ШЕРИКЛИК МЕМОРАНДУМЫНА ҚОЛ ҚОЙЫЛДЫ🟣
Өзбекстан “Адолат” СДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси менен Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги арасында шериклик ҳаққындағы меморандум дүзилди.❇️Бул меморандумныӊ тийкарғы мақсети – мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў системасын жетилистириў, тараў хызметкерлериниң жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыў, ҳуқықларын қорғаў ҳәм нызамлы мәплерин сәўлелендириўде жәрдемлесиў, билимлендириў тараўын жаңа инновациялық идеялар тийкарында раўажландырыўды, қоллап-қуўатлаўға тийисли нызамшылық ҳүжжетлерин жетилистириў бойынша биргеликте усыныслар ислеп шығыўдан ибарат.
❇️Соныӊ менен бирге, сайлаўлардың барлық басқышларында билимлендириў тараўы ўәкиллериниң белсене қатнасыўын тәмийинлеў, жәмийетте билимлендириўдиң барлық басқышлары бойынша үгит-нәсиятлаў жумысларын алып барыў, халықтың бийпул билим алыў ҳуқықларын қорғаў бойынша ҳуқық-қорғаў уйымлары менен өз-ара шерикликте жедел қатнасты жолға қойыў илажларын көриў болып есапланады.
❇️Ушырасыў соңында тәреплер тараўға тийисли бир қанша жойбарларды әмелге асырыў бойынша келисип алды.
Каналымызға ағза болың 👇 https://t.me/bilimlendiriwpress