# Хәр күним имтихан, хәр кимим Устаз...
Таң атса басланар өмир имтихан,
Сораулар шешимин табар ақырын,
Хәр кимим Устаздай алдымнан шыққан,
Сынайды билимим жат хәм жақыным.
Дунья дигиршиги айланар тынбай,
Барады инсаният қыйлы жоллардан,
Бирде даурық салып, ал бирде жымдай,
Азар- безери де тутып қоллардан.
Қыйынлық келгенде шыдатып төзим,
Уәдесин бежерген, шадлық соңында,
Хәр күни имтихан тапсырған өзим,
Суудан шығып, тапланғанман шоғында.
Қәтесиз жууаплар болғанда егер,
Өширгиш болмас- ед тахта қасында,
Устаз көп хәр түрли сабақ өткерер,
Тап сондай хәр күнги имтиханың да.
Таң атса басланар өмир имтихан,
Сораулар шешимин табар ақырын,
Хәр кимиң Устаздай алдыңнан шыққан,
Сынайды билимиң жат хәм жақының.
Гулзар Қурбанбаева ✍
Сахра гүли ⚘ Темаға:
20.10.2022.
@sakhraguli0304
Таң атса басланар өмир имтихан,
Сораулар шешимин табар ақырын,
Хәр кимим Устаздай алдымнан шыққан,
Сынайды билимим жат хәм жақыным.
Дунья дигиршиги айланар тынбай,
Барады инсаният қыйлы жоллардан,
Бирде даурық салып, ал бирде жымдай,
Азар- безери де тутып қоллардан.
Қыйынлық келгенде шыдатып төзим,
Уәдесин бежерген, шадлық соңында,
Хәр күни имтихан тапсырған өзим,
Суудан шығып, тапланғанман шоғында.
Қәтесиз жууаплар болғанда егер,
Өширгиш болмас- ед тахта қасында,
Устаз көп хәр түрли сабақ өткерер,
Тап сондай хәр күнги имтиханың да.
Таң атса басланар өмир имтихан,
Сораулар шешимин табар ақырын,
Хәр кимиң Устаздай алдыңнан шыққан,
Сынайды билимиң жат хәм жақының.
Гулзар Қурбанбаева ✍
Сахра гүли ⚘ Темаға:
20.10.2022.
@sakhraguli0304