" Сағыныш хаты "
Ойшылға жууап!!
Урлады ай-жыллар көзимниң нурын,
Арқалап жас басым турмыстың жүгин,
Жаныма жылыўын берген жүзиңди,
Тек "Экран" жүзинде көремен бүгин!💔🍂
Сағыныў дегениң тилсиз жаў мекен?!
Қанжарсыз тилкилеп, жанымды жеген,
Суўық самал тырнап қызыл ләбимди,
Айрылық пасылы Гүз келген екен 💔🍂
Өткен, өтмиш болып неге қалмайды?
Болып өткенлерди ақлым алмайды,
Сен қалдың, мен кеттим жүкти көтерип,
Өзи инсан қатеге-қәте жалғайды💔🍂
Өкпеге Өкиниш нәпеси толып,
Үплесем шәмензар қалады солып,
"Бахыттың қәдирин билмеген сулыў,
Ордени көксимде уш жылға жуўық"!!! 💔🍂
Мукаррама Оразбаева
27.11.2020
Ойшылға жууап!!
Урлады ай-жыллар көзимниң нурын,
Арқалап жас басым турмыстың жүгин,
Жаныма жылыўын берген жүзиңди,
Тек "Экран" жүзинде көремен бүгин!💔🍂
Сағыныў дегениң тилсиз жаў мекен?!
Қанжарсыз тилкилеп, жанымды жеген,
Суўық самал тырнап қызыл ләбимди,
Айрылық пасылы Гүз келген екен 💔🍂
Өткен, өтмиш болып неге қалмайды?
Болып өткенлерди ақлым алмайды,
Сен қалдың, мен кеттим жүкти көтерип,
Өзи инсан қатеге-қәте жалғайды💔🍂
Өкпеге Өкиниш нәпеси толып,
Үплесем шәмензар қалады солып,
"Бахыттың қәдирин билмеген сулыў,
Ордени көксимде уш жылға жуўық"!!! 💔🍂
Мукаррама Оразбаева
27.11.2020