Сағынышың алып келди жамғырлар !!
Ойшылға жууап!!
Өзиң жоқта көп жыладым, жудә көп,
Жеткизбесе тәғдирге хеш шара жоқ,
Билесеңбе?! Мениң сеннен кеулим тоқ,
Сезимлериң алып келди жамғырлар💔🌦
Бас ураман естеликлер, сууретке,
Гуз самалы шарлағандай сен бетке,
Мени булай сенсизликке уйретпе,
Мени сенсиз тусинбейди адамлар!💔🍂
Көрдим сенсиз бәхәрди-де жазды-да,
Сенсизликте кең пейилим аздыма?!
Тусинбеймен өз өзимди базыда,
Мени алдап кетти, сенлик арманлар!💔🍂
Хош көремен жамғыр жауса кешқурын,
Тысырлысы саған айтар бар сырым,
Тутқыныман жаным сенлик қайғының,
Тоңдырады сол қыяллар-арзыулар,
Сағынышың алып келди жамғырлар💔🌦
Мукаррама Оразбаева
2020.25.11
Ойшылға жууап!!
Өзиң жоқта көп жыладым, жудә көп,
Жеткизбесе тәғдирге хеш шара жоқ,
Билесеңбе?! Мениң сеннен кеулим тоқ,
Сезимлериң алып келди жамғырлар💔🌦
Бас ураман естеликлер, сууретке,
Гуз самалы шарлағандай сен бетке,
Мени булай сенсизликке уйретпе,
Мени сенсиз тусинбейди адамлар!💔🍂
Көрдим сенсиз бәхәрди-де жазды-да,
Сенсизликте кең пейилим аздыма?!
Тусинбеймен өз өзимди базыда,
Мени алдап кетти, сенлик арманлар!💔🍂
Хош көремен жамғыр жауса кешқурын,
Тысырлысы саған айтар бар сырым,
Тутқыныман жаным сенлик қайғының,
Тоңдырады сол қыяллар-арзыулар,
Сағынышың алып келди жамғырлар💔🌦
Мукаррама Оразбаева
2020.25.11