Айдосбийге жууап:
Салқын болсадағы гүздиң самалы,
Дауылына ушты тосық, қамалы,
Бүгин, ертең несип сылыу жамалы,
Бахытлы күнлериң күтер алдыңда!
Ол шапанды шешип тасла ийниңнен,
Таусылмастай арыл тәшуиш- гүйбиңнен,
Бағ қа басла, мен ерейин кейниңнен,
Қууаныштан бир жымыйып алдыңба?!
Сау басыңа сауда салып қатырдың,
Талай таңды дийдар қумсап атырдың,
Жүрегиме пәнжеңди де батырдың,
Уақты келди сөзден татар палдыңда!
Сүйип көрген, күйик көрген жүректен,
Бир сезимди күтип келдиң дир еткен,
Усла енди, хеш жаздырмай билектен,
Жан дуньяма бир ушқынды салдың да!
Қыялыңа жолдас болдым ғайбана,
Сол қус қонды қапталыңа жәй ғана,
Сен айтқандай, жер- көктеги Айдана,
Тәғдирине тән берип тур алдыңда!
Сахра гүли ⚘
Салқын болсадағы гүздиң самалы,
Дауылына ушты тосық, қамалы,
Бүгин, ертең несип сылыу жамалы,
Бахытлы күнлериң күтер алдыңда!
Ол шапанды шешип тасла ийниңнен,
Таусылмастай арыл тәшуиш- гүйбиңнен,
Бағ қа басла, мен ерейин кейниңнен,
Қууаныштан бир жымыйып алдыңба?!
Сау басыңа сауда салып қатырдың,
Талай таңды дийдар қумсап атырдың,
Жүрегиме пәнжеңди де батырдың,
Уақты келди сөзден татар палдыңда!
Сүйип көрген, күйик көрген жүректен,
Бир сезимди күтип келдиң дир еткен,
Усла енди, хеш жаздырмай билектен,
Жан дуньяма бир ушқынды салдың да!
Қыялыңа жолдас болдым ғайбана,
Сол қус қонды қапталыңа жәй ғана,
Сен айтқандай, жер- көктеги Айдана,
Тәғдирине тән берип тур алдыңда!
Сахра гүли ⚘