Сағыныш хаты
Уақыт жүйригине исинер өкпем
Баяғы шабысын умытты көптен
Жүрисин сəл ғана өндиреғойса
Қашшан болар едим табанын өпкен
Əдиллиги қайда кетти ышқының?
Жағымлы дийдарың шийрын түс бүгин
Көзимди үзбестен, еле өширмей
Мен үплеп отырман үмит ушқынын
Бет алысым жаман кетпесин десең
Шыдамын жеткерип, еплесин десең
Сəнемим хабар бер интизарыңа
Дүньядан əрманлы өтпесин десең
Ашықпан... Айрылған жоғы-барынан
Сəудигинен дəрек таппай харыған
Уақтында султандай сезинип өзим
Бүгин мухаббаттың мəрдикарыман
Тəғдир қатал. Бəлким ол да хақ шығар
Арамызда айралықтай сақшы бар
Кеулим кептериниң қанатларында
Жиберген хатымды өзиң қақшып ал
Мындалы дəртимниң еми өзиңде
Қушағым жылытар деми өзиңде
Илтимас төбеңди бир мəрте көрсет
Ойшылға жетпеген кеми өзиңде
Жангелдиев Ниетулла (ойшыл)
27.11.2020 ж
@oyshil_qosiqlari
Уақыт жүйригине исинер өкпем
Баяғы шабысын умытты көптен
Жүрисин сəл ғана өндиреғойса
Қашшан болар едим табанын өпкен
Əдиллиги қайда кетти ышқының?
Жағымлы дийдарың шийрын түс бүгин
Көзимди үзбестен, еле өширмей
Мен үплеп отырман үмит ушқынын
Бет алысым жаман кетпесин десең
Шыдамын жеткерип, еплесин десең
Сəнемим хабар бер интизарыңа
Дүньядан əрманлы өтпесин десең
Ашықпан... Айрылған жоғы-барынан
Сəудигинен дəрек таппай харыған
Уақтында султандай сезинип өзим
Бүгин мухаббаттың мəрдикарыман
Тəғдир қатал. Бəлким ол да хақ шығар
Арамызда айралықтай сақшы бар
Кеулим кептериниң қанатларында
Жиберген хатымды өзиң қақшып ал
Мындалы дəртимниң еми өзиңде
Қушағым жылытар деми өзиңде
Илтимас төбеңди бир мəрте көрсет
Ойшылға жетпеген кеми өзиңде
Жангелдиев Ниетулла (ойшыл)
27.11.2020 ж
@oyshil_qosiqlari