Сахра гүли қалайсыз аўылдағы?
Ышқы жүги бир өзиме аўырдағы,
Мухаббат деген, сени көрмегенше,
Зыянсыз тастай еди баўырдағы.
О кеўилим буйымда, бөзде емес,
Дәртим мениң көринердей, көзде емес,
Сан мың дәстан ҳәмде қосық жазылсада,
Сеўгиниң кәраматы сөзде емес.
Дегениң таў, биреўге қум уўыстағы,
Дали-десин жақын-жуўық, туўыс дағы,
Бул өмирде хеш бир нәрсе тең келмейди,
Сениң менен бир саўбетке қуўыстағы.
Айдосбий ✍
Ышқы жүги бир өзиме аўырдағы,
Мухаббат деген, сени көрмегенше,
Зыянсыз тастай еди баўырдағы.
О кеўилим буйымда, бөзде емес,
Дәртим мениң көринердей, көзде емес,
Сан мың дәстан ҳәмде қосық жазылсада,
Сеўгиниң кәраматы сөзде емес.
Дегениң таў, биреўге қум уўыстағы,
Дали-десин жақын-жуўық, туўыс дағы,
Бул өмирде хеш бир нәрсе тең келмейди,
Сениң менен бир саўбетке қуўыстағы.
Айдосбий ✍