елимсең нурлы бостаным,
Қайырлы таң, Қарақалпақстаным!

Мийнетиңнен алтын өнген жериңнен,
Несибеңди шөпшеп маңлай териңнен.
Мийман келсе жай таярлап төриңнен,
Жомарт елим, досқа қушақ ашқаным,
Қайырлы таң, Қарақалпақстаным!

Топырағыңда бабалардың даңқы бар,
Оны тапталаўға кимниң ҳақы бар?
Байрағың бәлентте, гимниң жаңғырар,
Ырсқың пүтин, дәстүрханда ас-наның,
Қайырлы таң Қарақалпақстаным!

Сениң үйренилмеген тарыйыхларың бар,
Тилге тийек етер тәрийплериң бар.
Тағдийр ойынында кемтиклериң бар,
Мениң әзийз елим, тилде дәстаным,
Қайырлы таң, Қарақалпақстаным!

Тек өзиңе арналған жүрек сөзлерим,
Сенде өтер ең әндамлы демлерим.
Керек емес тас қаласы өзгениң.
Тилегим сол ашық болғай аспаның,
Қайырлы таң, Қарақалпақстаным!

Әйгәпир минезиң, қайсарлығыңды,
Сөз келсе қыпсырмай айтарлығыңды.
Биреў ерси көрсе, биреў уғынды.
Жасап келдиң кеўлин бағып басқаның,
Қайырлы таң, Қарақалпақстаным!

Жазылған тарийхлар шәлкем-шалыслаў,
Көпшилиги ҳақыйқаттан алыслаў.
Ҳәр ким көмешине тартып талқылар,
Керек пе сол лап тарийхы басқаның,
Қайырлы таң, Қарақалпақстаным!

Шайырлар жырлаған сен бир байтерек,
Әжайып диярсаң еллерден ерек.
Өзиңсиз бул дүнья кимлерге керек?!
Бул жердиң үстинде жалғыз Ўатаным,
Қайырлы таң, Қарақалпақстаным!

Алым Сейтекли

14.11.2024-жыл

1 last posts shown.