Сағынышым жамғыр менен баратыр
Салқын гүз асырып əбден қырсығын
Гүлдирмама қағып, таулар уршығын
Шақмаққа урланып мениң бир сырым
Сағынышым жамғыр менен баратыр
Түнги аспаныңды қапласа булыт
Сен буннан шоршыма, қəуетер қылып
Кеулимдеги оттың лебинен жылып
Сағынышым жамғыр менен баратыр
Илтимасым тыңлап, алысса əлпим
Адаспай барар ма, өзгертпей қəлпин?
Сəлемимди саған жеткерер бəлким
Сағынышым жамғыр менен баратыр
Өткинши самалдың жөнин шамалап
"Еглен" деп өтиндим, иркип, қамалап
Елпиген шашына илдим аманат
Сағынышым жамғыр менен баратыр
Сəн жоқ сенсиз дейип ышқы журтында
Шертип атыр терезеңниң сыртында
Сəл жақынлап сытырлысын бир тыңла!
Сағынышым жамғыр менен баратыр
Арасында тоқтап, қылса үзинди
Сейилге шық, еплеп басып изиңди
Тамшылары аймаласын жүзиңди
Сағынышым жамғыр менен баратыр
Қосып жоллап турман саған, бар шадым
Күнде жолдас қыла берип шаршадым
Жууап берермисең, күтсем таң шағын?
Сағынышым жамғыр менен баратыр
Жангелдиев Ниетулла (ойшыл)
25.11.2020 ж
@oyshil_qosiqlari
Салқын гүз асырып əбден қырсығын
Гүлдирмама қағып, таулар уршығын
Шақмаққа урланып мениң бир сырым
Сағынышым жамғыр менен баратыр
Түнги аспаныңды қапласа булыт
Сен буннан шоршыма, қəуетер қылып
Кеулимдеги оттың лебинен жылып
Сағынышым жамғыр менен баратыр
Илтимасым тыңлап, алысса əлпим
Адаспай барар ма, өзгертпей қəлпин?
Сəлемимди саған жеткерер бəлким
Сағынышым жамғыр менен баратыр
Өткинши самалдың жөнин шамалап
"Еглен" деп өтиндим, иркип, қамалап
Елпиген шашына илдим аманат
Сағынышым жамғыр менен баратыр
Сəн жоқ сенсиз дейип ышқы журтында
Шертип атыр терезеңниң сыртында
Сəл жақынлап сытырлысын бир тыңла!
Сағынышым жамғыр менен баратыр
Арасында тоқтап, қылса үзинди
Сейилге шық, еплеп басып изиңди
Тамшылары аймаласын жүзиңди
Сағынышым жамғыр менен баратыр
Қосып жоллап турман саған, бар шадым
Күнде жолдас қыла берип шаршадым
Жууап берермисең, күтсем таң шағын?
Сағынышым жамғыр менен баратыр
Жангелдиев Ниетулла (ойшыл)
25.11.2020 ж
@oyshil_qosiqlari