2020-жыл 6-апрель саат 09:00 ҳалатында Қарақалпақстан Республикасында коронавирусқа шалынған еки наўқас анықландыНөкис қаласында жасайтуғын бир ер адам ҳәм оның анасы «COVID-19» инфекциясына гүманланып, Республикалық жуқпалы кеселликлер емлеўханасына жатқарылған. Анықланыўынша ер адам жумыс бабында 14-март күни Ташкент қаласында болған. Олардан тийисли анализлер алынып, Республика санитария-эпидемиология тынышлығы орайының вирусология лабораториясына ҳәм Ташкент қаласындағы Вирусология илимий-әмелий тексериў институтына жиберилген.
2020-жыл 5-апрель сәнесинде түнде анализ нәтийжелери усы еки пуқарада коронавирус кеселлиги бар екенлиги тастыйықлады.
Усы еки пуқарада вирусқа гүман болыўдан дәрҳал олар менен тығыс қатнаста болған адамлар эпидемиологиялық тексериўге алынып, олар да карантинге алынды.
Ҳәзирги пайытта усы еки пуқара Республикалық жуқпалы кеселликлер емлеўханасында емленбекте. Олардың жағдайы орташа дәрежеде.
Пурсаттан пайдаланып, журтласларымызға айтпақшы болғанымыз – усындай қыйын ҳәм жуўапкерли күнлерде шыпакерлер талапларына ҳәм санитария-эпидемиологиялық тынышлық тәртиплерине әмел етиў жүдә әҳмийетли ҳәм шәрт. Тәртип күшейттирилген дәўирде көшеде жүргеннен көре, үйде қалыў оғада зәрүр. Буның менен тек ғана өзиңизди, сондай шаңарағыңызды, журтымызды ҳәм жәмийетимизди коронавирус бәлесинен асырыўға өз үлесиңизди қосқан боласыз.
Дерек: ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги мәлимлеме хызмети
@qrdssm