Шайыр Крамов Абатбай Телеграм каналы ✍


Kanal geosi va tili: ko‘rsatilmagan, ko‘rsatilmagan
Toifa: ko‘rsatilmagan


Алдыңғы Поэзиялық телеграм канал техникалық себеплерге байланыслы өшип кеткенлиги себепли канал жаңадан шөлкемлестирилди

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Kanal geosi va tili
ko‘rsatilmagan, ko‘rsatilmagan
Toifa
ko‘rsatilmagan
Statistika
Postlar filtri




НЕ ДЕЙСЕҢ?

(Гулзар Қурбанбаеваның "Мен сени излеймен қыялларыңнан" қосығына жуўап қосық)

##Ҳәзил##

Қызыл емес көк көйлегиң унайды,
Жүрегим тек жулдызларды санайды,
Ай күлимлеп нурлы шашын тарайды,
Қыял әлемиңе кирсем не дейсең?

Ақ шағала көлимизден ушпағай,
Ақ қайыңлар аяқларға уқсағай,
Нәпесим ләбиңе тийип қоршағай,
Жасалма дем берсем оған не дейсең?

Жер бетинде маған уқсас бенде жоқ,
Сен дегенде ғыжлап турар тәнде шоқ,
Жүрекке қадалған сенлик келте оқ,
Қыялың ишинде болсам не дейсең?

Үмитиң болайын көзиң аша-ғо,
Көмилген ышқыңды қәне шаша-ғо,
Тасла сүўретимди, мени қуша-ғо,
Қыял теңизиңде жүзсем не дейсең?

Қулағың тут қулағыңа айтайын,
Бахыт күниң болып жане қайтайын,
Жолымыз бир мен өзиңди жойтайын,
Қыялың ишине кирсем не дейсең?

Жүрегиңди жетим етип нетейин?!
Бир сулыўды жалғызлатпай өтейин,
Бир қарашы, дийдарыңа жетейин,
Кыялың ишинде турсам не дейсең?

2022-жыл. 22-июль.

Абат Крамов.

Каналымыз; @Kramov_Abatbay_poeziya




⚘...SAKHRA GULI...⚘ dan repost
# Мен сени излеймен қыялларымнан...

Ақшам жулдыз жымыңласып жатқанда,
Түн көрпесин серпип, таңлар атқанда,
Қызыл көйлек кийип қуяш батқанда,
Мен сени излеймен қыялларымнан!

Айдын көлден ақ шағала ушқанда,
Бийик қайыңларды нәзер қушқанда,
Кең дунья тар болып нәпес қысқанда,
Мен сени излеймен қыялларымнан!

Саған уқсас излеп гездим жер бетин,
Таппадым, умыттым бир де келбетиң,
Еле сол жалғызлық, жүрек сол жетим,
Мен сени излеймен қыялларымнан!

Өшкен көзлеримнен үмитли ушқын,
Жүрекке көмилген таза, сап ышқым,
Жыртық сүуретиңе жан берип қуштым,
Мен сени излеймен қыялларымнан!

Даусың қулағымда қалған емески,
Бахытлы сол күнлер енди дым ески,
Тәғдир тутас жолды еки ге кести,
Енди тек излеймен қыялларымнан!

Гулзар Қурбанбаева ✍
Сахра гүли ⚘ 22.07.2022.


ӨЗБЕКСТАНЫМ.

Жаманлар тек жаман исти көреди,
Аяқ емес тили менен жүреди,
Бурмаланған гәп-сөзлерге ереди,
Қәдириңди биз билдик пе, Ўатаным.

Өзбекстан-бизиң жыллы үйимиз,
Өтмиш бетте қалай болды күйимиз?!
Шалғымасын гәп-сөзлерге мийимиз,
Пүтинликти биз сездик пе, Ўатаным.

Ириткиден сынса егер бесигиң,
Өз үйиңде қулап түссе есигиң,
Мың тилла болар-аў тышқан тесигиң,.
Твнышлықты аңладық па, Ўатаным.

Улы-қыйқыўларда қалса нәрестең,
Ҳаялың, қызларың сениң периштең,
Аға-ини болып күлип көрискен,
Татыў болмай тоңладық-ғо Ўатаным.

Ириген аўызда шириген сөзлер,
Бахытлы заманға ынтығар көзлер,
Келешек әўладқа қалғай сап излер,.
Ўах, өсеклеп қыйнадық па, Ўатаным.

Ертеректе жол таппадық жүрерге,
Жалтаңладық адам таппай ерерге,
Өз үйимде нан таппадық берерге,
Қыйналғанды умыттық па, Ўатаным.

Сибирь бетте шашыраған қанымыз,
Талай азапланған шыбын жанымыз,
Шүкир деймиз дәстурханда нанымыз,
Бизлер сени ойладық па, Ўатаным.

Кемлик, айып излей берсек табылар,
Уға берип кеўил көзи жабылар,
Жақсылыққа жаманлықлар сабылар,.
"Рахмет,"-айтып сыйладық па, Ўатаным.

Шегера артында кимдур аңлыған,
Көз алартып бизди жаў деп таныған,
Ўатан бизди апатлардан қорыған,
Мәгар, қыйнап қоймадық па, Ўатаным.

Билсең, көзим қарашығы-Ўатаным,
Тынышлықтың жарасығы-Ўатаным.
Жаў көзлердиң қамасығы-Ўатаным,
Сөз дизбеклеп жырладық па, Ўатаным.

Тынышлыққа жанын жағар сарбаның,
Қәне ойлан! келмеди ме дәўраның?!
Жуксиз емес келер әне кәрўаның,
Шүкирликти умыттық па, Ўатаным.

Бир жағаға жайғасқанда мойынлар,
Интернетте даналықты қойыңлар!
Бизге өтпес анаў,-мынаў ойынлар,
Биз бирликтен жаралдық-ғой Ўатаным.

Урыс,-қағыс керек емес бизлерге,
Ерме болып ере бермең сөзлерге,
Тынышлық сөзи бар қараң, көзлерде,
Бизлер тойып секирдик пе, Ўатаным.

Ахмақлар ол былғар үйин тепкилеп,
Иритки дорбасын төгер силкилеп,
Пикирлер дүньясын турғыл сүргилеп,
Бейишим, жәннетим Өзбекстаным.

2022-жыл. 14-апрель.

Абат Крамов.
Каналымыз; @Kramov_Abatbay_poeziya


Шайыр Крамов Абатбай Телеграм каналы ✍ dan repost
ҚАСҚЫРЛАР УЛЫР.

Қыял теңизимде кеўил тоғайы,
Бир әжеп сезимлер қыйнар удайы.
Тилинде, кеўлинде жалғыз қудайы,
Қалың тоғайыма келесең бе, айт?

Қуяш нурларын да көре алмайсаң,
Шырмаўық шырмалып жүре алмайсаң,
Қыялың изине ере алмайсаң,
Бул тоғай сырларын билесең бе, айт?

Кеўил әндийшели, кеўил түнлери,
Қулазып айныйды усы күнлери,
Азайып кеткендей шадлы демлери,
Кеўил былғасығын сезесең бе, айт?

Кеўил тоғайымда қасқырлар улыр,
Тоңлаған қыяллар қалайша жылыр,
Тырмалап, қаңсылап етимди сылыр,
Мениң бул ҳалымды көресең бе, айт?

Қалың тоғайларда адасып кеттим,
Омбалап, сүрнигип қайларға жеттим,
Қурынып, көз жумып жыллардан өттим,
Мениң тоғайыма киресең бе, айт?

Шеңгеллер тырмалар тула бойымды,
Байыўлы, Үкилер бузар ойымды,
Тоғайлық көрсетпес толы айымды,
Кеўилим тикенлерин тересең бе, айт?

Сағаллар улысар жаным үркитип,
Қорқыныш басады жүрек силкитип,
Жанымды қойғандай мәзи илгитип,
Сол тоғай ишинде жүресең бе, айт?

Қасқырлар жулмалар сорлы денемди,
Қышқырсам муң басар менсиз әлемди,
Өзиңе беремен топыр қәлемди,
Мени қосық қылып жазасаң ба, айт...?

2022-жыл. 25-июнь

Абат Крамов.
Каналымыз;, @Kramov_Abatbay_poeziya




Ассалаума алейкум азийз поэзия шайдалары!




Ҳүрметли канал ықласбентлери, бәршеңизге мәлим биз сизлер менен биргеликте ири белгили шайырлар өмирин ҳәм дөретиўшилигин үйренип киятырған едик.
Ядыңызда болса бир рус, бир түркий шайырларды биргеликте үйренген едик.
Пастернак, Лерментов, Гоголь, Насимий, Фузулий, Низамийлерди үйрендик.
Бүгинги гезек Рус шайыры дүньның уллы шайыры Александр Сергеевич Пушкинди үйренемиз.
Пушкинниң поэзия бағына хош келипсиз
@Kramov_Abatbay_poeziya


Ҳүрметли поэзия шайдалары, канал ықласбентлери!,
27-июнь күни аяқтын сан сүйек уршық басының орнына эндопротез қойыў операциясын басымнан өткердим.Мен тәжирийбели хирург травмотолог Рустем Бегалиевке рахмет айтаман.
Соның менен бирге бул операцияны бийпул ислетиў имканиятын бергенлерге рахмет айтаман.


Аллах өзи яр болсын! Бәршеңизди айтқан жақсы нийетлериңиз қабыл болғай.

Операция сәтли өтти. Жағдайы жақсы.


Әкемиз операция столында. Алладан шыпа сорап, аман сау кутылыуына тилеклес болыуынызды кәлер едим.

А. Зияев


Белоруссияда жүрген Қарақалпақ қызы Гүлзарға қосық ушын рахмет айтаман


⚘...SAKHRA GULI...⚘ dan repost
Абат Крамовтың " Қасқырлар улыр"
қосығына жууап тәризинде жазылды:

Тоғайыңды көзим шалар алыстан,
Силкинемен еситкен хәр дауыстан,
Самал ға айланып, сулыу тауыстан,
Екиленбей жаныңа мен барар- ем!

Қуяш сол, теңгедей түсседе шуғла,
Мейли қайылман мен денемди тығла,
Бир сәт тыным тауып, қулақ сал тыңла,
Сыр бермей сыртлан ға, алып шығар- ем!

Кеуил жақынлығы бәрин сездирер,
Қаңғыған қыяллар уйқы бездирер,
Хәр "ух" тартқаның жүрек ездирер,
Муңлы демлериңе дәрман болар- ем!

Қызыл қумлар табанымды қууырып,
Жетсем екен, мен өзиңе жууырып,
Қансыратқан сол шөбирди сууырып,
Дәри- мәлхам сүртип, әсте алар- ем!

Адассаң, бир пери болып жол силтер,
Ғайыптан пайда қылып, қырық шилтер,
Бахыт қулпын ашар, услатып гилтлер,
Жап- жарық шууаққа, алып шығар- ем!

Тырнаған тикенди түбинен жулып,
Өртеп боп, күлинен қылар- ем тулып,
Байыулы, үкиге урғызып қулып,
Сол торды тамаша қылған болар- ең!

Сағаллар сыңсысын, айбатың көрип,
Тик қарап турғайсаң, көкирек керип,
Саған дәлде болып, барымды берип,
Сол тоғай ишинде жүрген болар- ем!

Қасқырлар қаймықсын, қырғый көзиңнен,
Бийнесип қылмағай, Тәңир төзимнен,
Ақ парақты қаралатып сөзиңнен,
Жазар болсаң, сыя малып берер- ем!
Сениң ушын, қуслардан пәр терер-ем!

Гулзар Қурбанбаева ✍
Сахра гүли ⚘ 25.06.2022.


Крамов Абатбай ✍ dan repost


Пикирлер dan repost
Шайыра Зульфия Жийемуратова


Пикирлер dan repost


Зульфия dan repost
Абат Крамовтың
"Қасқырлар улыр"
қосығына жуўап.

Ҳужжетли фильмди көргендей болдым...
Эҳ шайыр, сен неден соншалық толдың?
Шырмаўық шырмалып бийҳал турыпсаң,
Бас ийип шыңында бул өмир жолдың.

Келди көз алдыма қасқыр, ҳәмлеси,
Мениде ғажыған түссиз "шәрпе"си,
Сол тоғайзарлыққа от қойып кеттим,
Бирге отта жанды ҳәмме-ҳәммеси.

Сценарий жазған бир режиссёр дәли,
Итибар қаратпа, жоқ оннан мәни,
Жүректи қолыңа алып жүгир дер,
Ушсын дер актёрдың ҳуўыш, ақыл-аңы.

Қыял тоғайыңнан шығаман алып,
Жердиң туп-тубинде болса да барып,
Қолыңа "үмит"деп жазылған шырпы,
Беремен бир от қой! кетсин-дә жанып.

Исен...сен күшлисең, олар бир елес,
Қанша улымасын,ҳақыйқый емес,
Журегиң, жаның кушли, ҳәмде қәлемиң,
Шайыр сени күтер, Парнастай белес.


Зульфия Жийемуратова.


Ҳәўескерлер илҳамы" китабында (альманах) 1,-китабында 5 қосық,
2-китабында 5 қосық жәрияланған болса, 2020-жыл
"Қарақалпақстан" баспасынан "Япырмай", 2021-жылы "Авангард баспасы" нан "Кең дала" атлы китапларым шықты.
Алдағы ўақытта 151 қосығым баспадан шығыўын күтип жатыр.

Китапқа кирмеген қосықлар дизими.

1.Қолын былғар.
2.Батырлар геллеси кеткен дорбада.
3.өт.
4.Жаслығымыз жоқ.
5.Шайыр қыялы.
6.Жаным.
7.Аўылласым.
8.Сәўер яр.
9.Қанлыкөл.
10.Шабазым.
11.Қарақалпағым.
12.Атам Крам қазының айтқанлары.
13.Берермекен
14.Бәҳәрим.
15.Дәўлетиң барында.
16.Қарындасыма.
17.Байрағым.
18.Жубыңды тап.
19.Сары палаў.
20.Халқым-ай.
21.Көрип қалдым.
22.Ўатан шақырығы.
23.Таппадым сени.
24.Ертип баратыр.
25.Айтпа.
26.Анам мениң.
27.Ойлаған едиң.
28.Теберик сезим.
29.Мен.
30.Балалығым.
31.Әжапаларым.
32.Әмиудәрья уллары.
33.Сениң аўылыңның өттим жолынан
34.Суйдик хәм сүйилдик.
35.Қәдирдан елим.
36.Қутлыаяқ.
37.Қарақалпағымсаң-тамырда қаным.
38.Келе беремен.
39.Қосықларым кеўилиме өгей
40.Адамзат.
41.Сағынып жүрмен.
42.Поэзия ықласбентине.
43.Халқым.
44.Жасағым келди.
45.Бәҳәрди көргенлер бар ма?!
46.Әзирейил.
47.Таң.
48.Сыртымыз бек...
49.Қуяш.
50.Қанлыкөлиме.
51.Қәлбим таза.
52.Келгил сен.
53.Қайда кеттиң.
54.Той тойла.
55.Ўатаным.
56.Бүлбил.
57.Мениң сөзим
58.Гүз.
59.Ана тилиме.
60.Қосық китаплары.
61.Қоңсы қыз.
62.Муҳаббат болмағай қөдирең.
63.Кеўлим-ай,кеўлим.
64.Мени де тыңла!
65.Перзент нәлше.
66.Сезимлер.
67.,Сөзлерим-әй.
68.Бир күн.
69.Қыс киятыр.
70.Өзим ҳаққында сөз.
71.Тыңла мени.
72.Батырлар ели.
73.Қыяметим келсе бир күн
73.Көргим келер.
74.Мен самалдың баласыман.
75.Бахыт бергил...
76.Ашық дәртлесиў ...
77.Сенсиз жетим қалды қосықлар ели.
78.Мен сизди жаным.
79.Шынқобыз.
80.Қара жорға.
81.Қанлыкөлим-ана диярым.
82.Сары жапырақлар.
83.Ашық болғым келер.
84.Бир сулыў қыз киятыр.
85.Жетким келеди.
86.Тереземниң алдынан.
87.Омыраў.
88.Ишки дебдиў.
89.Әрман.
90.Лапызың сениң.
91.Ана ўатан.
92.Қосығымның ишинде.
93.Ханның қызы.
94.Қарақалпағымсаң,жанымсаң.
95.Балалықты еслеп.
96.Өзимнен безип жазар екенмен.
97.Шығысқа жетермен.
98.Қурқылтай.
99.Балалықты сағынар едим.
100.Жаңла гимним.
101.Дослық сәлеми.
102.Күтиўден шаршама.
103.Шегарашыға.
104.Бәҳәрди сағынғанман.
105.Гейпаралар...
106.Мине.
107.Қутлықлаў (Рашидке арнап)
108.Шайыр сөйлер тили болар елиниң.
109.Өзиңсең ҳаял.
110. Жоқсыз әкежан.
111.Қараң,Алакөздиң әру‌ағы келер.
112. Тыңла Өжет.
113.Сәўбет.
114.Деседи.
115.Ҳаял келеди.
116.Төрт дийўал.
117.Керек деп турман.
118. Қосығым-әй.
119.Туўылған жер "Жаңа-қала"м.
120.Қыяллар.
121.Қырғыз елине.
122. Төри қәне.
123.Ўатаныма.
124.Бүркитпен.
125.Умытпадық.
126.Не болды.
127.Өтмиштен бир елес.
128.Афған баласына нан бериң!!
129.Бир әлем болса.
130.Қырғыз қызларына.
131.Қарақалпақ елине.
132.Сыртымыз ҳәм ишимиз.
133.Бөрте ханым.
134.Мениң ярым Мәскеўде.
135.Ишитарлық.
136.Алаўызлық.
137.Сатаман, аламан.
138.Узын жол.
139.Сен теберик қасийетли МӘКАНЫМ.
140.Көл бойында ...
141. Бийлей берер.
142. Тыңла достым.
143.Бахтымды...
144.Жайнатайын бир.
145. Кеўилим дүбирлейди.
146.Лалазар журтында жасаймыз.
147.Қарындастың айралық хаты.
148. Ызғырық.
149.Бүгинги азан.
150.Сорлы қосықлар.
151.Қасқырлар улыр.

@Kramov_Abatbay_poeziya

20 ta oxirgi post ko‘rsatilgan.

202

obunachilar
Kanal statistikasi