Мукəррамаға жууап
Шара бар ма? Илаж таба билмедим
Излеу салып қай жолларда жүрмедим
Қол соззам да тута алмай атырман
Тəғдирдиң ойнақлап атқан илмегин
Шийрын дийдар мөлдегинен алыслап
Тутсам дағы турғандайман қам услап
Халым күлки қылып, хəзиллескендей
Тəғдир айтар "сабырыңнан таныс тап"
Қылығымды сабыр алып мəлелге
Дейди "ийек созбай өзиң əмелле!"
Яки өзиң мəнзил асып жетесең
Яки солай алыслардан сəлем де
Уа кеуилим! Бунша тынышсызландың?
Назын писент қылмай сонша қызлардың
Күт арыуым дедим. Бирақ соңынан
Мен өзиңди көзимнен де қызғандым
Жангелдиев Ниетулла (ойшыл)
27.11.2020 ж
Шара бар ма? Илаж таба билмедим
Излеу салып қай жолларда жүрмедим
Қол соззам да тута алмай атырман
Тəғдирдиң ойнақлап атқан илмегин
Шийрын дийдар мөлдегинен алыслап
Тутсам дағы турғандайман қам услап
Халым күлки қылып, хəзиллескендей
Тəғдир айтар "сабырыңнан таныс тап"
Қылығымды сабыр алып мəлелге
Дейди "ийек созбай өзиң əмелле!"
Яки өзиң мəнзил асып жетесең
Яки солай алыслардан сəлем де
Уа кеуилим! Бунша тынышсызландың?
Назын писент қылмай сонша қызлардың
Күт арыуым дедим. Бирақ соңынан
Мен өзиңди көзимнен де қызғандым
Жангелдиев Ниетулла (ойшыл)
27.11.2020 ж