ӨЗБЕКСТАНЫМ.
Жаманлар тек жаман исти көреди,
Аяқ емес тили менен жүреди,
Бурмаланған гәп-сөзлерге ереди,
Қәдириңди биз билдик пе, Ўатаным.
Өзбекстан-бизиң жыллы үйимиз,
Өтмиш бетте қалай болды күйимиз?!
Шалғымасын гәп-сөзлерге мийимиз,
Пүтинликти биз сездик пе, Ўатаным.
Ириткиден сынса егер бесигиң,
Өз үйиңде қулап түссе есигиң,
Мың тилла болар-аў тышқан тесигиң,.
Твнышлықты аңладық па, Ўатаным.
Улы-қыйқыўларда қалса нәрестең,
Ҳаялың, қызларың сениң периштең,
Аға-ини болып күлип көрискен,
Татыў болмай тоңладық-ғо Ўатаным.
Ириген аўызда шириген сөзлер,
Бахытлы заманға ынтығар көзлер,
Келешек әўладқа қалғай сап излер,.
Ўах, өсеклеп қыйнадық па, Ўатаным.
Ертеректе жол таппадық жүрерге,
Жалтаңладық адам таппай ерерге,
Өз үйимде нан таппадық берерге,
Қыйналғанды умыттық па, Ўатаным.
Сибирь бетте шашыраған қанымыз,
Талай азапланған шыбын жанымыз,
Шүкир деймиз дәстурханда нанымыз,
Бизлер сени ойладық па, Ўатаным.
Кемлик, айып излей берсек табылар,
Уға берип кеўил көзи жабылар,
Жақсылыққа жаманлықлар сабылар,.
"Рахмет,"-айтып сыйладық па, Ўатаным.
Шегера артында кимдур аңлыған,
Көз алартып бизди жаў деп таныған,
Ўатан бизди апатлардан қорыған,
Мәгар, қыйнап қоймадық па, Ўатаным.
Билсең, көзим қарашығы-Ўатаным,
Тынышлықтың жарасығы-Ўатаным.
Жаў көзлердиң қамасығы-Ўатаным,
Сөз дизбеклеп жырладық па, Ўатаным.
Тынышлыққа жанын жағар сарбаның,
Қәне ойлан! келмеди ме дәўраның?!
Жуксиз емес келер әне кәрўаның,
Шүкирликти умыттық па, Ўатаным.
Бир жағаға жайғасқанда мойынлар,
Интернетте даналықты қойыңлар!
Бизге өтпес анаў,-мынаў ойынлар,
Биз бирликтен жаралдық-ғой Ўатаным.
Урыс,-қағыс керек емес бизлерге,
Ерме болып ере бермең сөзлерге,
Тынышлық сөзи бар қараң, көзлерде,
Бизлер тойып секирдик пе, Ўатаным.
Ахмақлар ол былғар үйин тепкилеп,
Иритки дорбасын төгер силкилеп,
Пикирлер дүньясын турғыл сүргилеп,
Бейишим, жәннетим Өзбекстаным.
2022-жыл. 14-апрель.
Абат Крамов.
Каналымыз; @Kramov_Abatbay_poeziya
Жаманлар тек жаман исти көреди,
Аяқ емес тили менен жүреди,
Бурмаланған гәп-сөзлерге ереди,
Қәдириңди биз билдик пе, Ўатаным.
Өзбекстан-бизиң жыллы үйимиз,
Өтмиш бетте қалай болды күйимиз?!
Шалғымасын гәп-сөзлерге мийимиз,
Пүтинликти биз сездик пе, Ўатаным.
Ириткиден сынса егер бесигиң,
Өз үйиңде қулап түссе есигиң,
Мың тилла болар-аў тышқан тесигиң,.
Твнышлықты аңладық па, Ўатаным.
Улы-қыйқыўларда қалса нәрестең,
Ҳаялың, қызларың сениң периштең,
Аға-ини болып күлип көрискен,
Татыў болмай тоңладық-ғо Ўатаным.
Ириген аўызда шириген сөзлер,
Бахытлы заманға ынтығар көзлер,
Келешек әўладқа қалғай сап излер,.
Ўах, өсеклеп қыйнадық па, Ўатаным.
Ертеректе жол таппадық жүрерге,
Жалтаңладық адам таппай ерерге,
Өз үйимде нан таппадық берерге,
Қыйналғанды умыттық па, Ўатаным.
Сибирь бетте шашыраған қанымыз,
Талай азапланған шыбын жанымыз,
Шүкир деймиз дәстурханда нанымыз,
Бизлер сени ойладық па, Ўатаным.
Кемлик, айып излей берсек табылар,
Уға берип кеўил көзи жабылар,
Жақсылыққа жаманлықлар сабылар,.
"Рахмет,"-айтып сыйладық па, Ўатаным.
Шегера артында кимдур аңлыған,
Көз алартып бизди жаў деп таныған,
Ўатан бизди апатлардан қорыған,
Мәгар, қыйнап қоймадық па, Ўатаным.
Билсең, көзим қарашығы-Ўатаным,
Тынышлықтың жарасығы-Ўатаным.
Жаў көзлердиң қамасығы-Ўатаным,
Сөз дизбеклеп жырладық па, Ўатаным.
Тынышлыққа жанын жағар сарбаның,
Қәне ойлан! келмеди ме дәўраның?!
Жуксиз емес келер әне кәрўаның,
Шүкирликти умыттық па, Ўатаным.
Бир жағаға жайғасқанда мойынлар,
Интернетте даналықты қойыңлар!
Бизге өтпес анаў,-мынаў ойынлар,
Биз бирликтен жаралдық-ғой Ўатаным.
Урыс,-қағыс керек емес бизлерге,
Ерме болып ере бермең сөзлерге,
Тынышлық сөзи бар қараң, көзлерде,
Бизлер тойып секирдик пе, Ўатаным.
Ахмақлар ол былғар үйин тепкилеп,
Иритки дорбасын төгер силкилеп,
Пикирлер дүньясын турғыл сүргилеп,
Бейишим, жәннетим Өзбекстаным.
2022-жыл. 14-апрель.
Абат Крамов.
Каналымыз; @Kramov_Abatbay_poeziya