# ЖЕТИМ БАЛА
{ Заманагөй қысса }
***
Адам билмес не болар күн келеси,
Желе берер екен ўақыт желеси,
Бир жан отыр ақ қағазды шыжбайлап,
Көз алдында муңлы өмир елеси.
Жаза ала ма шын шайырдай ылайық,
Бир шетинен оқып тақат қылайық,
Баян етсин аўыр тәғдир қыссасын,
Күлсе күлип, жыласа бир жылайық...
1
Әйне толғанында он үш жасына,
Бир қыйынлық түсти бала басына,
Аманатын тапсырарда Анасы,
Берген орамалы қалмас қасынан.
Бир туяқтан қалған өзи бир туяқ,
Жүрер жолы болмаса бунша қыяқ,
Кетти және, жүрегиниң жалғызы,
Бар әлемди шым қара реңге бояп.
Ерте есин жыйып қалған қарасаң,
Ойшыл көзлерине сүңгип барасаң,
Бир уах урмай, әттеген-әй деместен,
Бағып көрши, көз жас төкпей жарасаң.
Қоңсы- қоба, жақын- жууық жәмлесип,
"Қойып келди, май күйдирип дәмлесип",
Ал баланы " жетимлердиң үйине",
Бермек болды өзлеринше " пәмлесип".
Ақыл алып, тынық өскен балаға,
Бул сезилди таслағандай далаға,
Жағдайымды ойладыңыз сау болың,
Деди бирақ: - Мен кетемен қалаға.
Өширмеймен мен үйимниң шырағын,
Қууыраман табан жолдың пырағын,
Тоғыз жылды тамамлайман қалайда,
Кеп тураман жақын қылып жырағын.
Жумыс ислеп үлгеремен бәрине,
Ет үйренген бул өмирдиң зәәрине,
Қайтырыуға урынбаңлар халайық,
Келтирмеймен бир сөзиңди кәриме.
Ересектей кесип айтқан бул гәптен,
Жаға услап, ал биреулер дер:- Әттең,
- Хақ жол тилең, маған сол да жетерли,
Пайдаланып хошласайын бул сәттен.
Қолын жайып көтерди бир ақсақал,
Сөзлерине қосып тилек хәм мақал,
Ерназардай алакөзли мәрт Улым,
Азаматсаң, бәрха солай болып қал.
Жыламады, қысты хәлсиз билегин,
Ата, келсин деди айтқан тилегиң,
Умытпайман ақылыңды хеш қашан,
Сақлайды деп бир мушында жүрегим.
Кетти бәри арқасына қарасып,
Жас балаға жаны ашып тарасып,
Гүбирленди хәр- хәр жерден егилип,
Ақыбети кетсин дейип жарасып.
Жалғыз қалды, босап хәтте қора мал,
Ууысында Ана берген орамал,
Бир ой келмес, басы мең- зең отырды,
Кеуилинде гүдикли көп жорамал.
Көз илмеди, еске түсип барлығы,
Ата- Анасыз бул дуньяның тарлығы,
Сынақ берип сыншыл Тәңир жоллаған,
Бул да оның деп билемен жарлығы.
Таң атқаннан жыйып керек жарағын,
Жолға түсти, билмей қайда барарын,
Бир Алладан сорағаны сондағы,
Табылса деп айтардай жан " қарағым".
Көз илипти, көп жүрген соң "көлиги",
"Усы шығар, деген жер ийт өлиги",
Оянғанда шуулы- шауқым дауыстан,
Сескендирди бәлент үйлер бөлиги.
- Я пийрим! деп жүрди әсте жағалап,
Көрингенди Апа хәм де Ағалап,
Асығыслы адым атқан Адамлар,
Тыңламады буның сөзин "бағалап".
Сол жүргеннен мол жүрип соң диз бүкти,
Тал саясын паналап, қойып жүкти,
Түсингендей болып тәғдир ойынын,
Желкесине түскен салмақты уқты.
Хат- қәлемди танығаны қол келди,
Сүртип жазды, көзден аққан жас селди,
- Таңламайман, қандай жумыс болса да,
Ислеймен деп түрип балақ хәм жеңди.
Қорқыңқырап сәл қалтырап қоллары,
Таныс емес бул қаланың жоллары,
Бир балаға, бир жазыу ға қарасып,
Топырласқан аламан оң- соллары.
Биреу айтты: - Тегин емес бул бала,
Биреу айтты:- Бийкар жаппа деп жала,
Адамларды таң қалдырып болғанда,
Түн қойнына кирди әжайып қала...
{ Заманагөй қысса }
***
Адам билмес не болар күн келеси,
Желе берер екен ўақыт желеси,
Бир жан отыр ақ қағазды шыжбайлап,
Көз алдында муңлы өмир елеси.
Жаза ала ма шын шайырдай ылайық,
Бир шетинен оқып тақат қылайық,
Баян етсин аўыр тәғдир қыссасын,
Күлсе күлип, жыласа бир жылайық...
1
Әйне толғанында он үш жасына,
Бир қыйынлық түсти бала басына,
Аманатын тапсырарда Анасы,
Берген орамалы қалмас қасынан.
Бир туяқтан қалған өзи бир туяқ,
Жүрер жолы болмаса бунша қыяқ,
Кетти және, жүрегиниң жалғызы,
Бар әлемди шым қара реңге бояп.
Ерте есин жыйып қалған қарасаң,
Ойшыл көзлерине сүңгип барасаң,
Бир уах урмай, әттеген-әй деместен,
Бағып көрши, көз жас төкпей жарасаң.
Қоңсы- қоба, жақын- жууық жәмлесип,
"Қойып келди, май күйдирип дәмлесип",
Ал баланы " жетимлердиң үйине",
Бермек болды өзлеринше " пәмлесип".
Ақыл алып, тынық өскен балаға,
Бул сезилди таслағандай далаға,
Жағдайымды ойладыңыз сау болың,
Деди бирақ: - Мен кетемен қалаға.
Өширмеймен мен үйимниң шырағын,
Қууыраман табан жолдың пырағын,
Тоғыз жылды тамамлайман қалайда,
Кеп тураман жақын қылып жырағын.
Жумыс ислеп үлгеремен бәрине,
Ет үйренген бул өмирдиң зәәрине,
Қайтырыуға урынбаңлар халайық,
Келтирмеймен бир сөзиңди кәриме.
Ересектей кесип айтқан бул гәптен,
Жаға услап, ал биреулер дер:- Әттең,
- Хақ жол тилең, маған сол да жетерли,
Пайдаланып хошласайын бул сәттен.
Қолын жайып көтерди бир ақсақал,
Сөзлерине қосып тилек хәм мақал,
Ерназардай алакөзли мәрт Улым,
Азаматсаң, бәрха солай болып қал.
Жыламады, қысты хәлсиз билегин,
Ата, келсин деди айтқан тилегиң,
Умытпайман ақылыңды хеш қашан,
Сақлайды деп бир мушында жүрегим.
Кетти бәри арқасына қарасып,
Жас балаға жаны ашып тарасып,
Гүбирленди хәр- хәр жерден егилип,
Ақыбети кетсин дейип жарасып.
Жалғыз қалды, босап хәтте қора мал,
Ууысында Ана берген орамал,
Бир ой келмес, басы мең- зең отырды,
Кеуилинде гүдикли көп жорамал.
Көз илмеди, еске түсип барлығы,
Ата- Анасыз бул дуньяның тарлығы,
Сынақ берип сыншыл Тәңир жоллаған,
Бул да оның деп билемен жарлығы.
Таң атқаннан жыйып керек жарағын,
Жолға түсти, билмей қайда барарын,
Бир Алладан сорағаны сондағы,
Табылса деп айтардай жан " қарағым".
Көз илипти, көп жүрген соң "көлиги",
"Усы шығар, деген жер ийт өлиги",
Оянғанда шуулы- шауқым дауыстан,
Сескендирди бәлент үйлер бөлиги.
- Я пийрим! деп жүрди әсте жағалап,
Көрингенди Апа хәм де Ағалап,
Асығыслы адым атқан Адамлар,
Тыңламады буның сөзин "бағалап".
Сол жүргеннен мол жүрип соң диз бүкти,
Тал саясын паналап, қойып жүкти,
Түсингендей болып тәғдир ойынын,
Желкесине түскен салмақты уқты.
Хат- қәлемди танығаны қол келди,
Сүртип жазды, көзден аққан жас селди,
- Таңламайман, қандай жумыс болса да,
Ислеймен деп түрип балақ хәм жеңди.
Қорқыңқырап сәл қалтырап қоллары,
Таныс емес бул қаланың жоллары,
Бир балаға, бир жазыу ға қарасып,
Топырласқан аламан оң- соллары.
Биреу айтты: - Тегин емес бул бала,
Биреу айтты:- Бийкар жаппа деп жала,
Адамларды таң қалдырып болғанда,
Түн қойнына кирди әжайып қала...