ҚАРАҚАЛПАҚ САЛТ-ДӘСТҮРЛЕРИ ҲӘМ ҮРП-ӘДЕТЛЕРИ


Гео и язык канала: не указан, не указан
Категория: не указана


Каналымызда қарақалпақ халқының әййемнен киятырған үрп-әдетлери ҳәм салт дәстүрлери ҳаққында Shahzoda Allamuratova.

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Гео и язык канала
не указан, не указан
Категория
не указана
Статистика
Фильтр публикаций


---Ўай-ўай ғана ана жерим-аў, туўылған мәканым-аў, Ўатаным-аў, буншелли шийрин, буншелли қымбат екениңди усы ўақытқа дейин сезбедим бе, кешир мени!--деймен---сөйтип айқырықты салып бир жылап шеримди тарқатқым келеди-аў!
Бирақ, жаптың бойында "ўай-ўай" салсам, кейни патырат болып кетерин билип отырман. Қой, патыратласпай отырайын!
Оператор да алды-аў! Өзимди басып: ---Ассалаўма әлейкум, мен Қарақалпақстан Республикасы [арнайы қаттырақ айттым усы еки аўыз сөзди] Нөкис районы турғыны Шахзада Алламуратова, 1952-жылы, 15-декабрьде туўылғанман. Мен Өзбекстан Республикасы конституциясының XVII бабы, 70, 71, 72, 73, 74, 75 статьяларының өзгериўине қарсыман,--деп оператордың жуўабын еситип, -бир-биреўге аман болың, соғ булинг-ди айтысып, "уҳҳ!",--дедим.

Және шуқланып отырып, баяғы "Е" менен еплеп
meningkonstitutsiyam.uz -ға киргим келди. ONE.ID деген жазыў шықты, "Авторизациясын" "Е" еплей алмады.
----Яқшыыы! Солай тура тур, райондағы төркиниме барып, Wi fi менен көремен сени!

Усы қатарларды үйде жазып отырғанда да көзимнен жас қуйылып баратыр, бирақ, үним шықпай иштен жылап отырман.😥😥😥
Бул да бир Алланың бизге берген өткинши сынағы болар. Бир қысым топырақты қәстерлеп, белине түйип кеткен бабаларым, мен Сизлерди енди түсиндим!. Жаў кийимин кийип, ерлер менен тең атқа минген Аналарым, мен Сизлерди енди түсиндим! Қарақалпақты өз алдына ханлық дүзип, үлкен ел қыламан деп шейит болған Бабаларым, мен Сизлерди енди түсиндим!
Қарақалпақты СТАН қылып, кең мол шегарасын сызып берген Аллаяр бабам, мен Сизди енди түсиндим. Бабаларым, Аналарым, не деген көреген дана едиңизлер, даналығыңызды енди түсиндим!

Бундай толғаныслар ҳәзирги күнде тек бир мениң басымнан емес, қарақалпақ Халқының [буның ишине сатқын басшылар менен депутатлар кирмейди] ҳәр бир ул-қызының басынан өтип атыр. Алла! Кең пейилли, саўдыраған баладай ақ кеўил, халқыма өзиң яр болғайсаң! Иши қара зымыянлардың "аренда", т.б. гөрбай-жербай сылтаўларды анаўсы анаў деп, мынаўсы мынаў деп, Аллаяр бабамыз сызып берген шегарамызды шунтыйтып таслаған, ендиги қалған жеримизди өзиң сақлай гөр! Әўмин!🙏🙏🙏


#Shahzoda_Allamuratova


Т О Л Ғ А Н Ы С Л А Р...

....Күндиз күлки, түнде уйқы жоқ. Миллетшил болайын демейсең, жулыныңа түртеди, сиясатшыл болайын демейсең, изей суўдай кем-кем алып баратыр. Ҳеш кимге зәҳәриңди шашып, жаўыз болайын демейсең, зәҳәр ишкизип, ишиңди уў жалағандай қылады.

Қайта-қайта шаўып келип: --"Ал-ҳа Мойнақ, ал-ҳа Бозатаў",--деп, соңынан Тахтакөпир, Шымбайды гүллендиремиз дей бергенинен жүрегим сескени-ақ еди-аў:--"Бул не қылған батпан қуйрық, шүдигарда жатқан қуйрық, бир бәлеси болмаса....",--деп....

Төбеме гүрзи менен урғандай жайсыз хабар интернетти аралап кеткенде, тап өзимди бирден атқа қонып, жаўға атланып баратырғандай кейипте сездим. "Әҳ, әзиз апаларым Тумарис, Гүлайым усындайдан жаўынгер болып атқа қонған екен ғой",---деген ойларға кеттим. Мен усы жасымда жаўынгер бола аламан ба, жасым 70 тиң асқарына жетипти. Жән-жағымды қарманып, суўға кеткен адамдай тал қармайман. Не ислеў керек?! Үйдиң қасындағы мөлдек жеримизде отақ отап жүрип, малды арқанлап былай-былай жылыстырып жүрип, таўықларды:--"Ҳә, төт ширкин, жүўериниң ишинде бәле бар ма?",--деп жүрсем де, геллемнен --не ислеў керек?--деген сораў кетпей-ақ қойды.

Интернетке кирсем, жылп-жылп етип "Е" биресе көринип, биресе, биротала жоқ болып кетип тур, Wi fi дегенниң де аўылы бизге еле алыслаў қусаған.
Айтқандай, усы --"Wi fi ды тартып алсақ жақсы болар еди, бизиң аўылларға да цивилизациясының шуўағы кирсин",--деп, қоңсыларға хабарласып, ҳәммесиниң атынан өзим районлық байланыс бөлимине де бардым-аў өткен жылы! Байланыс бөлиминиң бас инженерине кирип:--"Ал, бала, бизге Wi fi керек",--деп дүрс еткизип айта салдым. "Бала" ---"бул кемпирге Wi fi неге керек",--дегендей бетиме қарап отырды да:---"Апа, Wi fi ды аўылыңыздың гезеги жеткенде қурып беремиз, соған дейин күтесиз",--деди.
---Гезек қашан жетеди?
---2023-жылы.
----Ойбуу, еле еки жыл бар екен ғо, илаж жоқ күтемиз.
Wi fi жөниндеги әңгиме соның менен тамам!

Ал, ҳәзир "Е" менен еплеп атырмыз, ол да кеўли келсе көл, кеўли келмесе шөл, видеоны ашып көриў қыйын, комментарияларды бирде оқып үлгерип қаласаң, бирде аппақ болып турады да қояды.

"Қатын ерге қарайды, ер жерге қарайды",--деген заман. Халық, соның бири өзим басшылар не қылып атыр екен, халық қәлеўлилери депутатларымыз қандай ойда--деп жаңағы "Е" менен жән-жақты шарлап барластырдым. Қандайда бир жақсы үмитлер менен изледим-аў, излегеним бар болсын, тоты қустай:--"өзгерислерди халық бир аўыздан мақуллап атыр, анаў-мынаў емес көтериңки руўҳта "мақуллағанбыш". Қатыншалап сөгип:--"қудайдың ашыған гүрбектей өлимин жепсең",--деп жибердим, ғәзебим қайнады:---ҳә, исенген өгизим сен болсаң, гүйсегениңди урайын!" . Басы женшилген жыландай таўландым-ә!

Және бир үмиттиң ушлығы көрингендей: 1341 бар екен-аў!
Қолыма телефонды алып жүўери атыздың аяқ бетиндеги аўылды суў менен тәмийинлеп турған жаптың бойындағы қатара егилген қара тал, бухар таллардың қойыў саясына барып, жайласып отырып алдым да 1341 ди таўладым, үш тилде қаяққа хабарласып атырғанымды, үш тилде "оператор жуўабын күтиңиз",--деп айтады да сырт етип өшип қала береди. Ҳаўўў!
Райондағы иниме қоңыраў еттим:
---"Ҳаў, мынаў сөйдеп-сөйдеп сырт еткизип өширип таслай береди-ғо!"
---Әжапа, қоңыраў еткеннен соң музыка еситиледи, бир 5-10 минуттай күтесиз.
---Ҳаў, музыка түўе бәле де жоқ, сырт етип өшип қала береди-ғо! Иним күлип:
----Әжапа, онда адам көп болып турған-ғо, қоңыраў ете бериң.
----Яқшы ыы!

Және қоңыраў, және қоңыраў. Әй, бир ўақытта музыка еситилди-аў! Қуўанып кетип, қайта-қайта тәкирарланып шертилип атырған музыканы тыңлап отырып, жаптың екинши тәрепиндеги, өзлеримиз "аўылдың парки",--деп атайтуғын тораңғыллыққа, жаптың бойындағы ғаррымыз екеўмиз жигирмалаған жыл бурын еккен қара тал, бухар тал, оның арғы жағындағы атызымызда көгерип турған жүўерилер, қатара үйлер, үйлердиң жыңғыл қораларына қарап отырып, жүрегим бир шерге толып кеткендей, көкирегим ыдырап көзимнен жас кетип атыр, кетип атыр, қатты өкирип бир жылағым келе береди, --"қой, ҳәзир оператор жуўап берип қалса сөйлесе алмай қаларсаң, маңлайы қатты!",--деп өзимди-өзим қатайтып тоқтатқым келеди, ---я яяяққ, тоқтай алар емеспен.




Қарақалпақша умытылған ай атлары.
,,Шежиреден".

1.Әптап [март]-афридунлер айының дәслепки айы фарвардин деп аталады.Мәниси-Күн, яғный Қуяш дегени.Бул айда өсимликлерге жан ене баслайды.
Григориан календарында-март делинеди.
Март грек мифологиясындағы Марс қудайы атынан алынған.
,,Әптапқа шығыў" ,,Кемпир қуяш" түсиниклери усы Қуяшқа сыйыныўдан алынған.

2.Сәўир [Апрель]--екинши айы урдбихишит.
Бул айда дүнья жәннеттеги х,алына келеди.
Қарақалпақшада,, Сәўир болмай, тәўир болмас" деген түсиник усыннан алынған.
Әптап [Қуяш]--бул айда сәўирде болады.

3.Жаўза [Май]--үшинши айы, ҳурдад.
Адамларға бийдай,арпа,жемис-жийдек өзлериниң өнимлерин бере баслайды. Май-грек мифологиясындағы қудайша Майя нимфаның атынан алынған.
,,Жаўзада жаўдай егис" дейди қарекең.

4.Саратан [Июнь]-төртинши айы, тир.
Жаз айының басланыўы. Июнь әййемги грек қудайшасы Юнонаның атынан алынған. "Саратанның ыссысы" түсиниги усыннан алынған.

5. Ҳәсет [Июль]--бесинши айы,мурдод.
Бул айда-топырақ,тозаң тусине енеди. Июль
-Әййемги Римниң сиясий искери, диктатор Юлий Цезарьдың атынан алынған. "Ҳәсеттиң айы" түсиниги усыннан қалған. Әптап, Қуяш усы айда Ҳәсетте болады.

6.Сүмбиле [Август]-алтыншы айы, шах, ривар.
Жемис-жийдеклер толық писип, "ханда ғарық-кәмбағалда ғарық" болатуғын ай. Август-Юлий Цезарьдың ақлығы,Рим императоры Август Октавианның атынан алынған. Дийханлар ушын салық төлеўге қолай ай.Жаздың соңы.Ел арасында ,,Сүмбиле түсти-сүмпийип" деген гәп бар.

7.Мийзан [Сентябрь]-жетинши айы,мех,ир.Адамлардың бир-биреўине мириўбетли болыў айы. Дийханлар тилинде , ",Мийзан түсти" делинеди.Сентябрь ,латынша ,,жети" сөзинен алынған.Цезарь реформасына дейин жылдың жетинши айы болған.

8.Ақыреп [Октябрь]-сегизинши айы, абан.
Жаўын-шашын көбейеди, суўдың қәдди көтериледи.Октябрь латынша, "сегиз" сөзинен алынған.Әййемги Римде- сегизинши ай болған. ,,Ақырепте урмаса,ақыреттеде урмайды"--деген усы айдың атына байланыслы.

9.Қаўыс(Ноябрь)-тоғызыншы айы,азар.
Күн суўыта баслайды,жыллы азаяды.Ноябрь латынша,,тоғыз" сөзинен алынған.Әййемги Римде тоғызыншы ай болған.

10.Жәддий(декабрь)-оныншы айы,дай. Қәҳәрли, ызғарлы, жер сарғайып көгериуден қалғанлықтан усылай аталған.Декабрь латынша-"он" дегени. Әййемги Рим календарында оныншы ай.

11.Зуҳал [Январь]-он биринши айы,бахман.Дай айына уқсас,сууықта болады,қурғақта болады күнлери.Январь грек мифологиясындағы еки жүзли Янус қудайы атынан алынған. (,,Двуликий Янус" дейди орыслар).

12.Х,ут(февраль)-он екинши айы,испандармуз.Пех,левийлер тилинде ,,жемис" дегенди аңлатады. Бул айда Иранда жемис ағашлары менен өсимликлер көгере баслайды. Февраль,латынша-,, пәклениу айы"сөзинен алынған. Әййемги Римдеги тазаланыў дәстүрине тийкарланған.

Р.S
Мине,Қуяш жыл даўамында усы 12-айды басып өтип, келеси жылы жолын және қайталайды. Материалларды таярлаўда орта әсирлердеги парсы шайыры Омар Ҳайямның "Наўрызнама" китабынан пайдаланылды.Тил байлығымызда бул атамалардың сақланып қалыуы -Қуяшқа сыйыныў заманларының қалдықлары турмысымызда еле де бар, ҳәтте қайта жанланып атыр деген сөз.

Негизи усындай ески атамадағы сөзлеримизди байытып бара бергенимиз дурыс ақ себеби усындай ески сөзлерди көбирек үйренген сайын тарийхымызға да тереңирек кирип бурын көп айтылмаған тың дереклерди ушыратыўымыз мүмкин...
Дем алыс күнлериң жақсы, мазмунлы,
кеўилли өтсин, қәдирданлар!

Удербай Нийетуллаев.
Facebookтеги топарының администраторы.




Репост из: Жайсанбаев Бектібай
– Басыңда не бар?
– Тәж-дәулет.
– Құлағыңда не бар?
– Азан-қаумет.
– Көзіңде не бар?
– Нұр-Мұхамбет.
– Қасыңда не бар?
– Кәләмі Құдірет.
– Маңдайыңда не бар?
– Сәжде-ғибадат.
– Мұрныңда не бар?
– Ырзық-жәннат.
– Аузыңда не бар?
– Кәләм-шаһадат.
– Тілегіңде не бар?
– Дидар-талап.
– Жүрегіңде не бар?
– Зікір-салауат.
– Рухыңда не бар?
– Ақыл-парасат.
– Нәпсіңде не бар?
– Сабыр-қанағат.
– Ойыңда не бар?
– Алла тәбәрәк.
– Бойыңда не бар?
– Мейір-махаббат.
– Кеудеңде не бар?
– Жан-аманат.
– Мойныңда не бар?
– Парыз-сүндет, уәжіп
– Пешенеңде не бар?
– Тағдыр-қиямет.
– Жүзіңде не бар?
– Иба-әдеп.
– Қалыбыңда не бар?
– Иман-әдет.
– Иығыңда не бар?
– Қос періште – ой-берекет.
– Беліңде не бар?
– Кемер-қуат.
– Тізеңде не бар?
– Ізет-құрмет.
– Қолыңда не бар?
– Қайыр-сахауат.
– Аяғыңда не бар?
– Жол-шариғат.
– Алдыңда не бар?
– Ақ құбылам – пір-тарихат.
– Мақсатыңда не бар?
– Дүр-хақиқат!


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Саламат_Аяпов_"Айқулаш"_ансамбли_менен


"ҚЫЗ ҚУЎЫЎ"

Орта Азияда жасаўшы қазақ, қырғыз ҳәм т.б. халықлары сыяқлы қарақалпақ халқының да әжайып салт-дәстүрлери көп. Солардың ишиндеги жасларымыздың хәр тәреплеме уқыплылықларын, шеберлик хәм шаққанлығының сынға түсетин жери ─ "Қыз қуўыў"дәстүри. Бул дәстүрде қыздың да, жигиттиң де шабандозлық өнери сынға түседи. Ат спортының түрлерине киретуғын бул дәстүр әййемги дәўирлерден берли халқымыз бенен бирге жасасып киятырған дәстүр: бунда атлы қызды атлы жигит қуўып жетиўи керек, егер жигит белгили мәрреге дейин жете алмаса, қыз жигитти қамшы менен сол өзлери атланған мәрреге шекем урып келеди. Жигит белгилеген мәрреге жетпей-ақ қызды қуўып жетсе, қызды сүйеди, гейпара ўақытларда үйлениўге тилек билдириўи де мүмкин.

#Shahzoda_Allamuratova

t.me/kketnografiya




Репост из: ҚАРАҚАЛПАҚ МИЛЛИЙ ҚОСЫҚЛАРЫ
#Рәўият
📗Бесиктиң пайда болыўы.
🌴
Кең қулаш жайған түрки жерлерин аты шыққан Мийзан бап баба қорғайды екен. Қара қытайлар бул жерлерге көз алартып шабыўыл жасайын десе Мийзан баптан қорқады екен. Бабамыздың бир әдети терек егиў бағ турғызыў болып бул кейин ала кәсипке айланып кетипти. Ел-журт бағдың пири Мийзан бап деп атайтуғын болыпты. Усы түркий халықлар жерлериндеги қалың тоғайлар сол атаның еккен тереклери деседи.
Баба бир жүз елиў жыл жасап қайтыс болыпты. Баптың қайтыс болғанын еситкен қытайлар бир күнде келип оның тоғайларына от берип жиберипти. Сол ўақытта Мийзан баптың баласы Айдарбек бий алыста жүр екен. Әкеси түсине аян берип: "Пейли тар көре алмаслар мениң тоғайларымды өртеди",- дейди. Айдарбек бий ертеңине жетип келеди. Тоғайлықтың бәри жанып болыпты тек ғана бес терек шақалары жанбай қалыпты. Бий әкесине Қуран оқып сол жанбай қалған путаларды алып үйине қайтады.
Бир күни Айдарбек бийдиң туу́ылған баласы жылай береди. Ҳаялы екеўи не ислерин билмей албырап қалады. Тәў́иплерди әкелип көрсетседи қызы жубанбайды. Бий қатты қыйналып, қызының жылағанына шыдамай сыртқа шығып кетеди де Аллатааладан тилек тилеп шыпа сорайды. Бир ўақытта қызының даў́сы шықпай тоқтап қалады. Бир нәрсе болдыма екен деп ишке жуўырып кирсе қызының қасында ақ кийимли бир адам отыр екен. Ол жанбай қалған путаларды бир-бирине қурастырып ишине бөпени салып тербетип отыр екен. Айдарбек жақынлаған ўақытта сол адам көзден ғайып болады. Бий буны Алладан келген ишара деп түсинеди. Ертеңине сол бес ағашдан бесик соғады. Қызын соған салса жубанып, мазалы уйқыға кетеди. Соннан бесик пайда болып ол кейин ала қәсийетли затқа айланып халық арасында кең жайылады. Сол себептен "бесикти отқа жақпа", " аяғыңа баспа", " қәдирлеп усла" деген түсиниклер пайда болған.
📝📝📝
@ibratli_sozler
https://t.me/ibratli_sozler


Ерлан Нурғалиев пенен Қаныш Нуртазинов деген еки қорықшы кийиклерди гүзетип жүрип, браконьерлердиң қолынан қаза тапты.

Ҳәзир қазақ даласындағы сайғақлар саны 150 мыңнан асады. 1980-жылларға дейин олардың саны 2-3 млн-ның дөгерегинде болған. Ал, 2003-жылы 23 мыңы ғана қалған. Неге сонша азайды,-деп ойлайсыз? Себеби, 80-жылларға дейин қазақ арасында сайғақ туўралы аңызлар, ертеклер, нама-қосықлар жийи айтылатуғын еди. Журт оны кийели деп исенетуғын еди. Ал, аңыз-қысса айтатуғын бурынғы жасы үлкенлер азайып еди, журт жыбырлаған тири жәнлик көрсе болды, шимирикпей қыра беретуғын тасжүрекке айланды.

Ҳаслында, ески заманның "экологлары"--аңызшыл жасы үлкенлер бүгинги экологлардан әллеқайда тийимли жумыс ислеген еди. Ҳәзир аң-қусты сақлайтуғын илим--экософия. Буны эколог-алымлардың көпшилиги мойынлайды.

Америкалық экософ Б.Кэлликот:
«Жер шарын саў-саламат сақлағымыз келсе, барлық қәсийетли диний мәтиннен экологиялық этиканы бөлип алып, арнаўлы пән ретинде қәлиплестириў керек»,--деп жер жүзи алдына усыныс таслады. Оның канадалық кәсиплеси Дэвид Сузуки де: «Тәбиятты сау-саламат сақлаў ушын баланың жан дүньясы сакраль дүнья таным менен байыўы керек»,--деп оны қоллай кетти.
Линн Уайт исимли және бир америкалық алым: «Экологияны қорғаў менен айланысатуғын жаңа дин ойлап табыў керек, ямаса умытылған ески аңызларды қайта тирилтиў керек»,-- деп уран көтерди.

Соның нәтийжесинде, ҳәзир әлемниң гейпара рауажланған еллери экософияны мектепке қосымша пән ретинде киргизип атыр. Биз де өз тәрепимизден буған үлес қосыўды жөн көрдик. Себеби, жер шары--адамзаттың ортақ үйи. Оның аң-қусы менен өсимлиги де-- адамзаттың ортақ дүньясы. Оны қорғаў ушын жумыла гүресиў керек. Сонлықтан бул китапта қазақ арасындағы аңызларды мүмкинлигинше жыйнаўға тырыстық. Усы китаптағы аңыздың тәсири менен тәбияттағы бир аңды аман сақлап қалсақ, бул биз ушын үлкен жетискенлик.

«ЭКОСОФИЯ ямаса КИЙЕЛИ ТӘБИЯТ» китабынан.

#Экософия #Кийелитәбият
#Қызылкитап

Saken Zhurgenтың жеке профилинен алынды.

Қарақалпақ тилине аўдарған Shahzoda Allamuratova

@facebook

🦆🐦🐇
🐎🐧🐄🦆🐦🐆🐎🐇🐥🐐


#БилгенДурыс

«««««ЭКОСОФИЯ ДЕГЕН НЕ? »»»»»

Бир күни Арне Несс деген алым көшеде шымшық қуўып жүрген бир топар баланы көреди. Сол ўақытта бир үйдиң шарбағына қарлығаш келип қонады. Балалардың биреўи қарлығашты гөзлеп тас атпақшы болады.Балалар шуў етип:
~Хәй, ақмақ, атпа! Болмайды!--деп жабыла кетеди.

Ана бала сасқалақлап қалып:
--Неге? Не ушын?--деп сорайды.
--Негеси қалай? Қарлығаш--кийели қус, әке-шешең айтпап па еди?--деп кейийди. Бир ўақытта жол үстине кептер келип қонады. Жаңағы бала жанындағыларға қарап:
--Ал, кептерди атса бола ма? Бул да кийели ме?--депти жасқана сорап.

Бул көринис Арне Несске ой салады.
Тәбияттағы гейпара аң-қустың кийели аңызы бар. Адамлар оларды сол ушын қәдирлейди. Ал, аңызы жоқ ямаса умытылған аңлар надан адамның кеўил көтериў объектисине айланып, әсте-әсте жойылады. Сонлықтан ҳәр жәниўардың аңызын излеп, оларды тәрийплеў керек. Мәселен, жаңағы балалар шымшықтың аңызын билсе, оны да қарлығаш сыяқлы атпас еди.Керисинше, жанашыр болып, жем шашыўы мүмкин.

Енди қарлығашты алып қарайық. Ол "Қызыл китап"та жоқ, мәмлекет те оны қорғап атырған жоқ. Қусты сақлап турған--қарлығаш туўралы кийели аңызы. Болмаса, биологиялық көз-қарастан шымшық пенен қарлығаштың айырмашылығы шамалы.

Сөйтип Арне Несс 1973-жылы «Экософия» ямаса «Deep ecology» деген илимге тийкар салады. Мәнис-мағынасы: тәбияттың кийели мәнисине үңилиў деген сөз. Ал, экологияға кийели мәнини сиңиретуғын нәрсе иләҳий китап, пайғамбарлар менен әўлийелер.
Ҳәр аң менен қустың артында иләҳий мазмун турмаса, ол жәниўар тәбияттан оңай жойтылып кетеди. Арне Несспен келиспеске иләжиң жоқ.

Мысалы, Қаратаўда Бабатүкли Шашлы Әзийз әулийениң булағы бар. Оны Жыллыбулақ деп атайды. Булақтан жыйланған кишигирим көлде балық жүдә көп. Бирақ, оларды ҳешким аўламайды. «Әўлийениң балығы» деп, тийисиўге қорқады. Оннан басқа жердиң бәринде балықты қырып аўлап атыр. Сол сыяқлы Маңғыстаўдың Оғланды таўындағы арқар, кийиклерди қараңыз. Емин-еркин жайылып жүреди. Адамнан үрикпейди. Адамлар да оған тиймейди. Себеби, оны Бекет атаның арқары деп биледи. Ал, оннан басқа жердеги арқар менен кийик адамның өзи түўе ийиси жетсе қашады. Яғный, Оғландыдағы арқарды сақлап турған--Бекет атаның шарапаты.

1985-жылы мынадай тәжирийбе жасалды. Тайландлық Нэнси Нэшем деген алым экософияны биринши рет әмелиятқа ендирген. 1985-жылға дейин Тайландта экология кескин жаман аўҳалға түсип, адамлар аң-қусты қалай болса, солай атып, қыра баслайды. Маймылдың өзи азайып кетеди. Сол ўақытта бул эколог Будданың 2500 жылдан берги жыйналған илимлерин ақтарып, экософия аңызларын жыйнайды. Будданың пил менен сөйлескен, маймылдың басынан сыйпаған, қотыр ийтке суў берген, ағаш еккен қыссаларын оқыў орынларына тегин таратады.

Арадан 20-30 жыл өткенде жаңа буўын өсип шығады. Бир қызығы, жаңа әўладта экологиялық этикет қәлиплеседи. Олар аңларға тийиспейди. Бәрин кийели деп есаплайды. Бул бир жағынан, ериксиз эффект пайда етти. Усының арқасында Тайланд тәбияты экзотикалық туристлик еллердиң бирине айланды. Экософия ең алды менен, мектептеги биология пәнин сынайды. Олар аң-қусты биологиялық өлшемге салып, түрли отрядқа бөлип таслады. Соның кесиринен бала жәниўарларға бир-биринен айырмашыдығы жоқ биологиялық объект деп ғана қарайды. Оларға жаны ашымайды. Қоршаған ортаны, ҳәр бир тиришилик ийесин кийели, сакраль дүнья ретинде қабыллай алмайды. Ҳаслында, балаларға биология пәни менен биргеликте жәниўарлардың кийесин баянлайтуғын аңызлар да айтылыўы керек. Сол дәстүрдиң болмаўынан жер жүзинде аң-қусқа мийримсиз, оларды қыра беретуғын жаңа тасбаўыр әўлад өсип киятыр.

Бул Қазақстанға да, басқа еллерге де таң қаларлық емес. Ҳәзир елдиң флора менен фаунасын қорғаў жылдан-жылға қыйынлады. Мәмлекет «Қызыл китап»тағы дизимди көбейтип, браконьерлер менен гүрести күшейтип, айып пул менен жазаны арттырғаны менен, жәниўарларға деген «геноцид» тоқтайтуғын емес. Аң-қустың айрықша түрлери жойтылып та баратыр. Браконьерлер аң түўе, оны қорғап жүрген қорықшыны да шимирикпей атып таслайтуғын жағдайға жетти. Соңғы бир жылда усындай еки ўақыя дизимге алынды.






{6-сөз}

ҚӘДИРИН БИЛМЕС:

Жаман еркек яр қәдирин билмес,
Жайсыз әйел ер қәдирин билмес,
Жалқаў адам тер қәдирин билмес,
Шөллемеген суў қәдирин билмес,
Аш болмаған нан қәдирин билмес,
Бақпағанлар мал қәдирин билмес,
Егин екпей жер қәдирин билмес,
Басына ис түспеген, дос қәдирин билмес,
Парқын аңлап сөйлемеген, сөз қәдирин билмес,
Туўасысын жаманлаған туўған қәдирин билмес,
Бәринен де жаманы---сатқын ел қәдирин билмес.

ҚӘДИРЛИ:

Ер азамат жигитке--яр қәдирли,
Сөз мәнисин билгенге--сөз қәдирли,
Терлеп отын шапқанға--отын қәдирли,
Шетте жүрген мүсәпирге--Ўатан қәдирли,
Қалтаға түсер кисапырға--қалтаң қәдирли,
Шын сүйгенлерге--муҳаббат қәдирли,
Зарын тартқанларға--перзент қәдирли,
Адамзатқа--АНА қәдирли,
Аўырыўға--жан қәдирли,
Мийнет пенен тапқан--НАН қәдирли.

ТУРМЫСЛЫҚ МЫСАЛ:

Бир адамды биреўлер қатты аўыр сөзлер айтып қапа етти, ол жумыстан киятырып, усыларды ойлап уўайым теңизине батып киятыр еди. Өзиниң адамгершилик қунлылығы хорланып, күйе жағылғанын сезинди. Буның пикирлери елеўсиз қалып, әдилсизлик пенен шешим қабылланған еди. Мине, бул адам усыны ойлап қатты қыйналып келер еди, сонлықтан, буны ойынан шығарып таслай алмай гүйзеле берди.

Бир ўақытта қалтасына қолын салып еди, ақша салынған шыжлан қалтасы жоқ! Урлатып алыпты! Солай...онда бирталай ақшасы бар еди. Енди бул адам моральлық уўайымын умытып, ақшасына алағада бола баслады. Ақшасын! Қатты уўайым шекти, енди жетиспей турғаны сол еди!
Тап усы ўақытта оның артынан қасқыр қуўды. Сөйтип ол урлатқан ақшасын уўайымлаўды умытып жан сақлаў ҳәлегине түсип кетти. Жан ҳалатта қасқырдан қашып, басқа нәрсе ҳаққында ойлаўға да шамасы жоқ еди. Тек мына жаўыз ҳайўан қуўып жетпесе болар еди. Өмирин қутқарыўы керек!

Мине, адам деген "қам сүт емген" бенде усындай! Ҳәзир ең баслысы, тек қашып қутылыў керек. Шығын соңынан есаплана берер. Солааай....адам неге мүтәж болса, тек соның ғана қәдирин басына түскенде биледи.

Доктор Шелдрейк: :

---Суўдың жанында отырып, оған Муҳаббат ҳәм Ҳүрмет намаларын жолласаңыз, жер шарының алыс точкаларындағы қандай да инсан бул муҳаббат, ҳүрметти кеўилине түйеди. Қай жергедур барыўыңызға ҳәжет жоқ. Сиз тигилип отырған Суў планетаның бәрше точкаларындағы Суўларға Р е з о н а н с береди ҳәм муҳаббатыңыз намасы бәрше инсанлар қәлбине жетип барады. Буны басқаша ислеў де мүмкин: өзиңиз жақсы көрген инсан, мәкан жайын айтып, оған деген кеўилдеги жыллы сөзлериңизди айтыўға болады.
{"Түсиңди суўға айт",--деген усы шығар!😊}

#Shahzoda_Allamuratova




қаны, дәстури бир болған руўлар, тийрелер болмаған деп түсиндире аламыз.

Қытай ҳәм қыпшақ тайпалары қурамына кириўши көпшилик руўлар тек ғана өзлериниң аңызлық шежирелерин емес, ал жақын жылларға шекем сақланып келген экзогамия қалдықларында еслеринде сақлап қалған. Мәселен, тәнке шал топарына кириўши төрт руўда (анна, қуйын, әйтеке, шериўши) буннан 50 жыл бурын (1895-жылларға шекем) бир-бирлери менен қыз алысып-бериўге тыйым салынып келинген руўлар. Әйтеке руўынан шыққан бизиң информаторымыз, 69 жастағы Әбдиев бул тыйым салынған заманларды жақсы еслеп қалған .

Қыпшақ тайпасы руўларынан бизиң информаторларымыздың ядында жети көше шақасының руўларынан- жәдик пенен салтырлар, бағаналылар менен жағалтайлардың бир-бирлери менен қыз алыспай келгенлери ядларында қалған.

Саңмурын менен естеклер арасындағы экзогамия бойынша ғаррылар бир пикирге келе алмайды. Толыс ҳәм басар қыпшақлары ҳәзирде бир-бири менен қыз алыспайды.

Экзогамия бойынша мағлыўматлар айырым аўылларда, әсиресе қоңырат арысында бизлер тәрепинен асығыс, жол-жөнекей жыйналды. Қоқыратлардың шүллик шақасына киретуғын 8 руў (қыят, ашамайлы, қолдаўлы, қостамғалы, балғалы, қәндекли, қарамойын, мүйтен), биз ойлағандай Руўлар емес, ал бир-бирлери менен экзогамиялық қатнастағы руу, тайпалардың Бирлеспеси болып шықты. Мәселен, ашамайлы, мүйтен, қолдаўлылар дәстүринде қыз алысыўға толық еркинлик берилген, ҳәтте алысып- берискенлер басым көпшилигин қурайды. Бирақ, ишки тийрелеринде қадаған етиў жағдайы да бар. Мәселен, қабасан ашамайлылары ҳәм самат мүйтенлери арасында ишки некеге рухсат берилмейди. Алты тамғаның (мүйтенлер менен қыятлардан басқа) атамалары тамғалардан келип шыққан…Ҳәзирги ўақта әййемги қыятлар менен мўйтенлер өз бетиншелигин жоғалтып аз санлы болып қалған ҳәм « сегиз тамғалы шүлликлер» қурамына кирген.

Енди ,жаўынғыр қоңыратларына (терис тамғалы, бақанлы-шәўжейли, тийекли, ыргақлы, баймақлы, қазаяқлы, уйғыр) келсек, бул-тайпалардың емес, ал экзогам руўлардың бирлеспеси. Соннан, терис тамғалы, тийекли ҳәм басқа да руўлары ишинде өзли-өзинен қыз алысыўға тыйым салынған. Солай етип, илимпаз қоныратларды әдебиятлардағы қарақалпақлардың бир арысы (тайпасы) деген түсиникти бийкарлай отырып, қарақалпақ қоңыратлары сегиз қәўимли шүлликлер ҳәм жети қәўимли жаўынғырлардан ибарат «Руўлык-тайпалық бирлеспе» деген жуўмаққа келеди.

( Түп нусқа менен Т.А.Жданконың «Очерки по истории каракалпаков» китабынан оқып алсаңыз болады.М. 1950. Л.)


telegra.ph


ЭКЗОГАМИЯҒА ИЛИМ НЕ ДЕЙДИ ?

Буннан шереги кем бир әсир бурын илимпазлардың берип кеткен баҳаларына қарағанда, экзогамия Хорезм қарақалпақлары тарийхында феодаллық жәмийетлери (мәмлекетшилик, ел басқарыў болмаған) заманларынан сақланып киятырған ең бир тыянақлы қалдықлардан бири ҳәм бир бөлеги айырым жерлерде сол заманларда да сақланып келген делинеди. Тийрелерин айтпағанның өзинде бир руўдың ҳәр қыйлы шақалары ўәкиллерине де бир-бири менен некелесиўге тыйым салынады, яғный қадаған етиледи.

Орта Азияның басқа халықларында (қазақларда, қырғызларда) болса керисинше, некени қадаған етиўдиң күши бир атадан тараған санаўлы әўладқа ғана жетеди. Қарақалпақларда болса қадаған етиўде әўладқа шек қойылмайды, бир руўдан болса болды- тамам, бәрине қадаған. Бир ўақыттың өзинде дайы жағынан бир-бирине жақын болғанларға рухсатта бериледи. Мәселен, жигит туўысқан дайы ағасынық қызына үйлениў мүмкиншилигине ийе. Сондай-ақ, аналары туўысқан бөлелер болып, әкелери басқа- басқа руўдан болса, оларға да некелесиўге рухсат.

Экзогамия аўылға қарамайды, сол руўдың ағзалары қайсы аўылда жасаўына қарамастан, қыз алысып-бериў улыўма қадаған.Экзогамияның бул нызамын бузыў - руўдың атына уят ҳәм аўыр қылмыс саналады.Оны халық қаралап ғана қоймастан, жазалап та барады. Ҳәтте совет ҳүкимети жылларында, 1928-жылы Шымбай районында майлы балта қыпшақларының бир-бир менен қыз алысыў қадаған етилген ҳәр қыйлы тийресине киретуғын жигит-қызы қосыламыз деп, кейин аўылынан қашып кетиўге мәжбүр болған. Қашып кетиўине себепши, руўының атына дақ түсиргенлери ушын оларды жазаға тартыў бойынша жасырын ескертиў берилген. Бул жерде экзогамия нызамларының арына тартыўшылардың совет нызамлары жазасынан қорқып, ҳәрекет қылғанын түсинсе болады. Туўры, қейин ала бул дәстүрди бузыўшылар туўған аўылына қайтып келген ҳәм колхозға ағза болған.

Әсиресе, қытай тайпасының 11 руўы (аўыллық жерлерде ҳәм ҳәзирде, 1945-жылларда, сақланған) экзогамия нызамына қатты берик. Қарақалпақ қытайларының арасында руўының үлкенли-кишилигине қарамастан бир-бири менен қыз алысып- берисиў пүткиллей қадаған етилген.

Бессары руўы арасында усы мәселеге байланыслы аңызда бар .Аңызда айтылыўынша, усы руўдың қурамында ерте заманларда пайда болған еки ири тийре-Жүнли ҳәм Койлыларға бессары руўына тийкар салған түп бабасы-Ақымбет Апыз әўладларына ўәсият қылып кетипти. «Әўладларың бир-бирлери менен ҳәргиз қыз алысып-берисиўши болмасын.Ўәсиятты бузсаңыз- топпылы (проказа, лепра,олар туўралы жоқарыдағы мақаланы оқың) болып кетесиз» деп .

Бул топарға қайшылылар кирмейди, оның тоғыз тийреси арасында бир-бирлери менен қыз алысыў-берисиўге еркинлик берилген. Бирақ, усы жағдайда экзогамия нызамының бузылғаны ҳәм оны ақлаўшы еки аңызда бар. Бириншисинде айтылыўынша (Шымбай районы Фрунзе атындағы колхозда жасаўшы қайшылы Ерлепесовтен жазып алынған), қайшылылардың түп бабасы-Байболат Түркистанда (ҳәзирги қубла Қазақстсандағы қала)-шайық болған. Басқа да шайық атағын алғанлар қатарында оның да урпақларына (қараң, ислам пропагандасы-?) бир-бирлери менен қыз алысып-берисиўге рухсат етилген.Екинши вариантта айтылыўынша, Байболат шайық болғаннан кейин оған түсинде аян берилип, тоғыз уллы болары ҳәм олардың урпақларына бир-бирлери менен некелесиўге рухсат етилгени айтылған қусайды.

Қыпшақ тайпасында экзогамия- қанлылардан басқа руўлардың барлығында сақланған. Қаңлы мәселесине келсек, информаторлардың мәлимлеўинше, «қаңлы қаңлыны ҳаяллыққа ала алады».

Сонда неге олар басқа қыпшақлардан өзгеше? Бул қаңлы руўының көп санлылығы ҳәм тарыдай шашырап кеткенинен деп түсиндириледи. Топар-топарға бөлинип, бир-бирлеринен бөлек жасаўлары экзогамия нызамының арына шабыўшылар алдында олардың жүзин жарық қылады. Бирақ, бул түсиникте гүман туўдырады., себеби қаңлылардың бир-бирлери менен қыз алысыўы бир аўылда жасаўшылары арасында да жийи ушырасады.Усы түсиниклерге тийкарлана отырып, биз оларды (қаңлыларды) бурында өз алдына тайпа , ишки буўынлары (11тийрели-қат қаңлы, ырғақлы, ашамайлы, тарақлы, жуўан сан, шомашалы, қашыўлар, орманшы, ақыл хожа, таза қаңлы ҳәм алтымшақ қаңлылары) -өз бетиншеликке ийе ҳәм шығысы жағынан




Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
_сөзи_Ибрайым_Юсупов_атқарады_жыраў_Саламат_Аяпов_бақсы_Ерисбай_Асқаровлар>>.


#Ғәзийне
📗Қарақалпақ халық нақыл-мақаллары.

Қазақ, қарақалпақ түби бир,
Түп атасы Майқы бий.

Естерекке ерген нөкис,
Ески журтты көрген нөкис.

Кенегестиң бийи де - улама,
Бийкеси де - улама.

Саңмурын,
Сарайға барған заңмурын.

Бестамғалы - бес аўыл,
Бир- бирине ес аўыл.

Шүйиттиң улы шабандоз болар,
Жөйиттиң улы қоррандоз болар.

Оймаўыттан ул туўылса,
Сом темирге күн туўылар.

Тарақлыдан тамыр тапсаң, тарықпассаң.

Маңғыттың бас аяғы кән.

Қыпшақ қылыш үстинде сөйлесер.

Жағалтай жаў ушын туўылар.

Бағаналының бағы артық.

Қытайдан өткен шер жоқ,
Қыпшақтан өткен ер жоқ.

Балталының аты да батыр.

Әйтекени әнейи деме.

Қуйын,
Қашан көрсең уйым.

Аралбай атқа минсе,
Ақсүйир сапта жүрер.

Жабы жалған сөйлемес.

Баймақлының қызын алған бай болар,
Байрақлының қызын алған батыр болар.

Қазаяқлы - қарға туяқлы.

Қостамғалы - қос жүрек.

Қәндекли,
Қызлары алтын сәдепли.

Қаңлыдан ул туўылса,
Қарағайға күн туўылар.

Ашамайлы қырға шықса,
Айыллы бирге шығар.

Теристамғалы даў шешер.

Кеңтанаўлар кеңесшил келер.

Ырғақлының баласы мыңға татыр.

Қыят,
Жай сөзи жақсы сөзден зыят.

Мүйтенниң қызы барған жерин байытар.

Бақанлыдан даўыл қорқар.

Тийекли,
Тақысы жийекли

Аннаның баласы ағайиншил.

Шердиң бәри - шериўшиде.

Ақмаңғыт - аңшыл,
Қарамаңғыт - қаршыл.

Қылқалының қызы - бий.

Аршанның улы - аршыл.

Кеңлик Қоңыратта,
Беклик он төрт руўда.

Интернеттен ...

Показано 20 последних публикаций.

67

подписчиков
Статистика канала