#Нызамшылықтағы_жаңалықлар
✅Түнги ўақытта жумыс алып баратуғын улыўма аўқатланыў кәрханалары ҳәм кеўилашар объектлерде жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында Ҳүкимет қарары қабыл етилди (624-санлы 24.07.2019ж.)
✅Қарарға муўапық, 2019-жыл 15-октябрьден баслап улыўма аўқатланыў кәрханалары ҳәм кеўилашар объектлер төмендеги талаплар орынланғанда ғана күни-түни жумыс алып барыўы мүмкин:
👉көрсетилген объектлердиң ишки бөлимине, соның ишинде, хызмет көрсетиў бөлмелери, кириў ҳәм шығыў орынларына көринисти кеминде отыз күн даўамында сақлаў имканияты болған видеобақлаў системасын орнатыў;
👉имаратлардың әтирапын, автостоянка ҳәм басқа да тийисли аймақты жетерли дәрежеде (кеминде 10 метр аралықта) жақтыландырыў;
👉имаратта шаўқым нормаларына қойылған талапларға әмел етиў ямаса түнги ўақытта музыка ҳәм даўысты күшейтетуғын әсбаплардан пайдаланбаў;
👉өрт өшириў қураллары ҳәм медициналық жәрдем қутышалары менен тәмийинлеў;
👉ҳәмме ушын көринетуғын жерлерге эвакуация сызылмасы және оператив ҳәм қутқарыў хызметлериниң телефон номерлери ҳаққында мағлыўматлар орнатыў.
✅Көрсетилген объектлердиң басшысы усы талаплардың орынланғаны ҳаққында аймақлық ишки ислер уйымларына мағлыўмат усынады.
✅Талапларға әмел етпеген ҳалда түнги ўақытта жумыс алып барыў қадаған етиледи ҳәм тийисли тәртипте жуўапкершиликке себеп болады.
✅Талаплар шеңберинде түнде ислейтуғын усы объектлердиң жумысына ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепинен араласыў қадаған етиледи.
✅Усы объектлер тәрепинен қарардың талаплары бузылса ямаса жәмийетшилик тәрепинен турақлы шағымлар түссе тийисли ҳәкимликлер тәрепинен олардың түнги ўақытта жумыс алып барыў ҳуқықы бийкар етилиўи мүмкин.
✅Түнги ўақытта жумыс алып баратуғын бундай объектлер жайласқан жөнелислерде патруль топарлары тәрепинен турақлы қадағалаў орнатылады.
Бул қарар рәсмий жәрияланған күннен баслап үш ай өткеннен кейин күшке киреди
Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme