Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими


Гео и язык канала: не указан, не указан
Категория: не указана


Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң телеграмм мессенжериндеги рәсмий каналы

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Гео и язык канала
не указан, не указан
Категория
не указана
Статистика
Фильтр публикаций


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
#teatr_repertuarlarl

🎭 Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Э.Аъзамның “Танҳа қайық” драмасы сахналастырылмақта.

Спектакль 22-23 апрель күнлери саат 17-00 де басланады.

Каналға ағза болыў 👉 @QR_ruwxiyliq


🔻 2021-жыл 21-апрель күни Республикамыздың шегара аймақларында жайласқан мектеп оқыўшылары арасында өткерилип атырған "Жас шегарашылар" әскерий ўатансүйиўшилик спорт жарысының Қарақалпақстан Республикасы басқышында Қоңырат районы 54-санлы улыўма орта билим бериў мектеби командасы сыйлы 1-орынды жеңип алып, кейинги Өзбекстан Республикасы басқышына жолланба алды.

Каналға ағза болыў 👉 @QR_ruwxiyliq




Репост из: Charjau_Elmuratov
Жаңа сан бет ашарынан «Драматургия» рубрикасы орын алған болып, онда сиз Қарақалпақстан халық шайыры К.Каримовтың қәлемине тийисли «Бердақ» драмасы менен танысыўыңызға болады. Қосық қатарлары менен жазылған шығарма уллы бабамыз Бердақ шайыр өмириниң соңғы дәўиринде болып өткен тарийхый ўақыяларға тийкарланған.

Баслым бетлеринде турақлы нәзериңизге усынылып киятырған «Проза» рубрикасында болса жазыўшы Б.Ерназаровтың «Керек адам» повестиниң даўамын ҳәм Б.Бекмуратовтың «Жағыстағы жынаят» романынан үзинди оқыўыңызға болады. Сондай-ақ, журнал бетлериндеги «Поэзия» рубрикасы менен Сизге Қарақалпақстан халық шайыры Х.Дәўлетназаровтың қоршаған орталығымыз, Ана-Тәбиятымызға бағышланған «Аспан, Аспан!..» поэмасы усынылмақта.

«Әдебият ҳәм илим» рубрикасының гезектеги санында Сиз филология илимлериниң докторы, профессор, Қарақалпақстан халық жазыўшысы, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты К.Алламбергеновтың «Едиге – Қарақалпақ халқының миллий қаҳарманы» илимий мақаласы ҳәм «Едиге» тарийхый көркем эссеси, сондай-ақ, филология илимлериниң кандидаты, Қарақалпақстан халық жазыўшысы А.Әбдиевтиң быйыл 70 жасқа толып атырған юморист-жазыўшы ҳәм драматург Сайлаўбай Жумағуловтың өмири ҳәм дөретиўшиигине бағышланған «Шаққы тили юморист» мақалалары менен оқып танысыўыңызға болады.

Журналдың бул санынан «Тарийх. Пикир. Усыныс» рубрикасы да орын алған болып, онда Сиз оқыўшыларды Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының әдебий мәсләҳәтшиси Сейдин Әмирланның исми аңызларға айланған қарақалпақ ерлериниң бири Сағындық батыр ҳаққындағы «Сағындық батыр ҳәм тарийх зерпарақлары» атамасындағы қызықлы тарийхый дәреклер күтпекте. Соның менен бирге, «Пәлек гәрдиши» рубрикасы менен усынылып атырған Нуралы Қабул авторлығындағы «Сталиннен Саддамға шекем» атлы роман-памфлет те Сиз оқыўшыларды бийпарқ қалдырмайды.

Журнал бетлериндеги рәң-бәрең рубрикалар қатарынан турақлы түрде орын алып киятырған «Көркем өнер» рубрикасынан болса театр сыншысы, драматург, Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалының аға оқытыўшысы Ж.Хожановтың Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен көркем өнер ғайраткери, белгили режиссёр Б.Утебаевтың дөретиўшилигине бағышланған «Режиссура – бул, театр арқаўы» ҳәм усы филиал оқытыўшысы М.Юсупбаевтың белгили актриса С.Алламуратованың өмири ҳәм дөретиўшилигине бағышланған «Сахна шебери» мақалалары менен оқып танысыўыңыз мүмкин.

Усы жерде редакция жәмәәтиниң журнал муқабаларынан да нәтийжели пайдалана билгенин көриўимизге болады. Онда быйыл туўылғанына 80 жыл толып атырған Қарақалпақстанға мийнети сиңген мәденият хызметкери, шайыр ҳәм журналист Сағын Зыяўовтың дөретиўшилик портрети ҳәм художник Б.Серекеевтиң рәң-бәрең дөретпелери орын алған.

Жуўмақлап айтқанда «Әмиўдәрья» журналының 2021-жылғы 1-санында жәрияланған жоқарыда атап өтилген шығармалар көпшилик оқыўшылардың дийдинен шығады, – деп ойлаймыз.

Ч.Елмуратов

Канал 👉 @charjau_elmuratov


Репост из: Charjau_Elmuratov
#Журналларды_көзден_өткергенде

«Әмиўдәрья» журналы – 2021-жыл, 1-сан

Қарақалпақстан Республикасының көркем-әдебият, сын ҳәм жәмийетлик ой-пикир журналы – «Әмиўдәрья»ның гезектеги 1-саны жарық көрди.
👇👇👇


Репост из: Qaraqalpaqstan xabar agentligi
https://kknews.uz/kk/78761.html
«АЙНАНАЙЫН»нан айлансын!


Каналымызға қосылың👇
https://t.me/joinchat/AAAAAERIzOESrE0olZr7Ng


#maǵlıwmat

«Руўхыйлық» сөзи араб тилинен алынған болып, «Мазмун-мәнис» мағанасын аңлатып, «материаллық болмаған нәрселер» мәнисинде инсанның руўхыяты, ой-өриси, ақыл-зәкаўаты, илими, кийиниў, сөйлеў мәденияты, миллий қәдирияты, тәрбиясы сыяқлы түсиниклерди жәмлестирген түсиник. Сол себепли, руўхыйлық ҳәр қандай дәўир ҳәм заманда, ҳәр қандай жәмийетте де инсанияттың бирлемши ҳәм тийкарғы талабы болып келеди, оған ҳәмийше зәрүрлик сезиледи.

Руўхыйлық - инсан, халық, жәмийет ҳәм мәмлекеттиң интеллектуал дәрежеси, ағартыўшылық күш-қүдирети есапланады.

Таярлаған: Республика руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Қараөзек районы бөлими бас қәнигеси М.Палўаниязов

Каналға ағза болыў 👉 @QR_ruwxiyliq


Нукус шаҳар халқ таълими бўлими тасарруфидаги 17-сон умумтаълим мактабида Ўзбекистон Республикаси Президентининг 2019 йил 3 майдаги «Маънавий-маърифий ишларнинг самарадорлигини ошириш бўйича қўшимча чора-тадбирлар тўғрисида»ги Қарори ва чора-тадбирлар дастури ижросини таъминлаш мақсадида «Жаҳолатга қарши маърифат», «Шахсни маънавий соғломлаштириш», «Ҳар ҳил ёт идеялардан огоҳ бўлайлик» ҳамда «Биз жиноятчиликга қаршимиз» мавзуларида маънавий тадбир бўлиб ўтди.

Тадбирда Республика Маънавият ва маърифат маркази Нукус шаҳар бўлими мутахассиси И.Аметов, Нукус шаҳар ҳокимлигининг дин ишлари бўйича бош мутахассиси Қ.Незаметов, «Имом эшон Муҳаммад» жоме масжиди имом ўринбосорлари иштирок этди.

Каналға ағза болыў 👉 @QR_ruwxiyliq


Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң телеграм мессенжериндеги рәсмий каналы

Каналға ағза болыў 👉 @QR_ruwxiyliq


Репост из: Qaraqalpaqstan xabar agentligi
https://kknews.uz/kk/77097.html
РУЎХЫЙ-АҒАРТЫЎШЫЛЫҚ ЖУМЫСЛАР СИСТЕМАСЫН ТҮП-ТИЙКАРЫНАН ЖЕТИЛИСТИРИЎ ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА

Каналымызға қосылың👇
https://t.me/joinchat/AAAAAERIzOESrE0olZr7Ng


Репост из: Qaraqalpaqstan xabar agentligi
https://kknews.uz/kk/77095.html
МӘНАЎИЯТ ҲӘМ ДӨРЕТИЎШИЛИКТИ ҚОЛЛАП-ҚУЎАТЛАЎ МАҚСЕТЛИ ҚОРЫН ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЎ ҲАҚҚЫНДА

Каналымызға қосылың👇
https://t.me/joinchat/AAAAAERIzOESrE0olZr7Ng

Показано 11 последних публикаций.

77

подписчиков
Статистика канала