Сиздеги
Биразға узайды дәрттиң дизбеги,
Ох айралық! Салқын, сары гүздеги.
Қайтама екен, қайтама екен,
Бахытлы күнлерим, қалған издеги?
Ийинимде шапаны бар қайғының,
Мен жүйриги, сағынышлы бәйгиниң,
Нәзерим табалмас, сүйген айгүлин,
Қуўанышым қайтамекен, жүздеги?
Солай хәм боларма екен ашықлық?
Кеўил тутас, арамызда қашықлық,
Хақыйқатты бийкарлаўға асықтық,
Шын мухаббат екен сезим биздеги.
Сүйе тура, кеўилиңди инкәрлап,
Сүймеймен-деп қайталайсаң, зинхарлап,
Солай жүрсек бәрин, бәрин бийкарлап,
Булақ тыным табамекен көздеги?
Қыялымда гезип жаслықтың тусын,
Излеймен үриккен бахыттың қусын,
Еле хәм узақлаў жасаўым ушын,
Бир сөз керек айтылмаған сиздеги.
А. Аймухаммедов
Биразға узайды дәрттиң дизбеги,
Ох айралық! Салқын, сары гүздеги.
Қайтама екен, қайтама екен,
Бахытлы күнлерим, қалған издеги?
Ийинимде шапаны бар қайғының,
Мен жүйриги, сағынышлы бәйгиниң,
Нәзерим табалмас, сүйген айгүлин,
Қуўанышым қайтамекен, жүздеги?
Солай хәм боларма екен ашықлық?
Кеўил тутас, арамызда қашықлық,
Хақыйқатты бийкарлаўға асықтық,
Шын мухаббат екен сезим биздеги.
Сүйе тура, кеўилиңди инкәрлап,
Сүймеймен-деп қайталайсаң, зинхарлап,
Солай жүрсек бәрин, бәрин бийкарлап,
Булақ тыным табамекен көздеги?
Қыялымда гезип жаслықтың тусын,
Излеймен үриккен бахыттың қусын,
Еле хәм узақлаў жасаўым ушын,
Бир сөз керек айтылмаған сиздеги.
А. Аймухаммедов