Жаңа сан бет ашарынан «Драматургия» рубрикасы орын алған болып, онда сиз Қарақалпақстан халық шайыры К.Каримовтың қәлемине тийисли «Бердақ» драмасы менен танысыўыңызға болады. Қосық қатарлары менен жазылған шығарма уллы бабамыз Бердақ шайыр өмириниң соңғы дәўиринде болып өткен тарийхый ўақыяларға тийкарланған.
Баслым бетлеринде турақлы нәзериңизге усынылып киятырған «Проза» рубрикасында болса жазыўшы Б.Ерназаровтың «Керек адам» повестиниң даўамын ҳәм Б.Бекмуратовтың «Жағыстағы жынаят» романынан үзинди оқыўыңызға болады. Сондай-ақ, журнал бетлериндеги «Поэзия» рубрикасы менен Сизге Қарақалпақстан халық шайыры Х.Дәўлетназаровтың қоршаған орталығымыз, Ана-Тәбиятымызға бағышланған «Аспан, Аспан!..» поэмасы усынылмақта.
«Әдебият ҳәм илим» рубрикасының гезектеги санында Сиз филология илимлериниң докторы, профессор, Қарақалпақстан халық жазыўшысы, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты К.Алламбергеновтың «Едиге – Қарақалпақ халқының миллий қаҳарманы» илимий мақаласы ҳәм «Едиге» тарийхый көркем эссеси, сондай-ақ, филология илимлериниң кандидаты, Қарақалпақстан халық жазыўшысы А.Әбдиевтиң быйыл 70 жасқа толып атырған юморист-жазыўшы ҳәм драматург Сайлаўбай Жумағуловтың өмири ҳәм дөретиўшиигине бағышланған «Шаққы тили юморист» мақалалары менен оқып танысыўыңызға болады.
Журналдың бул санынан «Тарийх. Пикир. Усыныс» рубрикасы да орын алған болып, онда Сиз оқыўшыларды Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының әдебий мәсләҳәтшиси Сейдин Әмирланның исми аңызларға айланған қарақалпақ ерлериниң бири Сағындық батыр ҳаққындағы «Сағындық батыр ҳәм тарийх зерпарақлары» атамасындағы қызықлы тарийхый дәреклер күтпекте. Соның менен бирге, «Пәлек гәрдиши» рубрикасы менен усынылып атырған Нуралы Қабул авторлығындағы «Сталиннен Саддамға шекем» атлы роман-памфлет те Сиз оқыўшыларды бийпарқ қалдырмайды.
Журнал бетлериндеги рәң-бәрең рубрикалар қатарынан турақлы түрде орын алып киятырған «Көркем өнер» рубрикасынан болса театр сыншысы, драматург, Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалының аға оқытыўшысы Ж.Хожановтың Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен көркем өнер ғайраткери, белгили режиссёр Б.Утебаевтың дөретиўшилигине бағышланған «Режиссура – бул, театр арқаўы» ҳәм усы филиал оқытыўшысы М.Юсупбаевтың белгили актриса С.Алламуратованың өмири ҳәм дөретиўшилигине бағышланған «Сахна шебери» мақалалары менен оқып танысыўыңыз мүмкин.
Усы жерде редакция жәмәәтиниң журнал муқабаларынан да нәтийжели пайдалана билгенин көриўимизге болады. Онда быйыл туўылғанына 80 жыл толып атырған Қарақалпақстанға мийнети сиңген мәденият хызметкери, шайыр ҳәм журналист Сағын Зыяўовтың дөретиўшилик портрети ҳәм художник Б.Серекеевтиң рәң-бәрең дөретпелери орын алған.
Жуўмақлап айтқанда «Әмиўдәрья» журналының 2021-жылғы 1-санында жәрияланған жоқарыда атап өтилген шығармалар көпшилик оқыўшылардың дийдинен шығады, – деп ойлаймыз.
Ч.Елмуратов
Канал 👉
@charjau_elmuratov