4
Көп қабарды-аў кеўли шегип ҳазарды,
{Билмей қалдым жазбасты я жазарды},
Биреў келип,биреў кетип атырған,
Бул ялғаншы еслетер бир базарды.
Деген екен Тилеўберген шайырда,
Бир кеп кеткен нағыз тили айырдә!
Жарылардай болды кеўип таңлайы,
Балық яңлы қалып қойған қайырда.
Сол отырғыш болды бүгин "жатағы",
Анық еди ағаштың да батары,
Таң атқанда билди базар жақынын,
Бул шәхәрде бираз шыққан атағы.
Сәтсизликлер тур-аў қастын тигисип,
Жүргенлерге арақ ишип "бөгисип",
Ҳайран болып қарайман деп аңсыздан,
Арбакешке соқлығысты дүгисип.
Киятырған екен аўыр жүк сүйреп,
Бирден соққы берди өгиздей түйреп,
Көзиңе қарасеш!Пош деп айттымғо!!
Тап мендей қапсаң ғой көмирдей күйреп.
Таныспысаң?Бунша түриң ҳаў ысық!
Айдайсаң ба,бир арба бар аўысық?
Дегенинде кетти жүдә сүйсинип,
"Мийримсиз нусқадан,туўры "жаў" ысық"
Қаққанында көрседағы душпандай,
Мирәтинен болды көкке ушқандай,
Сәлемлесип оннан алды жол-жоба,
Ҳадал кәрден нан тапқаның хош қандай!
Устаздай ғамхорлық еткен бул киси,
Сынбайтуғын, жүзде ойнап күлкиси,
Батыр ушын тарыққанда ақылдан,
Болды шын идеал инсан үлгиси.
Төрт киси кирейде жасайды екен,
Күн батқанда зордан босайды екен,
Бирақта тапқанға қәнәәт етип,
Мийнеттен ҳалал ас асайды екен.
Бир ой буның қыялынан кетпейди,
Дүнья қуўсаң кимди гөрқаў етпейди,
Не байлар бар жасқа толы етеги,
Бийғам қам суў ишкениңе жетпейди.
Төрт кирейши айланысып бесеўге,
Көрпе-төсек болсада аз төсеўге,
Татыў жасап,бир қазаннан ас ишти,
Уқсасып тапланған күйик көсеўге.
"Жетпис дәрўиш бир көрпеде уйқлайды,
Еки патша бир елатқа сыймайды",
Деп ҳақыйқат айтқан-аў бир данышпан,
Бириси бириниң кеўлин қыймайды.
Батырға қайырхом болған сол "пири",
Ўақтында жазыўшы болыпты ири,
Оқып берди әжайып зор қосықты,
Қайсыдур гәзийттен күнлерден бири.
Қоя бериң илҳам деген булақты,
Авторы да желдирипти-аў пырақты,
Еситкенге сабақ болар тақыйық,
Келиң сизлерде бир салың қулақты:
МИЙРИМ МЕНЕН ҚАРА ЕРИҢЕ!
...Бизден кетти қоңсылар озып,
Деп зирлеме тилиңнен тозып,
Бендең болсын ҳәўеси қозып,
Мийрим менен қара ериңе.
Бақырғанша ашшы тил менен,
Сөйлегенше ауыр зил менен,
Күлимсире шын кеўил менен,
Мийрим менен қара ериңе.
Не мийнетти етип жүр писип,
Табанлары жарылып исип,
Көгергенше изине түсип,
Мийрим менен қара ериңе.
Ойлайды ол тек саған жақсам,
Басыңа деп алмас таж тақсам,
Ренжиймен сыртыңнан бақсам,
Мийрим менен қара ериңе.
Ақша ушын болып дəрбəдер,
Таң азаннан кетеди бəдер,
Меҳириңнен үздирме гүдер,
Мийрим менен қара ериңе,
Арбасында көп жүк тасыйды,
Қара терден үсти сасыйды,
Аз пул тапса басын қасыйды,
Мийрим менен қара ериңе.
Ол бийшара қарап тесиктен,
Кире алмай турар есиктен,
Жыллы гəпти емес еситкен,
Мийрим менен қара ериңе.
Силикпеси шыққан желиуден,
Тоқта оған азап беруден,
Қышқырасаң кирип келиўден,
Мийрим менен қара ериңе.
Мақул сеннен тиксинбегени,
Иш-ишинен өксинбегени,
Бойға сиңсин ишип-жегени,
Мийрим менен қара ериңе.
Жасағаның жөн шүкир етип,
Бир жетпей, бириси жетип,
Əси болма қаттыға кетип,
Мийрим менен қара ериңе.
Не байлар бар мисли Дара хан,
Күни сеннен-меннен қарақан...
Қустай талпын созып алақан,
Мийрим менен қара ериңе.
Шайтан берип гиж-гиж-ўасўаса,
Жан келиге қамама аса,
Ол сен десин, сен ол деп жаса,
Мийрим менен қара ериңе.
Қоңсы жалғыз кемпирге қара,
Мудам журек-бауыры пара,
Күйеуиңди аяр бийшара...
Мийрим менен қара ериңе.
Сүртип турып көзде жасларын,
Гүңиренен еслеп қостарын,
Өткен жақсы-жаман досларын,
Мийрим менен қара ериңе.
Жеккеликтиң шегип жəбирин,
Ғаррым-аў деп жойтып сабырын,
Күнде қушып қайтар қəбирин...
Мийрим менен қара ериңе.
Қурдас басың болмаса қабақ,
Ал сен оннан өзиңе сабақ,
Қой ўаз айтып турмайын көп ўақ,
Мийрим менен қара ериңе.
Көрмейсеңбе жорам ар-сарын,
Сеннен ыссы ҳәўир аңсарын,
Бир поса бер, умытсын зарын,
Мийрим менен қара ериңе.
Деп соңында жасапты нық жуўмақты,
Маржандай қып дизипти көп шуўмақты,
Жоқ емесқо әдет еткен қатынлар,
Күйеўиниң жағасынан буўмақты...
Көп қабарды-аў кеўли шегип ҳазарды,
{Билмей қалдым жазбасты я жазарды},
Биреў келип,биреў кетип атырған,
Бул ялғаншы еслетер бир базарды.
Деген екен Тилеўберген шайырда,
Бир кеп кеткен нағыз тили айырдә!
Жарылардай болды кеўип таңлайы,
Балық яңлы қалып қойған қайырда.
Сол отырғыш болды бүгин "жатағы",
Анық еди ағаштың да батары,
Таң атқанда билди базар жақынын,
Бул шәхәрде бираз шыққан атағы.
Сәтсизликлер тур-аў қастын тигисип,
Жүргенлерге арақ ишип "бөгисип",
Ҳайран болып қарайман деп аңсыздан,
Арбакешке соқлығысты дүгисип.
Киятырған екен аўыр жүк сүйреп,
Бирден соққы берди өгиздей түйреп,
Көзиңе қарасеш!Пош деп айттымғо!!
Тап мендей қапсаң ғой көмирдей күйреп.
Таныспысаң?Бунша түриң ҳаў ысық!
Айдайсаң ба,бир арба бар аўысық?
Дегенинде кетти жүдә сүйсинип,
"Мийримсиз нусқадан,туўры "жаў" ысық"
Қаққанында көрседағы душпандай,
Мирәтинен болды көкке ушқандай,
Сәлемлесип оннан алды жол-жоба,
Ҳадал кәрден нан тапқаның хош қандай!
Устаздай ғамхорлық еткен бул киси,
Сынбайтуғын, жүзде ойнап күлкиси,
Батыр ушын тарыққанда ақылдан,
Болды шын идеал инсан үлгиси.
Төрт киси кирейде жасайды екен,
Күн батқанда зордан босайды екен,
Бирақта тапқанға қәнәәт етип,
Мийнеттен ҳалал ас асайды екен.
Бир ой буның қыялынан кетпейди,
Дүнья қуўсаң кимди гөрқаў етпейди,
Не байлар бар жасқа толы етеги,
Бийғам қам суў ишкениңе жетпейди.
Төрт кирейши айланысып бесеўге,
Көрпе-төсек болсада аз төсеўге,
Татыў жасап,бир қазаннан ас ишти,
Уқсасып тапланған күйик көсеўге.
"Жетпис дәрўиш бир көрпеде уйқлайды,
Еки патша бир елатқа сыймайды",
Деп ҳақыйқат айтқан-аў бир данышпан,
Бириси бириниң кеўлин қыймайды.
Батырға қайырхом болған сол "пири",
Ўақтында жазыўшы болыпты ири,
Оқып берди әжайып зор қосықты,
Қайсыдур гәзийттен күнлерден бири.
Қоя бериң илҳам деген булақты,
Авторы да желдирипти-аў пырақты,
Еситкенге сабақ болар тақыйық,
Келиң сизлерде бир салың қулақты:
МИЙРИМ МЕНЕН ҚАРА ЕРИҢЕ!
...Бизден кетти қоңсылар озып,
Деп зирлеме тилиңнен тозып,
Бендең болсын ҳәўеси қозып,
Мийрим менен қара ериңе.
Бақырғанша ашшы тил менен,
Сөйлегенше ауыр зил менен,
Күлимсире шын кеўил менен,
Мийрим менен қара ериңе.
Не мийнетти етип жүр писип,
Табанлары жарылып исип,
Көгергенше изине түсип,
Мийрим менен қара ериңе.
Ойлайды ол тек саған жақсам,
Басыңа деп алмас таж тақсам,
Ренжиймен сыртыңнан бақсам,
Мийрим менен қара ериңе.
Ақша ушын болып дəрбəдер,
Таң азаннан кетеди бəдер,
Меҳириңнен үздирме гүдер,
Мийрим менен қара ериңе,
Арбасында көп жүк тасыйды,
Қара терден үсти сасыйды,
Аз пул тапса басын қасыйды,
Мийрим менен қара ериңе.
Ол бийшара қарап тесиктен,
Кире алмай турар есиктен,
Жыллы гəпти емес еситкен,
Мийрим менен қара ериңе.
Силикпеси шыққан желиуден,
Тоқта оған азап беруден,
Қышқырасаң кирип келиўден,
Мийрим менен қара ериңе.
Мақул сеннен тиксинбегени,
Иш-ишинен өксинбегени,
Бойға сиңсин ишип-жегени,
Мийрим менен қара ериңе.
Жасағаның жөн шүкир етип,
Бир жетпей, бириси жетип,
Əси болма қаттыға кетип,
Мийрим менен қара ериңе.
Не байлар бар мисли Дара хан,
Күни сеннен-меннен қарақан...
Қустай талпын созып алақан,
Мийрим менен қара ериңе.
Шайтан берип гиж-гиж-ўасўаса,
Жан келиге қамама аса,
Ол сен десин, сен ол деп жаса,
Мийрим менен қара ериңе.
Қоңсы жалғыз кемпирге қара,
Мудам журек-бауыры пара,
Күйеуиңди аяр бийшара...
Мийрим менен қара ериңе.
Сүртип турып көзде жасларын,
Гүңиренен еслеп қостарын,
Өткен жақсы-жаман досларын,
Мийрим менен қара ериңе.
Жеккеликтиң шегип жəбирин,
Ғаррым-аў деп жойтып сабырын,
Күнде қушып қайтар қəбирин...
Мийрим менен қара ериңе.
Қурдас басың болмаса қабақ,
Ал сен оннан өзиңе сабақ,
Қой ўаз айтып турмайын көп ўақ,
Мийрим менен қара ериңе.
Көрмейсеңбе жорам ар-сарын,
Сеннен ыссы ҳәўир аңсарын,
Бир поса бер, умытсын зарын,
Мийрим менен қара ериңе.
Деп соңында жасапты нық жуўмақты,
Маржандай қып дизипти көп шуўмақты,
Жоқ емесқо әдет еткен қатынлар,
Күйеўиниң жағасынан буўмақты...