Тилим айта алмас кеулимде барын
(Қарақалпақ айтысы топарында қойылған темаға)
Баяғы бағдаман, тынық əтирап
Сытырласып, желге ушар жапырақ
Ойынын гүзетсе көзим жадырап
Жерге төгилгени келтирер арым
Неге солай, хəр нəрсениң паяны?
Гүулеген тереклер жойтқан саяны
Тап маған сəйкестей ишки баяны
Таныс көринеди аңлағанларым
Қыял қорғанымда бузғыншы елес
Мазалысын қууып, қылар төбелес
Ишке артқан жүгим жəдə көп емес
Бирақ... Буннан зыят көтермес нарым
Дəрт жарасы уақыт пенен жамалып
Сенсизлик үйине қалдым қамалып
Хəзир қайлардасаң? Тыңлат жаңалық!
Кеуил берип, қолын бермеген ярым
Көринер шадлықтың мəнзили алыс
Сен де тилеклес бол, қосыл, ат салыс?!
Жубымды излеймен. Нийетим қалыс
Бахыт табарман деп, быйыл я жарын
Гəде солай саған түңилгенимде
Яки сүуретиңе тигилгенимде
Илəжсыз ишимнен гүбирледим де
Тилим айта алмас кеулимде барын
Жангелдиев Ниетулла (ойшыл)
29.11.2020 ж
@oyshil_qosiqlari
(Қарақалпақ айтысы топарында қойылған темаға)
Баяғы бағдаман, тынық əтирап
Сытырласып, желге ушар жапырақ
Ойынын гүзетсе көзим жадырап
Жерге төгилгени келтирер арым
Неге солай, хəр нəрсениң паяны?
Гүулеген тереклер жойтқан саяны
Тап маған сəйкестей ишки баяны
Таныс көринеди аңлағанларым
Қыял қорғанымда бузғыншы елес
Мазалысын қууып, қылар төбелес
Ишке артқан жүгим жəдə көп емес
Бирақ... Буннан зыят көтермес нарым
Дəрт жарасы уақыт пенен жамалып
Сенсизлик үйине қалдым қамалып
Хəзир қайлардасаң? Тыңлат жаңалық!
Кеуил берип, қолын бермеген ярым
Көринер шадлықтың мəнзили алыс
Сен де тилеклес бол, қосыл, ат салыс?!
Жубымды излеймен. Нийетим қалыс
Бахыт табарман деп, быйыл я жарын
Гəде солай саған түңилгенимде
Яки сүуретиңе тигилгенимде
Илəжсыз ишимнен гүбирледим де
Тилим айта алмас кеулимде барын
Жангелдиев Ниетулла (ойшыл)
29.11.2020 ж
@oyshil_qosiqlari