7.
----
Жазыўшы
Сағынбай ИБРАГИМОВқа
Гүлнара ДӘНИЯРОВАдан сораў:
Инсанның өмириндеги ҳәрқандай жақсы әмеллердиң уйтқысы оның балалығында салынады.
Ағайын-туўғанларыңыз сизиң балалығыңызда көп китап оқыйтуғын болғаныңызды айтып отырады.
Өзиңиздиң балалығыңыз ҳаққында айтып берсеңиз.
Сизиң
"Мениң Жамалатдин жорам" деген гүрриңиңиз маған қатты унады.
Балалығыңызда қандай кәсип ҳаққында ойлайтуғын едиңиз?
Мектепте оқыўшы ўақтыңызда көп қосықлар, гүрриңлер жазғансыз - шайыр, жазыўшы боламан деп арзыў еттиңиз бе?
Сағынбай Ибрагимов:
Балалығым туўралы жазып атырған повестим бар.
Ҳәзирше атын
"Қурқылтайдың уясы" деп қойыппан.
Жазып шамаластым.
Соңғы еки бабын толықтырып, пүтин ҳалында бир қайта қарап шығыўым керек.
Қуда қәлесе, карантиннен қутылып, аўылға қайтсақ, сол жумыс пенен шуғылланаман.
Гүзге шекем питкерсем керек.
"Мениң Жамалатдин жорам" сол повесттиң бир бабы.
Улыўма повесть усындай өз алдына гүрриңлерден қуралған.
Бизлер оқыўды
Майколхоз аўылындағы Фурқат атындағы баслаўыш мектептен басладық.
Биринши классқа баратуғын күним атам Исмайыл-молла аўылдың имамы Зияў-хожаның үйине ертип барып, пәтия алып берди.
Бул кисиниң улы
Уснатдин де мениң менен бирге биринши классқа барады екен.
Үшинши классқа келип, бизлер Уснатдин екеўмиз иркилмей ҳәм түсинип оқыйтуғын дәрежеге жеттик ҳәм әдебий китапларды оқып басладық.
Зияў-хожа ескише ҳәм жаңаша бирдей билимли инсан еди.
Сол ўақытлары баспадан шығып атырған китапларды Қоңырат, Хожели,
Нөкистиң дүканларынан сатып әкелетуғын еди.
Мен Уснатдиннен
"Алпамыс" дәстанын (Рәм шайыр жазып алған варианты болса керек), "Қурбанбек" дәстанын, Караматдин Султановтың "Ақдарийа" романын алып оқыдым.
Ҳәзир ойлап отырып, бул кисиниң ақылына қайыл қалатуғын жерим, ол сол ўақытта шығып атырған балаларға арналған китапларды да сатып әкелер еди - Шаўдырбай Сейитов,
Убайхан Садықов, Салый Садықовтың китаплары ядымда қалды.
Соңынан Уснатдин менен Ломоносов атындағы орта мектепте бирге оқыдық.
Алтыншы класымда Уснатдиннен араб алфавитин үйрендим - үйде атамнан қалған "Қәнизек қыссасы" деген китапша бар еди, соны ежелеп оқып, арабша хат таныдым.
Улыўма,
1966-жылы қайтыс болған атамнан жигирмалаған китап қалып еди.
Исмайыл атам Қарақум ийшан медресесинде оқыған.
Ол китапларды ағайнимиз Сабыт аға "ағамның көзи" деп кемпир апам
Назлымнан сорап алып кетти.
Мен ол ўақлары 10 жасымда едим.
Атамның Қуран китабын қызы Ҳәммегүл алды.
Мениң әкем Рейим ҳәм әжапам Ҳәммегүл атам менен кемпир апамның 16 баласынан қалған бир ул ҳәм бир қыз еди.
Уснатдин әкесинен араб хатын балалығынан баслап үйренген еди.
Уснатдин Зияўатдин улы ҳәзир дәрйаның сол жағының үлкен уламаларының бири.
Айтайын дегеним, мениң китап оқыўға қызығыўда қасымда
Уснатдин Зияўатдинов, Миратдин Нурыллаев, Тазахан Тәжимуратова, Қызларгүл Дәўлетова сыяқлы китап оқыйтуғын досларымның болғанының тәсири.
Бизлерден бир класс бурын оқыйтуғын Қызларгүл Нөкистен жездеси
Камал Мәмбетовтың үйинен (үй китапханасы деген экслибриси бар)
қазақ жазыўшысы Әзилхан Нуршайықовтың
"Махаббат, қызық мол жылдар" деген сол дәўирдиң бестселлери болған романын алып келгенинде, барлығымыз таласып оқыдық.
Биринши мәрте шәҳәрге - бул Хожели қаласы еди - алтыншы класымда бардым.
Сонда китап дүканынан Ибрайым Юсуповтың
"Заман ағымы",
Дәўлен Айтмуратовтың "Ағар дәрйа" топламларын сатып алдым.
Сегизинши класста Қоңырат қаласына Әскерий көриктен өтиўге (приписное свидетельство алыўға) барғанымда Улмамбет Хожаназаровтың