Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
" Қызғаныш "
Хақ тәңирдиң уйи болмыс мешитте,
Болып еди ақ некемиз несипте,
Периштелер гуа болған уәделер,
Орынлауға ей суйиклим кешикпе.🧡🍃
Ей-султаным, Ей-себеби барлығым,
Тәңирденғой мениң саған ярлығым,
Тәңир қосқан, Бир өмирлик жолдасым,
Мениң ушын мол хикмети бар буның.🧡🍂
Гуманлансам сетең ойлар жетелеп,
Еки жәхән маған тарлық етер-ед(и)
Хәр ақшамда, Сени кутиу суйиклим,
Жәхәннамның азабынан беттер-ед(и)🧡🍂
Қызғанышта пазыйлети ышқының,
Таң қалардай жери жоқдур хеш буның,
Уй алдында жолларыңа термилип,
Отыраман хәзирлери, кешқурын...🧡🍂
"Ярың сенлик емес екен" деседи,
Кеуилимнен умитсизлик кешеди,
Қызғаныштан, ғәзеп бийлеп бойымды,
Мурынымнан салқын самал еседи.!🧡🍂
Автор:
Мукаррама Оразбаева
Хақ тәңирдиң уйи болмыс мешитте,
Болып еди ақ некемиз несипте,
Периштелер гуа болған уәделер,
Орынлауға ей суйиклим кешикпе.🧡🍃
Ей-султаным, Ей-себеби барлығым,
Тәңирденғой мениң саған ярлығым,
Тәңир қосқан, Бир өмирлик жолдасым,
Мениң ушын мол хикмети бар буның.🧡🍂
Гуманлансам сетең ойлар жетелеп,
Еки жәхән маған тарлық етер-ед(и)
Хәр ақшамда, Сени кутиу суйиклим,
Жәхәннамның азабынан беттер-ед(и)🧡🍂
Қызғанышта пазыйлети ышқының,
Таң қалардай жери жоқдур хеш буның,
Уй алдында жолларыңа термилип,
Отыраман хәзирлери, кешқурын...🧡🍂
"Ярың сенлик емес екен" деседи,
Кеуилимнен умитсизлик кешеди,
Қызғаныштан, ғәзеп бийлеп бойымды,
Мурынымнан салқын самал еседи.!🧡🍂
Автор:
Мукаррама Оразбаева