#тымсал
ГҮЖИМ ТЕРЕК
Бир топар жолаўшылар саратанда, түс ўақтында қатты ыссы себепли ҳалдан тайып аяқларын зорға басып киятыр еди. Сол ўақытта жолында бир гүжим терек шығып қалды. Олар гүжимниң аятына өтип, саясында жатып дем алды. Бир аздан кейин сәл өзлерине келип, ыссы сәл қайтайын дегенде гүжимге қарап отырып бир-бири менен сәўбетлести:
- «Қара, мына теректиң таўдай бойы бар, бирақ қысыр, мийўе бермейди, адамларға ҳеш бир пайдасы жоқ!»
Сол ўақытта гүжим тилге кирип оларға былай деди:
- «Ҳәй нашүкир бенделер, өзлериңиз мениң саямда жатып, дем алып атырсызлар, тағы уялмай пайдасы жоқ дейсиз, усы гәпти айтыўыңыз инсаптан ба?»
Түсиндирме: Бул тымсалда, "айырым адамларға гүжим терекке уқсап қанша пайдаң тийсе де, ҳәттеки сеннен пайда алып турып та, көрнемеклик етеди. Сен сондайлардан болып қалма!", деген мәни бар.
https://t.me/alberuniyuz