BASLAWÍSH USTAZLARÍNA


Гео и язык канала: Азербайджан, Азербайджанский
Категория: Образование


Baslawısh klass ustazlarına metodikalıq járdem.

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Гео и язык канала
Азербайджан, Азербайджанский
Категория
Образование
Статистика
Фильтр публикаций


🎄 💥 🎄 💥 🎄 💥 🎄 💥 🎄
ДЫҚҚАТ ТАҢЛАЎ
Елимизде ЖАҢА ЖЫЛ байрамы мүнәсибети және бул жылға «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл» экономика жылы» деп атама берилиўи менен «Устаз жолы» газетасы «Ўатан алдындағы мениң хызметим» Республикалық таӊлаўын жәриялайды!
Таӊлаўда ҳәр бир тараў пидайысы жетискенликлери ҳаққында 2 бет жазады. Жоқары көрсеткишке мүнәсип муғаллим, шыпакер, спортшы, мәденият хызметкери, мәҳәлле белсендиси, профессор-оқытыўшы, қурылысшы, фермер, исбилермен ҳәм студент жаслар жетискенликлери баҳаланып шөлкемлестириўшилер тәрепинен «Өз кәсибиниң пидайысы», «Әдиўли устаз», жаслар ушын «Үмит шамшырағы» көкирек нышаны ҳәм  арнаўлы «Диплом» менен сыйлықланады!
PS: Өз тарауында пидайы мийнет еткен бүгинде ақлық, шаулық мақтанышы ата-аналарда таңлауға (перзентлер қәуендерлигинде) қатнасыуына болады. Олардың хәр бири бүгинги күнимиздиң тийкары. Ата-ана хүрметке ылайық!
Сизге жаңа мотивация !
Жаңа жылды әжайып кейпият пенен күтип алың
Толық түсиник:Тел: +91382 80 90
Жуўмақ: 24.12.2024








Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
QUWÍRSHAQ TEATR

#teatr

  BAHASÍ:  kelisimli

Material : shúberek

❗️Quwırshaq teatri - bul sizdiń balańızdı, oqıwshılarıńızdı ertekler menen tanıstıradı hám oǵan ózin  súyikli ertek  qaharmanları ornında  kóriwge  múmkinshilik beredi.


Muǵallimler hám tárbiyashılar sabaqlarıńızda , bayramlarda, dógereklerde paydalanıp sabaqlarıńızdı qızıqlı etip ótiwińizge de járdem beredi. 
Qálegen ertek qaharmanlarıńızǵa buyırtpa berseńiz boladı.

Na zakaz/Buyırtpa ushın
👇👇👇

@biybijamal07

+998974748893


Ayaz Baba Kiyatir

Qaran'izlar balalar,
Qanday go'zzal dalalar,
Jayhun boyin jag'alap,
Ayaz baba kiyatir.

Hey balalar,
Hey qaran'lar,
Ayaz baba kiyatir,
Ayaz baba kiyatir.

Ju'rsede ko'p jol talmay,
Hasla harip sharshamay,
Qulpi do'ngen shirshaday,
Ayaz baba kiyatir.

Hey balalar,
Hey qaran'lar,
Ayaz baba kiyatir,
Ayaz baba kiyatir.

U'stinde aq shapani,
Appaq qarday saqali,
Sawg'asi bar bahali,
Ayaz baba kiyatir.

Hey balalar,
Hey qaran'lar,
Ayaz baba kiyatir,
Ayaz baba kiyatir.

#Jańa_jıl
https://t.me/korgizbequrallar


Jańa jıl yolkasında.

Jańa jılda toylaymız.
Ortaǵa yolka saylaymız.
Ortada tur yolkamız.
Qosıq aytıp oynaymız.

Japıraǵı jasıldan.
Lenta, monshaq asınǵan.
Besengen sulıw yolkamız.
Gúldey sulıw ashılǵan.

Shaqaları jaltırar.
Gújimge uqsas turqı bar.
Jańa jılda yolkamız.
Tınıshlıqqa shaqırar.

Appaq shashında.
Appaq telpek basında.
Ayaz babam keledi.
Jańa jıl yolkamızǵa.


#Jańa_jıl
https://t.me/korgizbequrallar


Ayaz baba kiyatır.

Anań qarań balalar.
Qanday gózzal dalalar.
Jayhun boyın jaǵalap
Úlkemizdi aralap.
Ayaz baba kiyatır!

Aq qıraw bar tonında.
Qızǵın yosh bar janında.
Bilmes harıp sharshawdı.
Hasası bar qolında.
Ayaz baba kiyatır!

Qarday appaq saqalı.
Ústinde aq shapanı.
Arqalaǵan iyninde.
Sawǵası bar bahalı.
Ayaz baba kiyatır!

#Jańa_jıl
https://t.me/korgizbequrallar
⤵️⤵️⤵️
https://t.me/baslawish_ustazlarina


Сәлем саған,жаңа жыл

Аппақ аппақ қарларың,
Шадлы қосық сазларың,
Қозғап кеуил тарларын,
Сағындырған жаңа жыл.

Көринсе де алыста,
Уақыт тулпар шабыста
Жаңа бахыт табысқа ,
Талпындырған жаңа жыл.

Жасыл шыршаң мысалы,
Жаслық шақтың нышаны,
Аппақ қарлар ушады ,
Аппақ нурсаң,жаңа жыл!

Уқсап шыңлар басына,
Хәмме күтер асыға,
Бир жас қосып жасыңа,
Келди және жаңа жыл.!

Дәстурханлар ашылған,
Паяндозың хасылдан,
Сауғаң болсын мол-молдан,
Сәлем саған, жаңа жыл!

#Jańa_jıl
https://t.me/korgizbequrallar


Жаңа жылым мол болсын
Басқан қәдемиң оң болсын
Төрле-төрле жаңа жыл
Бизге қутлы жыл болсын

Ақ қыраў бар тонында
Қызғын йош бар жанында
Билмес ғәрип шаршаўды
Ҳасасы бар қолында

Жаңа жылда балалар
Тек қуўаныш көриңлер
Аўырмаңлар ҳеш қашан
Мықлы болыў өзиңнен

Ақ қар жаўды далада
Ақ жамылды айлана
Жарқыратып шамларды
Ёлка келди ортаға

Жаңа жыл, жаңа жыл
Жаңа жылға жаңа жыр
Жасыл ёлка жанында
Болып барлық бала жүр


Безендирип ёлканы
Жыл қуўантты бәршени
Той тамаша басланды
Аяз ата басқарды

Қалып едик сағынып
Күтип едик жабылып
Жалын етип жарқыратып
Ёлкаларға шам илдик

Оралды үлкеме
Жаңа жыл аршасы
Оралды ақ көрпеге
Асқар таў қарлы шың

Аппақ тонға оранып
Саўғаларды мол алып
Келди алыс үлкеден
Аяз ата оранып

Тамаша-тамаша
Ёлкамыз тур жараса
Басында қызыл жулдызы
Көз тоймайды қараса.

#Jańa_jıl
https://t.me/korgizbequrallar

https://t.me/baslawish_ustazlarina


Жаңа жыл қосығы

Хош келдиңиз, Жаңа жыл,
Жаңа жылым-жаңа жырым,
Бүгин ёлка әтирапында
Бахты күлген балалығым.

Аяз баба, болын мийман
Саўға менен бизди сыйлан
Қар қыз бенен қол усласып
Қалың бизде қоныс басып

Үлкемиз бар күндей күлген
Қыс болсада гүллей билген
Жаңа жылдың кешесинде
Қосық жаңлап турли тилден

Сәлем, сәлем Аяз баба
Көкирегиң аппақ дала
Келе бериң азат журтқа
Жыллар менен Жаңа, жаңа

#Jańa_jıl
https://t.me/korgizbequrallar


Қыс мәўсими айрықша.

Кел мәўсимим айрықша,
Мениң гөззал елиме,
Қуўанышлар инәм ет,
Ҳәр бир инсән кеўлине.

Кел мәўсимим айрықша,
Жаңа арзыў,жыр болып,
Жақсы нийет,тилекке,
Кеўиллерди толтырып.

Кел мәўсимим айрықша,
Ғәрезсиз ел,үлкеме,
Мениң бағы-бостаным,
Жайнап турсын мәңгиге.

Кел мәўсими айрықша,
Шадлықларға бөлей бер,
Халқымызға аманлық,
Мол ырысқы алып кел.

Кел мәўсимим айрықша,
Болсын шийрин мәўритлер,
Шаңарақлы бахытлы,
Орынлансын үмитлер.

Кел мәўсимим айрықша,
Қутлы қәдем болып кел,
Балаларға ажайып,
Зор шадлыклар алып кел.

Кыста бизлер шадланып,
Күтемиз Аяз атаны,
Қар қыз бенен биз бирге,
Айтайық шадлы наманы.

Қыста келер жаңа жыл,
Сулыў арша жанына,
Аяз ата,Қар қыздан,
Бола берсин мол саўға.

Қыс басланды баўры кең,
Жаңа илҳам-йош болып,
Арзыўларға жеткиз сен,
Табысым келсин таў болып.

Қыс мәўсими мүбәрек,
Толсын шийрин демлерге
Сәтли келип қәдеми,
Қутлы болсын бәршеге.

#Jańa_jıl
https://t.me/korgizbequrallar


ЖАҢА ЖЫЛ

Бул аяз кешеде қызара бөртип,
Изиңе он еки палўанды ертип,
Ҳәр күни жеңистиң намасын шертип,
Кел жаңа жыл жасыма бир жас қосып!

Тәбият та өз исиниң маманы,
Жазда саратаны, қыста бораны,
Куўжыңлатып қуўнақ аяз бабаны,
Кел жаңа жыл жасыма бир жас қосып.

Қыс келсе де елим бәҳәр кейпинде,
Барлық нәрсе батыр адам еркинде,
Дүнья гөззаллығы жасар ҳәр күнде,
Кел жаңа жыл жасыма бир жас қосып!

Шадлыққа толтырып ҳәмме ўақытты,
Тыныш таңның нурын, сынбас сақытты,
Бизге инам етип уллы бахытты,
Кел жаңа жыл жасыма бир жас қосып! 1971-жыл
Байнияз Қайыпназаров


#Jańa_jıl
https://t.me/korgizbequrallar


Ёлкажан

Мудам жассаң-жасылсаң
Қәдирлисең ҳасылсаң
Байрамлардың басысаң
Ёлка, ёлка, ёлкажан

Көк либаслар жамылып
Көп безенип, тағынып
Ораныпсаң малынып
Ёлка, ёлка, ёлкажан

Мысал мениң заманым
Жадыраған жамалың
Шадлығы ҳәр баланың
Ёлка, ёлка, ёлкажан

Айтып қосық ойнаймыз
Шаршағанша қоймаймыз
Шырайыңа тоймаймыз
Ёлка, ёлка, ёлкажан

Жаңа жылды баслайсаң
Жүзиң жарқын жаснайсаң
Ўақтымызды хошлайсаң
Ёлка, ёлка, ёлкажан

Саўлатыңа сөз барма
Көркиңе тояр көз барма
Шаршайтуғын биз барма
Ёлка, ёлка, ёлкажан

Сен жайнасаң жасанып
Мен ойнасам йош алып
Келмекте бол айланып
Ёлка, ёлка, ёлкажан

#Jańa_jıl
https://t.me/korgizbequrallar


Аппақ қар

Әлемди азада етип жаўа бер,
Ләззетке бөленип қалсын Ана Жер.
Кеўилди табыўға екенсең шебер,
Унап қалдың ҳәммеге тең, аппақ қар.

Пәклигиң көплерге болады үлги,
Тазаладың шаң-тозаңнан кеўилди,
Сен арқалы күлди дийқан ығбалы,
Қут-берекет сағасысаң, аппақ қар.

Сени гүмис қыстың зийнети десер,
Дүрсең көктен түскен әлемди безер,
Қуўанарман саған салғанда нәзер,
Қәдирдансаң жүрегиме, аппақ қар!

Балалыққа бир қайтқандай боламан,
Кенарыма сыймай тасып-толаман,
Тәбиятқа ашық болып қаламан,
Жаўғаныңда жапалақлап, аппақ қар!

#Jańa_jıl
https://t.me/korgizbequrallar


ЖАҢА ЖЫЛ

Кел жаңа жыл,жаңа жыл,
Мениң гөззал елиме,
Қуўанышлар инәм ет,
Ҳәр бир инсән кеўлине.

Кел жаңа жыл,жаңа жыл,
Жаңа арзыў,жыр болып,
Жақсы нийет,тилекке,
Кеўиллерди толтырып.

Кел жаңа жыл,жаңа жыл,
Ғәрезсиз ел,үлкеме,
Мениң бағы-бостаным,
Жайнап турсын мәңгиге.

Кел жаңа жыл,жаңа жыл,
Шадлықларға бөлей бер,
Халқымызға аманлық,
Мол ырысқы алып кел.

Кел жаңа жыл,жаңа жыл,
Болсын шийрин мәўритлер,
Шаңарақлы бахытлы,
Орынлансын үмитлер.

Кел жаңа жыл,жаңа жыл,
Қутлы қәдем болып кел,
Балаларға ажайып,
Зор шадлыклар алып кел.

Кел жаңа жыл,жаңа жыл.
Күтемиз Аяз атаны,
Қар қыз бенен биз бирге,
Айтайық шадлы наманы.

Кел жаңа жыл,жаңа жыл,
Сулыў арша жанына,
Аяз ата,Қар қыздан,
Бола берсин мол саўға.

Кел жаңа жыл,жаңа жыл,
Жаңа илҳам-йош болып,
Арзыўларға жеткиз сен,
Табысым келсин таў болып.

Жаңа жылым мүбәрек,
Қутлы болсын бәршеге,
Сәтли келип қәдеми,
Толсын шийрин демлерге.

#Jańa_jıl
https://t.me/korgizbequrallar







Показано 19 последних публикаций.