Т О Л Ғ А Н Ы С Л А Р...
....Күндиз күлки, түнде уйқы жоқ. Миллетшил болайын демейсең, жулыныңа түртеди, сиясатшыл болайын демейсең, изей суўдай кем-кем алып баратыр. Ҳеш кимге зәҳәриңди шашып, жаўыз болайын демейсең, зәҳәр ишкизип, ишиңди уў жалағандай қылады.
Қайта-қайта шаўып келип: --"Ал-ҳа Мойнақ, ал-ҳа Бозатаў",--деп, соңынан Тахтакөпир, Шымбайды гүллендиремиз дей бергенинен жүрегим сескени-ақ еди-аў:--"Бул не қылған батпан қуйрық, шүдигарда жатқан қуйрық, бир бәлеси болмаса....",--деп....
Төбеме гүрзи менен урғандай жайсыз хабар интернетти аралап кеткенде, тап өзимди бирден атқа қонып, жаўға атланып баратырғандай кейипте сездим. "Әҳ, әзиз апаларым Тумарис, Гүлайым усындайдан жаўынгер болып атқа қонған екен ғой",---деген ойларға кеттим. Мен усы жасымда жаўынгер бола аламан ба, жасым 70 тиң асқарына жетипти. Жән-жағымды қарманып, суўға кеткен адамдай тал қармайман. Не ислеў керек?! Үйдиң қасындағы мөлдек жеримизде отақ отап жүрип, малды арқанлап былай-былай жылыстырып жүрип, таўықларды:--"Ҳә, төт ширкин, жүўериниң ишинде бәле бар ма?",--деп жүрсем де, геллемнен --не ислеў керек?--деген сораў кетпей-ақ қойды.
Интернетке кирсем, жылп-жылп етип "Е" биресе көринип, биресе, биротала жоқ болып кетип тур, Wi fi дегенниң де аўылы бизге еле алыслаў қусаған.
Айтқандай, усы --"Wi fi ды тартып алсақ жақсы болар еди, бизиң аўылларға да цивилизациясының шуўағы кирсин",--деп, қоңсыларға хабарласып, ҳәммесиниң атынан өзим районлық байланыс бөлимине де бардым-аў өткен жылы! Байланыс бөлиминиң бас инженерине кирип:--"Ал, бала, бизге Wi fi керек",--деп дүрс еткизип айта салдым. "Бала" ---"бул кемпирге Wi fi неге керек",--дегендей бетиме қарап отырды да:---"Апа, Wi fi ды аўылыңыздың гезеги жеткенде қурып беремиз, соған дейин күтесиз",--деди.
---Гезек қашан жетеди?
---2023-жылы.
----Ойбуу, еле еки жыл бар екен ғо, илаж жоқ күтемиз.
Wi fi жөниндеги әңгиме соның менен тамам!
Ал, ҳәзир "Е" менен еплеп атырмыз, ол да кеўли келсе көл, кеўли келмесе шөл, видеоны ашып көриў қыйын, комментарияларды бирде оқып үлгерип қаласаң, бирде аппақ болып турады да қояды.
"Қатын ерге қарайды, ер жерге қарайды",--деген заман. Халық, соның бири өзим басшылар не қылып атыр екен, халық қәлеўлилери депутатларымыз қандай ойда--деп жаңағы "Е" менен жән-жақты шарлап барластырдым. Қандайда бир жақсы үмитлер менен изледим-аў, излегеним бар болсын, тоты қустай:--"өзгерислерди халық бир аўыздан мақуллап атыр, анаў-мынаў емес көтериңки руўҳта "мақуллағанбыш". Қатыншалап сөгип:--"қудайдың ашыған гүрбектей өлимин жепсең",--деп жибердим, ғәзебим қайнады:---ҳә, исенген өгизим сен болсаң, гүйсегениңди урайын!" . Басы женшилген жыландай таўландым-ә!
Және бир үмиттиң ушлығы көрингендей: 1341 бар екен-аў!
Қолыма телефонды алып жүўери атыздың аяқ бетиндеги аўылды суў менен тәмийинлеп турған жаптың бойындағы қатара егилген қара тал, бухар таллардың қойыў саясына барып, жайласып отырып алдым да 1341 ди таўладым, үш тилде қаяққа хабарласып атырғанымды, үш тилде "оператор жуўабын күтиңиз",--деп айтады да сырт етип өшип қала береди. Ҳаўўў!
Райондағы иниме қоңыраў еттим:
---"Ҳаў, мынаў сөйдеп-сөйдеп сырт еткизип өширип таслай береди-ғо!"
---Әжапа, қоңыраў еткеннен соң музыка еситиледи, бир 5-10 минуттай күтесиз.
---Ҳаў, музыка түўе бәле де жоқ, сырт етип өшип қала береди-ғо! Иним күлип:
----Әжапа, онда адам көп болып турған-ғо, қоңыраў ете бериң.
----Яқшы ыы!
Және қоңыраў, және қоңыраў. Әй, бир ўақытта музыка еситилди-аў! Қуўанып кетип, қайта-қайта тәкирарланып шертилип атырған музыканы тыңлап отырып, жаптың екинши тәрепиндеги, өзлеримиз "аўылдың парки",--деп атайтуғын тораңғыллыққа, жаптың бойындағы ғаррымыз екеўмиз жигирмалаған жыл бурын еккен қара тал, бухар тал, оның арғы жағындағы атызымызда көгерип турған жүўерилер, қатара үйлер, үйлердиң жыңғыл қораларына қарап отырып, жүрегим бир шерге толып кеткендей, көкирегим ыдырап көзимнен жас кетип атыр, кетип атыр, қатты өкирип бир жылағым келе береди, --"қой, ҳәзир оператор жуўап берип қалса сөйлесе алмай қаларсаң, маңлайы қатты!",--деп өзимди-өзим қатайтып тоқтатқым келеди, ---я яяяққ, тоқтай алар емеспен.